Мәресим орны Нью-Йорктағы ең белгили ҳәм дүнья финанс орайының символы болған атақлы Уолл Стрит көшеси болды. Мине, усы жерде, Төменги Манхеттенниң дәл ортасында мәмлекеттиң тийкарғы мәмлекетлик байрамы күнлеринде Өзбекстанның Мәмлекетлик байрағы салтанатлы түрде көтерилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Мәресимде Өзбекстанның БМШтағы турақлы ўәкилханасының ўәкиллери, Нью-Йорк қаласындағы Бас консуллығының хызметкерлери, өзбек диаспорал шөлкемлериниң басшылары ҳәм белсендилери, ўатанласларымыз, сондай-ақ, қаланың басқа да миллий жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан мәмлекетлик гимни ҳаўазлары астында Нью-Йорк қаласының ең белгили орынларының бири үстинде мәмлекетлик байрақ салтанатлы түрде көтерилди. Илаж Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы белгиленип атырған күнлерде өткерилгени оның рәмзий мәнисине айрықша әҳмийет бағышлады.

Мәресимниң даўамы сыпатында өзбек миллий намалары жаңлап, Өзбекстанның бай мәденияты ҳәм дәстүрлери менен таныстырыўшы дәстүрий аяқ ойынлар атқарылды.

Байрам Нью-Йорк халқы ҳәм көплеген мийманларда айрықша қызығыўшылық оятты. Жолаўшылар тоқтап, ўақыяны бақлап, қатнасыўшылардың қасына барып, Өзбекстан ҳәм илаждың өткерилиў мүнәсибети менен қызықсынды. Көпшилик байрамға қосылып, ўатанласларымыз бенен бирге өзбек музыкасы астында аяқ ойынға түсип, сүўретке түсти. Қатнасыўшыларды алдынан өтип баратырған автомобиль басқарыўшылары даўыслы сигналлар менен күтип алды.

Илажда шығып сөйлегенлер Өзбекстанның ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлери, мәмлекеттиң халықаралық абырайының беккемленип атырғаны, Өзбекстан - АҚШ қатнасықларының избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Миллий мәдениятты ғалаба ен жайдырыў ҳәм Америка жәмийетшилиги менен дослық байланысларын беккемлеўде АҚШта жасап атырған ўатанласларымыздың ролине айрықша итибар қаратылды.

Өзбек диаспорасы ўәкиллери Ғәрезсизликтиң 35 жыллығы күнлеринде Нью-Йорк қаласында Өзбекстан Мәмлекетлик байрағының көтерилиўи олар ушын айрықша ўақыя болғанын, ўатанласларымызды бирлестиргенин ҳәм қала халқы менен биргеликте Ўатанымыздың тийкарғы мәмлекетлик байрамының кейпиятын бөлисиў имканиятын бергенин атап өтти.