Исбилерменлер ҳаққындағы бул пикир бүгинги күнде исбилерменлик жумысының халықтың абаданлығы ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўындағы әҳмийетли орнын ҳәм әҳмийетин анық билдиреди.

Елимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки күнлерден баслап ҳәкимшилик-буйрықпазлыққа тийкарланған экономикалық системадан еркин базар экономикасына өтиўди өз алдына стратегиялық мақсет етип қойды. Бул трансформация процесинде жеке меншик мүлк ҳәм исбилерменлик субъектлерин сиясий-ҳуқықый жақтан қорғаў және оларға қолайлы шараятлар жаратыў ўазыйпасы белгиленди.

Бурынғы аўқам дәўиринде жеке мүлклик ҳәм жеке исбилерменлик нызам менен қадаған етилген ҳәм идеологиялық жақтан пүткиллей бийкар етилген еди. Экономика толық мәмлекет қадағалаўы ҳәм режели системаға тийкарланғаны себепли, жеке мүлкке ийе болыў нызам жолы менен шеклеп қойылған еди.

Сол себепли жаңа мәмлекетшиликтиң дәслепки күнлеринен-ақ жеке меншик секторды қәлиплестириў ҳәм пуқаралардың экономикалық белсендилигин ҳуқықый жақтан кепиллеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Өткен 35 жыл даўамында Өзбекстанда исбилерменликти раўажландырыўдың өзине тән сиясий-ҳуқықый модели қәлиплести. Ғәрезсизлик жылларында исбилерменлик тараўы тек ғана жалпы ишки өним көлемин қәлиплестириўши тийкарғы күшке емес, ал мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турақлылығын тәмийинлеўши ҳәм халықаралық майдандағы абырайын белгилеп бериўши стратегиялық драйверге айланып үлгерди.

Бүгинги күнде елимизде 1,2 миллионнан аслам киши ҳәм орта исбилерменлик субъекти болып, ҳәр 1000 пуқараға орташа 32 исбилерменлик субъекти туўра келмекте. Тек ғана 2026-жылдың биринши шерегинде 22,2 мың жаңа киши кәрхана ҳәм микрофирма шөлкемлестирилди. Ҳәзирги күнде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң елимиздиң ЖИӨдеги үлеси 56-58 процентке жетти.

Исбилерменликти раўажландырыў бойынша реформалар 2017-жылдан баслап пүткиллей жаңа басқышқа алып шығылды. Атап айтқанда, Ҳәрекетлер стратегиясы, Раўажланыў стратегиясы ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде мәмлекетлик уйымлардың исбилерменлик субъектлериниң жумысын қадағалаў функциялары қайта көрип шығылды ҳәм кескин қысқартылды. Валюта базары либералластырылып, еркин конвертация системасы жолға қойылды. Мәжбүрий лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары еки есеге қысқартылды ҳәм көплеген тараўлар хабардар етиў тәртибине өткерилди. Экономиканың көплеген тараўларында санластырыў системасы кеңнен енгизилди.

2021-жылдан баслап ҳәр жылы мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткериўи дәстүрге айланды ҳәм 20-август сәнеси Исбилерменлер күни сыпатында белгиленетуғын болды. Исбилерменликке итибарды күшейтиў, белсенди исбилерменлерди хошаметлеў мақсетинде "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен исбилермен" ҳүрметли атағы ҳәм "Белсенди исбилермен" көкирек белгиси сыяқлы мәмлекетлик сыйлықлар шөлкемлестирилди.

2022-жылы Өзбекстан Президенти жанында Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңес шөлкемлестирилди. Исбилерменлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы ең әҳмийетли мәселелер кеңесте көрип шығылып, кеңнен додаланыў системасы жолға қойылды.

Реформалардың бул басқышында исбилерменлик субъектлериниң жаңа қатламы қәлиплести ҳәм олар бүгинги күнде жәмийеттиң социаллық-экономикалық турмысында әҳмийетли орын ийелемекте. Мәмлекетимиз басшысының бул бағдарда билдирген төмендеги пикирлери әйне ҳақыйқат болып есапланады: "Елимизде исбилермен ҳәм исбилерменлердиң жаңа әўлады қәлиплескени - бул бизиң үлкен байлығымыз ҳәм жетискенлигимиз. Себеби ҳәр бир исбилермен инсан өзиниң изинен онлаған адамларды ертеди, оларға жумыс үйретеди, жумыслы, дәраматлы етеди, жәмийет турмысына жаңалық алып киреди".

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде исбилерменлик субъектлериниң жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм роли ҳәр қашанғыдан да артып бармақта ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, 2020-2025-жыллар даўамында исбилерменлик субъектлеринде 7,5 миллион халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Тек ғана 2025-жыл даўамында исбилерменлик субъектлери тәрепинен 3 миллионнан аслам жумыс орны жаратылды. Ҳәзирги күнде бәнт халықтың дерлик 75-80 проценти әйне исбилерменлик тараўына туўра келмекте.

Конституциялық кепилликлер ҳәм ҳуқықый қорғаў

Реформалардың жаңа басқышында исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый қорғалыўы ең жоқары - конституциялық дәрежеге көтерилди. Жаңа редакциядағы Конституцияда мүлк ийелериниң ҳуқықы қол қатылмас екенлиги ҳәм өз мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары және судтың қарарысыз айырыўға болмайтуғыны қатаң белгиленди, сондай-ақ, мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеў бағдарында ҳуқықый кепилликлер беккемленди.

"Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында"ғы нызамда исбилерменлик жумысы субъектиниң ҳуқықларының үстинлиги принципи белгиленди. Оған бола, исбилерменлик жумысы субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар, ҳуқық қорғаўшы ҳәм қадағалаўшы уйымлар менен өз-ара қатнасықларында жүзеге келетуғын ҳәм нызамшылықта барлық сапластырып болмайтуғын қарама-қарсылықлар ҳәм анықсызлықлар исбилерменлик жумысы субъектиниң пайдасына талқыланады.

Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў системасын жетилистириў бағдарындағы әҳмийетли реформалардан және бири 2017-жылы Президент жанында Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (бизнес омбудсман) институтының шөлкемлестирилгени болды. Оған исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик уйымлардан қорғаў ҳәм әмелге асырылып атырған тексериўлердиң нызамлылығын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў ўәкиллиги берилди.

2017-жылы ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлерди көрип шығатуғын өз алдына ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди ҳәм 2018-жылы "Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққында"ғы кодекс қабыл етилип, ҳәкимшилик суд ислерин көрип шығыўдың анық тәртип-қағыйдалары белгилеп берилди. Ҳәкимшилик судлардың шөлкемлестирилиўи исбилерменлерге мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳәрекетлери ҳәм нызамға қайшы ҳүжжетлери үстинен судларға шағым етиў арқалы өз ҳуқықларын нәтийжели қорғаў имканиятын берди.

Бул реформалар исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былай да күшейтиўге ҳәм оның институционаллық тийкарларын жаратыўға хызмет етти.

Дәслепки жылларда исбилерменликтиң раўажланыўына ең үлкен тосқынлық болған факторлардан бири қадағалаўшы уйымлардың режеден тыс ҳәм тийкарсыз тексериўлер өткериўи еди. Кейинги жылларда әмелге асырылған ҳуқықый реформалар бул системаны да пүткиллей өзгертип жиберди.

Тийисли нызамшылық ҳүжжетлери менен исбилерменлик субъектлерин тексериў системасы толық санластырылды. Атап айтқанда, исбилерменлик субъектиниң жумысындағы ҳәр қандай тексериў "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" электрон мәлимлеме системасы арқалы ўәкилликли уйым (бизнес омбудсман) ның келисими менен ямаса оны хабардар етиў арқалы әмелге асырылатуғын болды. Дизимнен өтпеген тексериў нызамсыз есапланатуғыны ҳәм тексериўди өткерген лаўазымлы шахс жуўапкершиликке тартылыўы ушын тийкар болатуғыны белгиленди.

Исбилерменлик субъекти жумысында өткерилетуғын тексериўлерде инсан факторын азайтыў мақсетинде сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси ҳәм халықаралық шөлкемлердиң усыныслары тийкарында "Қәўип-қәтерди таллаў" (Risk-assessment) системасы енгизилди. Оған бола, қадағалаўшы уйым исбилерменлик субъектиниң жумысын нызамшылық бузылыўы қәўпи дәрежесин таллаў арқалы үйренеди, егер қәўип жоқары ямаса орташа жоқары дәрежеде болса, тексериў өткериледи, егер қәўип дәрежеси төмен болса, бундай исбилерменлик субъектинде тексериў өткерилмейди.

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды исбилерменлик субъектлерине меншиклестирип бериў процеси бираз жеделлести. Атап айтқанда, соңғы жыллары бир қатар ири мәмлекетлик банклер ҳәм санаат кәрханалары жергиликли исбилерменлер ҳәм сырт ел инвесторларына меншиклестирип берилди.

Исбилерменлик орталығы ҳәм санлы экономика

Сиясий-ҳуқықый реформалар шеңберинде бизнести жүргизиў тәртип-қағыйдаларын санлы форматқа өткериў тараўда мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди түп-тийкарынан әпиўайыластырды. Бурын кәрхана ашыў ҳәм оны мәмлекетлик дизимнен өткериў ямаса банкте есап бетин ашыў ушын күнлеп, ҳәптелеп ўақыт кеткен, көплеген уйымларға барыў талап етилген болса, енди бул ҳәрекетлерди электрон система арқалы бир неше минут ишинде әмелге асырыў имканияты жаратылды.

Бүгинги күнде исбилерменлик жумысы менен байланыслы дерлик барлық мәселелерди Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы онлайн түрде ямаса ҳәр қыйлы шөлкемлерге бармастан, Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы тез ҳәм аңсат шешиў мүмкин.

2022-жылы “license.gov.uz” мәлимлеме порталы иске қосылып, лицензия ҳәм руқсатнамалар толық электронластырылды. Бул система арқалы руқсат етиў характериндеги ҳүжжетлер (лицензия ҳәм рухсатнамалар) инсан факторысыз, артықша тосқынлықларсыз ҳәм ашық-айдын нормалар тийкарында берилмекте. Оның енгизилиўи коррупция ҳәм өз мәпине пайдаланыўларды сезилерли дәрежеде азайтыўға хызмет етти.

Салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилиги толық санластырылып, салық төлеўшилердиң жеке электрон кабинети қәлиплестирилди, салық есабатларын электрон тәризде усыныў имканияты жаратылды, сондай-ақ, бажыхана постларында жүклерди рәсмийлестириўге кететуғын ўақыт бир неше күннен бир неше саатқа шекем қысқарды. Бул болса, өз гезегинде, коррупциялық қәўип-қәтерлерди сезилерли дәрежеде азайтыўға имканият берди.

Реформалар мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигинде де мүнәсип орын ийелеўине хызмет етпекте. Атап айтқанда, Жәҳән банкиниң “Business Ready” (“B–Ready”) бағдарламасы шеңберинде 2025-жылы 101 мәмлекетте инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығы баҳаланған. Улыўма нәтийжелерге бола, мәмлекетимиз 3 бағдар бойынша топ реформаларды әмелге асырған 29 мәмлекет қатарына киргизилген. Атап айтқанда, "Әмелияттың аңсатлығы" бағдары бойынша 1-топардағы (80-100 процент - жоқары дәреже) топ-10 мәмлекетлер қатарынан орын алған. Мәмлекетимиз 2026-жылы "Экономикалық еркинлик индекси"нде 14 текше жоқарылап, биринши мәрте "экономикалық жақтан орташа еркин мәмлекетлер" қатарына кирди.

Халық аралық нормаларға бейимлесиў

Экономиканы халықаралық стандартларға бейимлестириў ҳәм мәмлекеттиң глобал экономикалық майдандағы қатнасыўын кеңейтиў 2017-жылдан баслап экономикалық реформалардың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Соңғы жыллары Өзбекстанның ЖСШға ағзалығы бойынша ҳәрекетлер бираз жеделлести. Миллий нызамшылық нормалары ҳәм көплеген техникалық регламентлер ЖСШ талаплары ҳәм стандартларына бейимлестирилди, экономикада монополия үлеси сезилерли дәрежеде қысқартылды. Жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлери ушын нызамшылық талаплары бирдейлестирилди.

Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми сыяқлы көплеген абырайлы халықаралық финанс шөлкемлери менен нәтийжели бирге ислесиў системасы жолға қойылды ҳәм бүгинги күнде олардың финанслық жәрдеми тийкарында ири инфраструктуралық ҳәм экономикалық жойбарлар әмелге асырылып келинбекте.

Сыртқы саўдадағы көплеген тосқынлықлар ҳәм шеклеўлер басқышпа-басқыш бийкар етилип, экспорт-импорт тәртип-қағыйдалары бираз әпиўайыластырылды ҳәм тараўға санластырыў кеңнен енгизилди. Нәтийжеде жергиликли исбилерменлердиң сыртқы базарға шығыў имканиятлары бираз кеңейди.

Сыртқы экономикалық жумыста әмелге асырылған реформалар жергиликли исбилерменлик субъектлериниң сырт ел базарларына шығыў имканиятларын кеңейтиў менен бирге, миллий экономикаға тиккелей сырт ел инвестицияларының ағымын жеделлестириўге хызмет етти.

Экономиканың заманагөй раўажланыў тенденциялары ҳәм тараўда ушырасып атырған айырым мәселелер бүгинги күнде исбилерменлик тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлерин халықаралық нормалар ҳәм стандартлар тийкарында және де жетилистириўди, бизнес ўәкиллериниң ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын және де күшейтиўди және бул тараўға санлы технологияларды және де кеңирек енгизиўди талап етпекте. Реформалардың кейинги басқышында бул тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратыў бизнес орталығын және де қоллап-қуўатлаўда ҳәм исбилерменлик тараўын избе-из раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Кейинги он жыллықта исбилерменлик тараўында әмелге асырылған сиясий-ҳуқықый реформалар елимизде еркин базар экономикасын ҳәм күшли мүлк ийелери қатламын қәлиплестириўдиң беккем тийкарын жаратты. Енди бул бағдардағы реформаларды даўам еттириў ҳәм тараўды буннан былай да раўажландырыў ушын зәрүр шараят жаратыў Өзбекстанның келешектеги раўажланыўын және халықаралық майдандағы тартымлылығын тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе.

Қаҳҳор ЖУМАЕВ,

Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты жетекши илимий хызметкери