Туўылған күним мүнәсибети менен жоллаған қызғын қутлықлаўлары ҳәм жақсы тилеклери ушын мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларына, сырт еллердиң сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерине, исбилермен топарлардың ўәкиллерине, халықаралық шөлкемлердиң басшыларына, елимиздеги мәҳәлле ҳәм мийнет жәмәәтлерине, нураныйлар, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм исбилерменлерге, түрли кәсип ийелери болған барлық ўатанласларымызға терең миннетдаршылық билдиремен.

Бул қутлықлаў ҳәм тилеклерди мен бәринен бурын көп миллетли халқымыз ҳәм мәмлекетимизге болған жоқары ҳүрметтиң көриниси, Жаңа Өзбекстанның дүньядағы абырайы ҳәм дәрежеси күн сайын артып атырғанының тән алыныўы, деп қабыл етемен.

Пурсаттан пайдаланып, кеңпейил ҳәм уллы мәртебели халқымызға шексиз перзентлик меҳирим ҳәм шын кеўилден ҳүрметимди және бир мәрте билдиремен.

Елимизде еркин, абат ҳәм абадан турмыс қурыўға қаратылған реформаларды қоллап-қуўатлап, оларда белсене қатнасып атырған көп миллетли халқымыздың данышпанлығы ҳәм пидәкерлик мийнети менен биз өз алдымызға қойған уллы ҳәм ийгиликли мақсетлерге әлбетте ерисемиз, деп исенемен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти