Кейинги жылларда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжесин бүгин көпшилик өз турмысында сезинбекте. Ең әҳмийетлиси, машқала жасырылмай, ашық тән алынды. Әмелий нәтийжелерди санлар да тастыйықлайды. Кәмбағаллық дәрежеси 2017-жылдағы 35 проценттен 4 процентке түсти. Бул шаңарағына берекет кирген ҳәм турмысы жақсыланған 10 миллион инсанның разылығы ҳәм қәтержамлығы болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысының басшылығында 3-сентябрь күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде де бул мәселеге айрықша итибар қаратылды. Жылдың басында кәмбағаллық дәрежеси 5,8 процент болып, жәрдемге мүтәж халық саны 2 миллион 200 мыңды қураған еди. Бүгин жәрдемге мүтәжлер саны 1 миллион 500 мыңға түсти. Өзгерислер турмысы жеңиллескен, мийнетине сүйениш тапқан, руўзыгершилигине пайыз кирген жүз мыңлаған инсанлардың тәғдиринде сәўлеленбекте. Жумысты дурыс шөлкемлестирген 49 район ҳәм 3429 мәҳәллениң жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланып баратырғаны өз мийнети ҳәм қәбилети менен турмысын жақсылаў ушын имканиятты кеңейтиў идеясы барған сайын терең тамыр жайып атырғанын көрсетеди.
Экономикалық имканиятты жаратыўдың өзи еле нәтийже дегени емес. Оны дурыс бағдарлаў, инсанды оған таярлаў ҳәм басланған исти ақырына жеткериў де әҳмийетли. Аймақларда соңғы бир жылда шөлкемлестирилген 86 мың киши кәрхананың 15 мыңы, яғный 17 проценти жумысын тоқтатқаны усы ҳақыйқатты ойлаўға мәжбүр етеди. Банктен кредит алып өз бизнесин жолға қоя алмаған 62 мың пуқараның қарызын қайтарыўда қыйналып атырғаны болса мәселениң және бир аўыр тәрепин көрсетпекте. Демек, инсанға қаржы бериў менен ис питпейди. Оған қайсы исти баслаў, базарды қай жерден табыў, өнимин қалай сатыў, дәраматты қалай көбейтиўди де үйретиў керек.
Енди тийкарғы итибар қаржыны ажыратыўдан гөре, оны инсан ушын турақлы дәрамат дәрегине айландырыўға қаратылмақта. Шаңарақлық ҳәм жаслар исбилерменлиги ушын жеңиллетилген кредитлерди басқарыў ўәкиллиги районлық штабларға бериледи. Кредиттиң муғдары, оны нақ ямаса нақ емес ажыратыў, қайтарыў мүддети ҳәм төлеў графиги бизнестиң өзгешелигине қарап белгиленеди. Айтайық, мәўсимлик дәрамат алатуғын дийқан менен ҳәр айда пул айланысы болатуғын хызмет көрсетиўши исбилерменниң қарызды қайтарыў имканияты ҳәр қыйлы. Жаңа тәртип мине усы айырмашылықты есапқа алыўға шараят жаратады.
Районлардың ықтыярына берилген қаржы салмақлы: шаңарақлық исбилерменлик ушын 1 триллион 370 миллиард сум, жаслар исбилерменлиги ушын 450 миллиард сум ресурс бар. Кәмбағаллық қорынан 240 миллиард, Бәнтлик қорынан 100 миллиард, үш "дәптер"ден 760 миллиард сум ҳәм компенсациялар ушын 300 миллиард сум қаратылады. Жәми 3 триллион 200 миллиард сум районлардың ықтыярында болады. Енди тийкарғы жуўапкершилик те усы жерге көшеди: қаржы берилген бе, кейинги сораў жойбар ислеп атыр ма, инсан дәрамат таўып атыр ма, кредитти қайтарыў имканияты бар ма, деген мәселелерге барып тақалады.
Жаңа механизм исбилерменликти жеке ҳәрекеттен бирге ислесиўге алып шығыўды да нәзерде тутады. 10 шаңарақ пенен кооперация ислеген лидер исбилермен 500 миллион сумға шекем, 100 шаңарақ пенен ислеген исбилермен 5 миллиард сумға шекем гиреўсиз кредит алыўы мүмкин. Мәселен, бир исбилермен өним сатыў, шийки зат жеткерип бериў ямаса таяр өнимди қабыллаў системасын жолға қойса, онлаған шаңарақлар ушын турақлы буйыртпа ҳәм дәрамат пайда болады. Усы арқалы кредит бир бизнес пенен бирге бир неше шаңарақ ушын да дәрамат дәрегин ҳәрекетке келтиреди.
Кредит тарийхында кешигиў болған мүтәж пуқаралар ушын да есик жабылмайды. Олардың жаңа жойбары өз алдына үйренилип, имканияты болған жағдайларда жеңиллетилген түрде қаржыландырылады. Бунда кешеги қарыздарлықтың өзине емес, жаңа жойбардың дәрамат келтириў имканиятына қараў әҳмийетли. Себеби қарызды қайтарыўдың ең исенимли кепили көп жағдайларда инсанның турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы болып есапланады.
Инклюзив қаржыландырыўдың районлық штаблардың ўәкиллигине өткерилиўи усы мақсетке хызмет етеди. Мийнет етиў тилеги бар, бирақ имканияты шекленген инсан ушын әпиўайы кредит шәртлери туўра келмеўи мүмкин. Соның ушын ҳәр бир жойбарды инсанның шараяты, қәбилети ҳәм дәрамат алыў имканияты менен бирге баҳалаў талап етиледи.
Кредит, субсидия ҳәм компенсация шәртлерин бирден-бир қәлипте белгилеў орнына, оларды аймақтың экономикалық имканиятынан келип шығып жаңалап барыў белгиленбекте. Себеби районда қайсы өнимге талап бар екени, қайсы кәсипке жумысшы керек екени ҳәм қайсы бизнес түри тезирек дәрамат келтиретуғыны орынның өзинде көринеди. Соның ушын қарар да машқалаға жақын жерде қабыл етилсе, қаржының бағдары анығырақ болады.
Сондай-ақ, қаржы бериў процесиниң өзи нәтийже сыпатында қабыл етилмейди. Кредит алған адам жумысын баслады ма, өнимине қарыйдар тапты ма, дәраматы артты ма, шаңарағынан және кимди жумыс пенен тәмийинлей алды - тийкарғы баҳа усы сораўлар тийкарында болыўы керек. Сонда 3 триллион 200 миллиард сум әпиўайы қаржы ресурсы болып қалмастан, адамлардың мийнети ҳәм дәраматына айланады.
Қаржыландырыў тәртибиниң өзгериўи менен жумыстың ең әҳмийетли буўыны - оны әмелге асыратуғын инсанға да талап күшеймекте. Экономика министрлиги ҳәм Орайлық банк аймақлардың имканияты ҳәм зәрүрлигинен келип шығып, қаржыландырыў механизмлерин ҳәр шеректе жаңалап барады. Кешеги усыл бүгинги мүтәжликке жуўап бермесе, оны өз ўақтында өзгертиў керек. Себеби экономика бир орында турмайды, мәҳәлледеги талап та күн сайын өзгерип барады.
Усы талаптан келип шығып, районлық штаблар мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилерин "жойбар тийкарында" ислеў системасына өткереди. 8992 мәҳәлледе жумыс алып барып атырған ҳәким жәрдемшилериниң жумыс нәтийжелилиги қайта баҳаланады: интакер ҳәм нәтийже көрсетип атырған кадрлар қоллап-қуўатланады, ўазыйпасына сәйкес келмейтуғынлардың орны жаңаланады.
Сонлықтан, кадрды алмастырыў менен шекленип қалмастан, оны таярлаўға да итибар берилмекте. Еки ай ишинде арнаўлы оқыў орайы шөлкемлестирилип, сырт елли қәнигелер тартылады. Ҳәким жәрдемшисине кредит ажыратыў тәртибин билиўдиң өзи жетерли емес: ол бизнес идеясын жойбарға айландырыўы, оның базарын көриўи, қәрежет ҳәм дәраматты есаплаўы, исбилерменди жумыс баслағаннан кейин де бақлап барыўы керек.
Ең жақсы нәтийже көрсеткен хызметкерлер ушын сырт ел тәжирийбесин үйрениў имканияты жаратылады. Жылдың ақырына шекем ҳәр бир районнан еки ең жақсы ҳәким жәрдемшисиниң Қытай, Япония ҳәм Түркияда тәжирийбе арттырыўы режелестирилмекте. Үлгили хызметкерлерге айрықша маманлық дәрежеси берилип, 50 процентке шекем үстеме төлениўи де бир сигналды аңлатады: мәҳәлледеги мийнет қәдирленеди, нәтийже көрсеткен кадрдың жуўапкершилиги де, имканияты да артады.
Исбилерменлик инфраструктурасына байланыслы жойбарларды басқарыўдағы өзгерис шешимди машқалаға жақынластырыўға қаратылған. Мәселелер ўәлаят дәрежесинде шешилеберсе, орынлардағы талапты анықлаўдан баслап қаржыны ажыратыўға шекемги процесс созылыўы мүмкин. Енди районның жойбар буйыртпашысына айландырылыўы арқалы қарар қабыл етиў тезлеседи, қаржы болса мүтәжлик болған жерге жақынласады.
Әсиресе, аўыр мәҳәллелер ушын усыныс етилип атырған 2-3 есе қосымша ресурс әҳмийетли. Себеби имканияты шекленген аймаққа барлық жер ушын бирдей қатнас пенен нәтийже шығарып болмайды. Қайсы мәҳәлледе жумыс орнын жаратыў ушын көбирек қаржы зәрүр болса, сол жерге көбирек ресурс қаратылады. Мақсет имканиятты теңлестириў болып табылады.
Усы көзқарастан қарағанда, жаңа системаның тийкарғы мазмуны ўәкилликлерди жоқарыдан төменги буўынларға өткериў менен бирге, қарар қабыл етиў процесин инсанға, жойбарға ҳәм нәтийжеге жақынластырыўда көринеди. Мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси имканиятты көре алса, банкир оны қаржыландырыў жолын тапса, районлық штаб қарарын тез қабыл етсе, қаржы жумыс орнына, дәраматқа ҳәм шаңарақтың ырысқы-несийбесине айланады.
Бул жумыслардың әмелий әҳмийети 9-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында аймақларда халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған кеңейтилген мәжилисте және бир мәрте көзге тасланды. Онда жаңа қаржы излеўден гөре, аймақтың өзинде бар, бирақ толық ислемей атырған имканиятларды ҳәрекетке келтириўге итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәселен, мәмлекетлик банклердиң балансында турған дерлик 2,5 мың объект ҳәм мүлктиң улыўма баҳасы 10 триллион сумға шамалас болып, оларды нәтийжели иске қосыў арқалы 40 мыңға шекем жумыс орнын тиклеў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Санлар әҳмийетли бир ҳақыйқатты көрсетеди: кәмбағаллықты қысқартыў ушын жаңа ресурс жаратыўдан тысқары, бар имканиятларды қайта жанландырыў арқалы да мыңлаған адамлар ушын дәрамат дәрегин қәлиплестириў мүмкин.
Инсан абаданлығы тек ғана дәрамат пенен өлшенбейди. Бир шаңарақтың экономикалық жағдайына перзентлер саны, денсаўлық, майыплық, шаңарақ ағзасының сырт елде мийнет етиўи сыяқлы факторлар да тәсир етеди. Сол себепли социаллық қорғаў системасында инсанның жағдайына тереңирек қараў зәрүрлиги пайда болмақта. "Социаллық реестр"ди қәлиплестириўде шаңарақ дәраматы менен бир қатарда, оның турмыс шараятына тәсир етиўши бир неше факторларды бир ўақыттың өзинде баҳалаў системасы енгизиледи. Нәтийжеде социаллық жәрдем ҳақыйқатында да көбирек мүтәжлик сезген шаңарақларға анығырақ бағдарланады.
Соның ишинде, мәмлекетте кәмбағаллық дәрежеси 3,9 процентке түскен ҳалда, 3 жасқа шекемги перзенти бар шаңарақларда бул көрсеткиш 6,5 процентти қурамақта. Усы парықтың өзи бир машқаланы көрсетип тур: бала тәрбиясы дәўиринде ата-ананың мийнет етиў ҳәм дәрамат табыў имканияты қысқарады. Соның ушын бундай шаңарақларға материаллық жәрдем ҳәм ата-ананың үйинде ямаса мәҳәлледе жумыс ислеў имканиятын тәмийинлеў, бала тәрбиясы менен мийнет арасындағы үзилисти азайтыў керек.
Ислейтуғын аналарға перзенти бир жасқа толғанға шекем социаллық қамсызландырыў қорынан напақа төлениўи, мийнетке жарамсыз жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын "пассив дәрамат" келтиретуғын социаллық пакетке 300 миллиард сум ажыратылғаны усы мақсетке хызмет етеди. Бул жәрдемнен пайдаланған 11 мың шаңарақтың ярымында дәрамат сезилерли артқаны социаллық жәрдем шаңарақты тек ғана ўақытша қоллап-қуўатлап қоймастан, оның өзин тиклеп алыўына хызмет етсе, нәтийжеси узағырақ даўам ететуғынын көрсетти.
Келеси жылдан "Социаллық реестр"ге киргизилген шаңарақлардың перзентлериниң бақша төлеми, оқыў орайының қәрежети, жол кирейи ҳәм жоқары оқыў орны жатақханасы ушын төлемлер ваучер арқалы қапланатуғыны усы қатнастың логикалық даўамы болып есапланады. Ваучердиң 12 ай даўамында әмел етиўи, шаңарақ реестрден шығарылғаннан кейин де оннан пайдаланыў имканияты сақланып қалыўы баланың билимлендириўи шаңарақтағы қысқа мүддетли финанслық қыйыншылық себепли тоқтап қалмаўы ушын әҳмийетли кепиллик болады.
Енди тийкарғы итибар қабыл етилген қарарлардың мәҳәлледе қалай ислейтуғынына қаратылады. Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери сентябрь-декабрь айларында 350 мың адамды турақлы жумысқа жайластырыў, 1 миллион халықтың дәраматын арттырыў ҳәм жылдың ақырына шекем 230 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпасын алмақта.
Қытай тәжирийбеси тийкарында район ҳәм мәҳәлледе халық пенен тиккелей ислесетуғын хызметкерлер ушын анық көрсетпелер ислеп шығылыўы усы зәрүрликтен келип шығады. Себеби үлкен ўазыйпалардың нәтийжеси шаңарақ есигинен басланады. Бир шаңараққа мүнәсип жумыс табылыўы, бир баланың билим алыўы, бир ананың мийнетке қайтыўы, бир шаңарақтың турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы белгиленген мақсетлердиң турмыстағы өлшеми болып есапланады.
Ҳәр бир инсанның өмиринде имканият есиги ашылатуғын мәўрит бар. Мине усы имканият инсанға өз күшине исениў, мийнетине сүйениў ҳәм өз жолын табыў ушын күш береди. Бир шаңараққа мүнәсип жумыс, бир исбилерменге зәрүр шараят, бир инсанға өз қәбилетин көрсетиў ушын имканият жаратылса, оның тәсири бир шаңарақ шеңберинде қалмайды. Шаңарақтағы дәрамат мәҳәллеге, мәҳәлледеги абаданлық болса елдиң раўажланыўына жалғанады. Усы мәнисте, жаратылып атырған имканиятлардың ең үлкен мақсети - инсанды турақлы жәрдемге мүтәжлик сезетуғын жағдайдан өзиниң мийнети, потенциалы ҳәм басламасы менен дәрамат жарататуғын дәрежеге алып шығыў болып есапланады. Себеби инсан өз қолы менен тапқан ырысқының қәдири де, берекети де басқаша болады. Кеше имканият күтип турған шаңарақ бүгин өз дәраматын жаратса, ертең және бир адамға жумыс есигин ашыўы мүмкин. Мине усындай ҳәрекет бир шаңарақтан басланып, мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийет турмысына тәсир көрсетеди.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы