Өзбекстан футболы ушын бул тарийхый ўақыя болып есапланады: Өзбекстан сайланды командасы өз тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди ҳәм бүгин ЖЧ-2026 топар басқышында өз қарсыласларын билип алады.
АҚШ, Канада ҳәм Мексикада биринши мәрте өткерилетуғын 2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионаты алдынан Америка Қурама Штатлары ықласбентлерге визалар өз ўақтында берилиўин тәмийинлеў мақсетинде коньсуллық инфраструктурасын сезилерли дәрежеде күшейтти.
Усы жылдың 10-17-ноябрь күнлери Испанияның Памплона қаласында трамполин бойынша ҳәр қыйлы жас категориялары арасында жәҳән чемпионаты болып өтти. Өзбекстан сайланды командасы жарыста табыслы қатнасып, 4 медаль - 2 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизди.
Таэквондо WТ бойынша Қытайда болып өтип атырған жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы алтын медалды қолға киргизди.
Сербияның Нови-Сад қаласында спорт гүреслери бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында жәҳән чемпионаты жуўмақланды. Жарыстың соңғы күнинде тәжирийбели еркин гүресшилеримизден бири Умиджон Жалолов 65 килограммға шекемги салмақ категориясында гүмис медалды қолға киргизди.
Қытайдың Уси қаласында Таэквондо (WТ) бойынша жәҳән чемпионаты даўам етпекте.
Сербияның Нови-Сад қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты даўам етпекте.
Сербияның Нови-Сад қаласында спорт гүреслери бойынша 23 жасқа шекемги (U-23) спортшылар арасында жәҳән чемпионаты даўам етпекте. Екинши жарыс күни грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы еки сыйлы орынды ийеледи.
Усы жылдың 24-30-октябрь күнлери Қытайдың Уси қаласында таэквондо WТ бойынша жәҳән чемпионаты болып өтеди. Жәҳән чемпионатының сыйлықлары ушын 154 мәмлекеттен келген спортшылар, соның ишинде, ўатанласларымыз да беллеседи.
Египеттиң Каир қаласында пара пауэрлифтинг бойынша 8 күн даўам еткен жәҳән чемпионаты жуўмақланды. Өзбекстан спортшылары бул жарыста рекорд нәтийже менен қатнасып, соңғы күнде және еки сыйлы орынды қолға киргизди.