Бүгин киши ҳәм орта бизнес мәмлекет экономикасының тийкарғы таянышына айланып, бәнтлик, инвестиция, бәсеки ҳәм турақлы раўажланыўдың әҳмийетли дәреги болып хызмет етпекте. Кейинги жылларда ерисилген ең әҳмийетли жетискенликлерден бири мәмлекеттиң исбилерменликке мүнәсибети түп-тийкарынан өзгергени болып есапланады.

Бурын бизнес артықша басым ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықларға дус келген болса, бүгин тийкарғы итибар қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў ҳәм бирге ислесиўге қаратылмақта. Елимизде бюрократиялық процесслер избе-из қысқартылып, кәрханаларды дизимнен өткериў тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылмақта. Салық сиясаты жетилистирилмекте ҳәм мәмлекетлик хызметлерди санластырыў барған сайын кеңейтилмекте. Бурын көп ўақыт ҳәм қаржы қәрежетин талап еткен көпшилик процесслер бүгин электрон түрге өткерилгени исбилерменлер ушын үлкен жеңиллик жаратпақта.

Финанс тараўында үлкен өзгерислер болды. Мәмлекет жеңиллетилген кредитлеў бағдарламалары, шаңарақлық исбилерменлик, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў көлемин сезилерли дәрежеде кеңейтти. Микроқаржыландырыўдың жаңа механизмлери жолға қойылып, кепилликли финанслық жәрдем системасы жетилистирилмекте. Әсиресе, аймақтағы исбилерменлер ушын банк хызметлеринен пайдаланыў имканиятларын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бизнес ушын зәрүр инфраструктура жедел раўажландырылмақта. Атап айтқанда, индустриаллық зоналар, технопарклер, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайлары, логистика ҳәм саўда майданлары шөлкемлестирилмекте.

Жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жеке меншик сектордың сыртқы экономикалық жумыстағы қатнасын кеңейтиў реформалардың орайындағы ўазыйпаға айланған. Бул тек ғана экономикаға емес, ал мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыўына байланыслы әҳмийетли мәселе болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 26-майдағы "Киши бизнес субъектлериниң өсиўи ушын және де қолайлы экономикалық ҳәм ҳәкимшилик шараятлар жаратыў ҳаққында"ғы пәрманы әне усы мақсетлерге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли.

Ҳүжжет киши бизнес субъектлери ушын салық режимин және де қолайластырыў, қосымша қун салығы ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў арқалы айланысларды ашықластырыў ҳәм бизнестиң өсиўин хошаметлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Атап айтқанда, Ташкент қаласынан тысқары физикалық ҳәм юридикалық тәреплер тәрепинен исбилерменлик субъектлерине улыўма майданы мың квадрат метрден артық болған мүлк ижараға берилгенде, салық салыў мақсетинде ижара төлеминиң ең кем ставкалары қолланылмайды. Киши бизнес субъектлерине бухгалтерия есабын жүргизиўши шөлкемлер ҳәм салық мәсләҳәтшилерин тартыў қәрежетлерин еки есе арттырған ҳалда шегирме етиўге рухсат берилди.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-июньнен 2030-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған кәрханалар және ири салық төлеўшилерден тысқары тийкарғы жумыс түри улыўма аўқатланыў, саўда ямаса хызмет көрсетиў тараўы болған исбилерменлик субъектлерине ықтыярлы түрде қосымша қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртибин таңлаў ҳуқықы берилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Қосымша қун салығы ставкасы товарларды реализациялаў бойынша барлық айланысларға салыстырғанда 6 процент етип белгиленди. 2027-жыл 1-январьдан баслап салық қәўипи дәрежеси төмен болған жағдайларда қосымша қун салығының унамсыз парқы суммасын қайтарыўда инсан факторы қатнасыўындағы әмелдеги әмелияттан ўаз кешиледи. Салық төлеўшиде усы пәрман күшке киргенге шекем пайда болған ҳәм келешекте пайда болатуғын 10 миллион сумға шекемги қосымша қун салығы бойынша унамсыз парқы суммалары олардың арзасы талап етилмеген ҳалда автоматикалық тәртипте қайтарып бериледи. Бул сумманы қаплап бериў менен байланыслы салық тексериўлери өткерилмейди.

Пәрманда киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине экономикалық ҳәм ҳәкимшилик қолайлықлар жаратыў, тийкарғы салық ставкаларын арттырмастан ашық-айдын салық базасын кеңейтиў, санлы сервислер ҳәм салық салыўдың әдиллик принципине тийкарланған қәўипке бағдарланған салық ҳәкимшилигин жақсылаў сыяқлы бир қатар қолайлықлар ҳәм жеңилликлер белгиленген.

Жеке меншик секторды финанслық қоллап-қуўатлаўдың избе-из кеңейиўи, бәринен бурын, экономиканың турақлылығына қаратылған әҳмийетли инвестиция болып есапланады. Исбилермен жеңиллетилген кредитлер, заманагөй банк хызметлери ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў қураллары арқалы қаржыландырыў имканиятына ийе болса, ол өндиристи кеңейтиў, жаңа технологияларды енгизиў, базарларға шығыў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў имканиятына ийе болады. Нәтийжеде тек ғана бизнес емес, ал экономика да раўажланады.

Финанслық имканиятлардың кеңейиўи бәсеки орталығын да күшейтеди. Неге дегенде, белсенди исбилерменлер қанша көп болса, товар ҳәм хызметлердиң сапасы сонша жоқары болады, инновациялар, санластырыў ҳәм заманагөй технологиялар тез раўажланады. Глобал бәсеки шараятында әйне белсенди бизнес жәҳән экономикасындағы өзгерислерге тезирек бейимлеседи.

Ең әҳмийетлиси, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў жәмийетте жаңа экономикалық пикирлеўди, интакерлик, жуўапкершилик ҳәм еркинлик мәдениятын қәлиплестиреди.

Жаҳонгир ГАЛАЕВ,

Өзбекстан фермерлери кеңесиниң бас қәнигеси