“Reuters” агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда,
ҳәзирги ўақытта региондағы өртлер нәтийжесинде 600 ге шамалас объект, соның
ишинде, турақ жайлар ҳәм кәрханалар жоқ етилген. Улыўма, өрт майданы 250 мың
гектардан асламды қурамақта.
Спокан районындағы үш өз алдына ошақтан ибарат өрт алдын эвакуация
илажлары жәрияланған елатлы пунктлерге қәўип салмақта. Өрт өшириў хызмети
баслығы Спокан Том Уильямстың атап өтиўинше, тәбийғый апатшылыққа қарсы гүресиў
ушын Миллий гвардия күшлери, сондай-ақ, оннан аслам штатлардың өрт өшириў
бөлимлери тартылған.
Өзбекстан Республикасының Сиэтл қаласындағы Бас консуллығы Вашингтон
штаты ҳәкимияты менен турақлы байланыста болып, жағдайдың раўажланыўын бақлап
бармақта.
Дипломатиялық
ўәкилхананың мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақыттағы мағлыўматларға бола, тоғай
өртлери ақыбетинде жәбирленгенлер арасында Өзбекстан пуқаралары жоқ.
Бас консул Аҳрор
Бурҳонов өрттен зыян көрген аймақлардағы Өзбекстан пуқараларын қәўипсизлик
илажларына әмел етиўге, жергиликли ҳәкимият ҳәм айрықша жағдайлар хызметлериниң
усынысларына әмел етиўге шақырды.
Айрықша жағдай
жүзеге келгенде ямаса консуллық жәрдемин алыў зәрүрлиги туўылғанда пуқаралар
Өзбекстанның Сиэтл қаласындағы Бас консулханасына + 1 (206) 529-7417 телефоны
арқалы мүрәжат етиўи мүмкин. Линия күни-түни, дем алыс күни ислемейди.