Глобалласыў процесслери мәмлекетлердиң экономикалық шегараларын салыстырып, капитал, заманагөй технологиялар, товар ҳәм хызметлердиң халықаралық ҳәрекетин мисли көрилмеген дәрежеде тезлестирди. Бүгинги дүньяда мәмлекетлердиң экономикалық қүдирети тек ғана жер асты байлықлары, арзан жумысшы күши ямаса шийки зат ислеп шығарыў көлеми менен емес, ал, бәринен бурын, жеке меншик баслама ушын жаратылған шараят, мүлк ҳуқықының қол қатылмаслығы, ҳадал бәсеки орталығы, беккем инвестиция кепилликлери ҳәм мәмлекетлик институтлардың нәтийжелилиги менен белгиленбекте.
Мине, усындай қурамалы ҳәм жуўапкершиликли тарийхый шараятта - 1991-жылы өз ғәрезсизлигин қолға киргизген Өзбекстанның алдында бир ўақыттың өзинде еки үлкен ўазыйпа турды: бириншиси - ғәрезсиз мәмлекетшилик тийкарларын жаратыў, екиншиси - орайласқан ҳәкимшилик-буйрықпазлық экономикадан миллий базар экономикасына өтиў.
Базар экономикасына өтиў тек ғана тийисли нызам ҳүжжетлерин қабыл етиў менен шешилмейди. Базар - бул миллионлап еркин экономикалық қарарлар қабыл етилетуғын, жеке меншик мүлк ийеси өз капиталының тәғдири ушын жеке жуўапкершилик алатуғын, исбилермен тәўекел ететуғын, инвестор исеним менен қаржы қарататуғын ҳәм тутыныўшы еркин таңлаўға ийе болатуғын система болып есапланады. Демек, ҳақыйқый базар қатнасықларын қурыў ушын тек ғана мәмлекет мүлкин қысқартыў емес, бәлки экономикалық пикирлеўди, ҳуқықый институтларды, финанслық системаны ҳәм мәмлекеттиң экономикадағы рольи түптен өзгертиў зәрүр еди.
Ирге тасы қойыў дәўири
Ғәрезсизликтиң дәслепки шерек әсиринде елимизде әҳмийетли институционаллық қәдемлер тасланды. Мәмлекетлик мүлкти басқышпа-басқыш меншиклестириў, жеке меншикти нызамшылықта беккемлеў, киши бизнес ҳәм фермерлик ҳәрекетин қәлиплестириў, банк-финанс системасын қурыў усылардың қатарына киреди. Конституцияда барлық мүлк формаларының теңлиги ҳәм де экономикалық хызметтиң ҳуқықый кепилликлери белгилеп қойылды.
Бирақ 1991-2016-жыллар тарийхын қалыс таллаўда, қағазда исбилерменлик еркинлигин жәриялаў менен әмелде ҳақыйқый еркин бизнес орталығын қәлиплестириў арасында белгили бир үзилислер сақланып қалғанын көриў мүмкин.
Өтиў дәўиринде социаллық турақсызлық ҳәм терең экономикалық кризиске жол қоймаў мақсетинде мәмлекет экономикада үлкен қадағалаў рольин сақлап қалды. Бундай көзқарас өз дәўиринде объектив тийкарларға ийе болса да, мәмлекеттиң экономикаға ҳәдден тыс жоқары араласыўы жеке меншик сектордың еркин ҳәрекет етиў имканиятларын тарайтып қойды. Мәмлекет бир ўақыттың өзинде ҳәм тәртипке салыўшы, ҳәм базар қатнасыўшысы, ҳәм қатаң қадағалаўшы сыпатында майданда қала берди. Ақыбетинде жеке бизнес еркин базар принциплеринен гөре көбирек қурамалы ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларға бейимлесиўге мәжбүр болды.
Әсиресе, узақ мүддетли ҳәм арзан кредит ресурсларының жетиспеўшилиги жеке меншик сектордың сапалы капиталласыўына жол қоймады. Рәсмий статистикаға нәзер тасласақ, 2010-жылы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң ЖИӨдеги үлеси 60,8 процентти қураған болса, 2015-жылы 64,6 процентке, 2016-жылы болса 66,8 процентке жетти. Бирақ, бул жоқары салмақ тийкарынан саўда, турмыслық хызмет көрсетиў ҳәм кем капитал талап ететуғын тараўларда жәмленген болып, жеке меншик сектордың жоқары технологиялық санаат, инновациялар ҳәм экспорттағы үлеси шекленген дәрежеде қалып кетти.
Транзакция қәрежетлериниң жоқарылығы, валюта айланысындағы шеклеўлер, монопол субъектлердиң базардағы үстин орны ҳәм аймақлараралық инфраструктуралық айырмашылықлар экономикалық ресурслардың ең нәтийжели бағдарларға ағып келиўин төменлетти. Инвестор ҳәм исбилермен ушын ең үлкен тосқынлық тек ғана салық ставкалары емес, ал ойын қағыйдаларының болжанбайтуғынлығы ҳәм ҳәкимшилик қәўетерлер еди.
Бизнес шараятын түп-тийкарынан өзгерткен реформалар дәўири
2016-жыл мәмлекетимиздиң заманагөй экономикалық тарийхында ҳақыйқый бурылыс дәўири болды. Президентимиз мәмлекет басшысы сыпатында жумыс баслаған дәслепки күнлеринен-ақ исбилерменликти кеңейтиў, жумыссызлықты азайтыў, бюрократиялық тосқынлықларды сындырыў ҳәм халықты разы етиўге қаратылған түпкиликли реформаларды күн тәртибиниң ең жоқары басқышына алып шықты.
Президентимиздиң 2016-жыл 5-октябрьдеги "Исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке меншик мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы тарийхый пәрманы менен 2017-жыл 1-январьдан исбилерменлик субъектлерин режеден тысқары тексериўлер (кәрхананы сапластырыў ямаса жынаят иси шеңбериндеги жағдайлардан тысқары) және альтернатив тексериўдиң барлық түрлери пүткиллей бийкар етилди.
Исбилерменлердиң ҳуқықый қорғалыўын институционаллық дәрежеге көтериў жолында және бир тарийхый қәдем тасланды: Президентимиздиң 2017-жыл 5-майдағы пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (бизнес омбудсман) институты шөлкемлестирилди. 2017-жыл 29-августта қабыл етилген айрықша нызам менен бизнес омбудсманның ҳуқықый статусы ҳәм мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен қадағалаў ўәкилликлери және де беккемленди.
Жыллар даўамында экономиканың раўажланыўына тосқынлық етип келген көп санлы валюта курслары машқаласы - Орайлық банктиң рәсмий жасалма курсы, биржа курсы ҳәм олардан 2 еседен артық парықланатуғын "қара базар" системасына 2017-жылдың 5-сентябрьинде шек қойылды. Базар талабы ҳәм усынысына тийкарланған бирден-бир валюта курсы орнатылды, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге коммерциялық банклер арқалы валютаны еркин сатып алыў ҳәм сатыў ҳуқықы берилди, экспортшылардың валюта түсимин мәжбүрий сатыў тәртиби толық бийкар етилди. Бул сырт ел инвестициясы ҳәм заманагөй технологиялардың ағымын бир неше есеге арттырды.
2020-жылғы глобал пандемия сынақлары дәўиринде де исбилерменлерге салық дем алыслары берилип, мүлк ҳәм жер салықлары азайтылды, кредит төлемлериниң мүддети создырылды ҳәм киши бизнес ушын социаллық салық ставкасы 12 проценттен 1 процентке түсирилди. Соның менен бирге, қадағалаў уйымларының өз басымшалығына шек қойыў мақсетинде барлық тексериўлерди электрон дизимге алатуғын "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасы иске қосылды.
Машқала, тосқынлық ҳәм шешимлер
2021-жылдан баслап мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен тиккелей ашық сөйлесиў өткериў дәстүри жолға қойылды. Бул сөйлесиўлер рәсмийликтен жырақ болып, машқалаларды орнында тыңлаў ҳәм системалы қарарлар қабыл етиўдиң бас майданына айланды. 2021-2026-жыллар даўамында көтерилген усыныслар тийкарында тараўға байланыслы жәми 84 нызам және 860 тан аслам пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Бизнес ушын кредит портфели дерлик 3 есеге кеңейип, 450 триллион сумға жеткерилди, исбилерменлерге 650 триллион сумлық салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилди.
2021-жыл (I ашық сөйлесиў): 20-август мәмлекетимизде Исбилерменлер күни деп жәрияланды. Келип түскен 15 мыңнан аслам мүрәжаттың дерлик ярымы орнында шешилди. Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 600 миллион доллар ажыратылды, миллий валютада 417 миллион долларлық евробондлар шығарылды, 6 мыңға шамалас исбилерменниң 1 миллиард долларлық валюта кредитлери сумға өткерилди. Экспорт етиўшилерге көлемине қарап 1, 3 ҳәм 5 миллион долларға шекем тиккелей финанслық ресурслар ажыратылды. Экспортшыларға ҚҚСтың 80 процентин 60 күн орнына 7 күнде қайтарыў жолға қойылды. Нәтийжеде экспорт етиўши кәрханалардың саны 7,5 мыңға жетип, экспорт 30 процентке өсти, “E-yer” системасына 22 мың гектардан аслам 54 мың бос жер майданы киргизилди.
2022-жыл (II ашықтан-ашық сөйлесиў): бизнес жыллық айланысы бойынша микро (83 мың долларға шекем), киши (834 мың долларға шекем) ҳәм орта бизнес (8,3 миллион долларға шекем) категорияларына бөлинди. Микробизнес ушын 4 проценттен 25 процентке шекемги ставкалар орнына бирден-бир 4 процентли айланыс салығы киргизилди. Пайдаланылмай атырған имарат ҳәм жерлер бойынша арттырылған ставкалар себепли жүзеге келген 167 миллион долларлық қарыздарлық есаптан шығарылды. 2023-жыл 1-январьдан ҚҚС ставкасы 15 проценттен 12 процентке түсирилди. Жер ҳәм мүлк ажыратыў қарарын тек ғана суд тәртибинде бийкарлаў кепилленди, саўда қағыйдаларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик бийкар етилди.
2023-жыл (III ашықтан-ашық сөйлесиў): аймақларда 14 Киши бизнес орайы шөлкемлестирилди, таяр майданларды усынатуғын "санаат ипотекасы" системасы жолға қойылды. "Жаңа Өзбекстан - бәсекиге шыдамлы өнимлер ели" бағдарламасы шеңберинде жетекши экспортшылардың саны 100 ден 500 ге жеткерилди. Бизнес басламаларына 667 миллион доллар, тараўларға 1,5 миллиард доллар қаратылды. Исбилерменлердиң айланыс қаржылары 82,2 миллиард долларға жетти. Зыян менен ислеген 16 мың кәрхана ярым жылда 542 миллион доллар пайда көрди. "Исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтинги" енгизилип, "А" ҳәм "В" категориядағы кәрханалар 91 мыңға көбейди, жумыс ислеп атырғанына үш жылдан асқан кәрханалардың үлеси 76 процентке жетти (300 мыңға шамаласты).
2024-жыл (IV ашықтан-ашық сөйлесиў, Нөкис қаласы): микрокредиттиң ең жоқары муғдары 3 есеге - 25 мың долларға шекем арттырылып, 8,3 мың долларға шекемги бөлегинен гиреў талабы алып тасланды. Ислам қаржысы бойынша нызам жойбары шеңберинде 5 миллиард долларлық дәрек жаратылатуғыны белгиленди. Аукцион арқалы сатып алынған жерлерден ҚҚС бийкар етилип, бөлип төлеў мүддети категориясына қарап 3 жылдан 10 жылға шекем белгиленди. 16 түрдеги лицензия бийкар етилип, бизнес 29,2 миллион доллар үнемледи.
2025-жыл (V ашықтан-ашық сөйлесиў, Жаңа Ташкент): жүз мыңлаған жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм миллионлаған өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын 2030-жылға шекем арнаўлы қолайлы режим енгизилди. Президентимиздиң тийисли пәрманына тийкарланып, 2026-жыл 1-январьдан "Бизнести 15 минутта ашыў" системасы жолға қойылды (регистрациялаў менен бир ўақытта ЭРИ алыў, банк есап бети, ҚҚС гүўалығы, касса машинасын дизимге алыў сыяқлы 7 хызмет бир ўақыттың өзинде көрсетиледи). Жыллық айланысы 83 мың долларға шекем болған субъектлер ушын айланыс салығы 4 проценттен 1 процентке түсирилди.
2025-жылдың жуўмақларына бола, республикамызда бир жылда 82,4 мың жаңа субъект жаратылды. Киши бизнестиң ЖИӨдеги үлеси 52,2 процент, экспортта 36,6 процент, санаатта 28,5 процент, қурылыста 75,6 процент, саўдада 83 процент ҳәм хызметлер тараўында 47,2 процентти қурады.
Тексериўлерге жаңа 3 жыллық мораторий
2026-жылдың 18-август күни әййемги ҳәм наўқыран Хийўа қаласында болып өткен VI ашықтан-ашық сөйлесиў мәмлекет ҳәм исбилермен арасындағы исенимди пүткиллей жаңа басқышқа көтерген тарийхый ўақыя болды. Илажда залда 500 ге шамалас исбилермен тиккелей, республикамыздың барлық районларындағы студиялардан 25 мыңға шамалас исбилермен қатнасты. Бүгинги күнде елимизде жумыс алып барып атырған 1 миллион 200 мыңнан аслам бизнес жәмийетшилиги экономикамыздың тийкарғы сүйениши болып есапланады.
Сөйлесиўге таярлық көриў ушын 15-майдан баслап 50 ден аслам министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат республикалық штабы 24/7 режиминде үзликсиз жумыс иследи. Келип түскен 6 мыңға шамалас мүрәжаттың 4,2 мыңнан асламы унамлы шешилди, 1,8 мыңы қадағалаўға алынды.
Киши бизнес ушын ең қуўанышлы жаңалық - инсанның өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырмайтуғын киши исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериўге жаңа 3 жыллық қатаң мораторий жәрияланғаны болды.
Бул қарар терең таллаўларға тийкарланған: 2018-2020-жыллардағы мораторий дәўиринде 2019-жылы 92,9 мың жаңа киши кәрхана ашылып, улыўма саны 508,9 мыңға жеткен, бюджетке салық түсимлери 2018-жылы 43,6 процент, 2019-жылы 70,1 процент (92,2 триллион сум) өскен еди. Бирақ, мораторий жуўмақланғаннан соң, салық тексериўлери саны 2021-жылдағы 50,9 мыңнан 2025-жылы 96,4 мыңға шығып, мәмлекеттеги ҳәр 6 исбилерменнен бири тексериўге дус келген. Үйрениўлер 5 мың кәрхананың ярымынан көбирегинде жылына 2-3 мәрте, 21 процентинде болса 4 мәртеден салық тексериўлери өткерилгенин көрсетти. Жаңа мораторий қадағалаў уйымларының жумысын жазалаўдан толық профилактика ҳәм исенимге тийкарланған тәртипке бағдарлады.
Орта ҳәм ири кәрханалар ықтыярлы профилактикалық аудиттен өтип, кемшиликлерди сапластырса, жәриймаға тартылмайды ҳәм салық тексериўи өткерилмейди. Бундай кәрханаларда жыл даўамында өткерилетуғын ҳәр қандай қайта тексериў тек ғана бизнес омбудсманның рәсмий рухсаты менен әмелге асырылады. Тексериўлерди бизнес-омбудсман менен келисиў механизми тексериўлерди хабардар етиў системасына өтиўге шекем үлкен нәтийже берген (мысалы, 2019-жылы салық уйымлары киргизген 1035 тексериў буйыртпасынан 391 и (37,8 процент), 2020-жылы 2 336 дан 978 и (33,7 процент) тийкарсыз болғаны ушын бизнес-омбудсман тәрепинен қатаң бийкарланған).
"Үндемеў - келисим"
30 дан аслам лицензия ҳәм рухсатнама бийкар етиледи, 35 иниң мүддети 2-3 есеге қысқартылады. Исбилерменниң лицензия алыў бойынша арзасы бийкар етилген ҳәр бир жағдай бизнес-омбудсман тәрепинен өз алдына тексериледи ҳәм тийкарсыз бийкар еткен лаўазымлы шахсларға жазаның сөзсиз екенлиги тәмийинленеди. Мәмлекетлик хызметлердиң 50 процентинде мәмлекетлик уйым мүддетинде жуўап бермесе, қарар исбилермен пайдасына қабыл етилетуғын "сөйлемеў - келисим" принципи иске қосылады.
Мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы келиспеўшиликлерде судта айыбы дәлилленбегенше исбилермен айыпсыз есапланады, оған финанслық жәрийма ямаса қадаған етиў қолланылыўы қадаған етиледи. Денсаўлық ҳәм мүлкке зыян жеткермеген биринши қәте ушын "биринши қәте ушын ескертиў" берилип, кемшиликти дурыслаўға 10 күн мүддет ажыратылады. Барлық жәриймалар муғдары орташа 2 есеге азайтылады, қадағалаўшы уйымлар болса жоқары суд инстанцияларында мәмлекетлик бажы төлеўге мәжбүр болады.
VI ашықтан-ашық сөйлесиўде жәрияланған басқа да әҳмийетли стратегиялық басламаларға тоқтап өтсек. Соның ишинде, жаңадан баслап атырғанлар ушын "Бизнес старт", кеңейип атырғанлар ушын "Бизнес лифт" ҳәм ири секириў ушын "Бизнес юксалиш" бағдарламалары усыныс етиледи. 10 миллиард сумға шекемги кредитлерде гиреў тәмийнатының 75 процентин мәмлекет ҳәм банклер "контр-кепиллик" сыпатында өз мойнына алады.
"10 мың кәрхана ушын жасалма интеллект шерик" бағдарламасы шеңберинде кәрханаларға жасалма интеллектти енгизиў қәрежетлериниң 50 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Санлы ҳүкимет орайындағы суперкомпютер кластеринен бийпул пайдаланыў жолға қойылып, жылына 1 триллион сумнан аслам дәраматлы 50 кәрхана халықаралық IPO базарларына шығарылады.
Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимизде бизнес орталығын жақсылаў жолындағы реформалар бүгин сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Ең әҳмийетлиси, исбилермен мәмлекетлик сиясаттың тек ғана объекти емес, ал оны қәлиплестириўде тиккелей қатнасатуғын бирге ислесиўшиге айланды. Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи болса машқалаларды тыңлаў ҳәм шешиўдиң бир мәртелик илажынан турақлы ҳәм тәсиршең институтқа айланып бармақта.
Жыллар даўамында топланған тәжирийбе бизнес ушын ең үлкен хошамет тек ғана жеңиллик ямаса жеңиллик емес, ал нызам үстинлиги, мәмлекет пенен ашық-айдын сөйлесиў ҳәм ертеңги күнге исеним екенин көрсетти. Усы мәниде бүгинги реформалардың баслы нормасы да анық: исбилермен қаншелли еркин ҳәм исеним менен жумыс ислесе, экономика соншелли турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы болады.
Абдуманноп БӨРИЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў
қорғаў бойынша ўәкил - бизнес омбудсман