Кейинги еки жылда 1 миллион 200 мыңнан аслам көшпес мүлк объектлери хатлаўдан өткерилди. Нәтийжеде қосымша 16,5 мың гектар жер ҳәм 49 миллион квадрат метр қурылыс майданлары анықланды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған 270 мың объект кадастр базасына киргизилип, бюджетке жылына 315 миллиард сум муғдарында қосымша салық базасын жаратыў имканияты жаратылды. Ҳәзирги күнде кадастр хызметлериниң 90 проценти онлайн тәризде көрсетилмекте.

Соның менен бирге, тараўда халық ҳәм исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.

Усы жылдың биринши ярымында кадастр уйымларына кадастр хызметин алыў ушын 1 миллионнан аслам арза келип түскен болса, олардың 330 мыңы ямаса 30 проценти бийкар етилген. Яғный, әмелде ҳәр үш мүрәжаттың биреўи қанаатландырылмай қалмақта.

Бундай жағдайлар пуқаралардың қосымша ўақыт ҳәм қаржы қәрежетлерине себеп болмақта, оларды өз мәселелерин шешиў ушын басқа уйымларға ямаса басқа шахсларға мүрәжат етиўге мәжбүр етпекте, коррупция қәўип-қәтерлерин арттырмақта.

Хызметлерди санластырыў процесинде барлық қарарларды орайласқан ҳалда қабыл етиў әмелиятының қәлиплескени де артықша тосқынлықлардың пайда болыўына себеп болды.

Атап айтқанда, турақ жай емес объекттиң категориясын өзгертиў ушын ўәлаят ямаса республика дәрежесиндеги шөлкемлердиң келисими талап етиледи. Бир мәселени шешиў ушын пуқаралар бир неше мәрте арза бериўи ҳәм олардың ҳәр бирине өз алдына ҳақы төлеўи керек.

Мәселен, бир үйди еки туўысқан арасында бөлиў ушын төрт арза, бир мийрас мүлкин үш бөлекке бөлиў ушын болса алты арза бериў керек.

Бир арза район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде 30-50 басқыштан өтеди, нәтийжеде пүткил процесс орташа 15-20 күнге созылады.

Жер қадағалаўы тараўында жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларының күшейтилгени өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, жәриймалардың муғдарын арттырыў менен шекленбестен, ҳуқықбузарлықлардың ақыбетлерин сапластырыў ҳәм пуқараларды нызам шеңберинде ҳәрекет етиўге шақырыўға қаратылған механизмлерди енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Презентацияда Кадастр агентлигиниң басқарыў структурасы да сын көзқарастан талланды.

Ҳәзирги ўақытта район ҳәм ўәлаят дәрежесинде Кадастр агентлиги ҳәм Кадастрлар палатасының айырым аймақлық бөлимлери жумыс алып бармақта, нәтийжеде системаны 2 басшы басқармақта.

Системадағы хызметкерлердиң 56 процентин басшы ҳәм қадағалаўшылар, 44 процентин тиккелей атқарыўшылар қурайды. Жумысқа қабыл етиў процесслериниң қурамалылығы себепли 700 ден аслам жумыс орны бос қалмақта. Соның менен бирге, хызметкерлердиң 40 проценти өз қәнигелиги бойынша жумыс ислемей атыр.

Сондай-ақ, ўәлаят дәрежесиндеги басшыларға районлық бөлимлердиң басшыларына интизамый тәсир илажларын қолланыў ўәкиллиги берилмеген. Нәтийжеде орынлаўшы буўындағы хызметкерлерге жүклеме артып, мийнетке ҳақы төлеў дәрежеси төмен болып қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен кадастр хызметлерин басқышпа-басқыш төменги буўынға түсириў, аймақлық бөлимлердиң ўәкилликлерин кеңейтиў усыныс етилди.

Республика дәрежесинде ислеп атырған хызметкерлердиң кеминде 30 процентин районлық бөлимлерге өткериў, сондай-ақ, Кадастрлар палатасы ҳәм республика, ўәлаят ҳәм район дәрежесиндеги хызмет көрсетиўши бөлимлерди бирлестириў нәзерде тутылмақта. Бул аймақлық бөлимлердиң еркинлиги ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, пуқаралар ушын хызметлерден пайдаланыў имканиятын береди.

Таркибий өзгерислер дәўиринде халыққа қолайсызлық туўдырмаў мақсетинде бир ҳәпте мүддетте "Кадастр мәсләҳәтлесиў мүйеши" ҳәм "Оператив кадастр" хызметлерин жолға қойыў бойынша тапсырма берилди.

Агентлик жумысын "бир арза - бир төлем" принципи тийкарында шөлкемлестириў бойынша усыныслар да көрип шығылды.

Жаңа тәртипке бола, көшпес мүлк объектине болған ҳуқық жүзеге келгенде проактив хызмет көрсетилип, арза автоматикалық түрде қәлиплестириледи. Бул ҳәр жылы 1 миллион 200 мың мүрәжат етиўшиниң ўақты ҳәм қәрежетлерин үнемлеў имканиятын береди. Барлық кадастр хызметлерин көрсетиў бир арза тийкарында әмелге асырылады, бул арзалар санын жылына 200 мыңға қысқартыў имканиятын береди.

Көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекет тәрепинен дизимнен өткериў процеси толық онлайн форматқа өткериледи. Нәтийжеде ҳәр жылы ҳәзирги 10-15 күндиң орнына 500 мыңға шамалас арзаны бир неше секундта дизимнен өткериў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, ҳәкимшилик жуўапкершиликти оптималластырыў бойынша усыныслар мақулланды.

Атап айтқанда, 2018-жылға шекем нызамсыз қурылған турақ жайларға жәрийма қолланбаў, өзбасымшалық пенен қурылған имарат ықтыярлы түрде сапластырылған жағдайларда жуўапкершиликти жеңиллетиў усыныс етилди. Буннан тысқары, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын арза белгиленген мүддетте биринши мәрте берилмегенде жәрийма орнына ескертиў берилиўи нәзерде тутылмақта.

Жуўапкерлерге хызметлерди көрсетиў тәртибин әпиўайыластырыў, артықша басқыш ҳәм төлемлерди қысқартыў, қарар қабыл етиў ўәкилликлерин төменги буўынларға бериў, системадағы хызметкерлердиң мийнет шараятларын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.