Теңизге тиккелей шығыў имканиятына ийе болмаған Өзбекстан ушын сыртқы базарларға шығыў, жүклердиң ҳәрекетлениў мүддети ҳәм қәрежетин қысқартыў, бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлер менен шегарадан өтиў процесслериниң нәтийжелилиги ҳәм өз-ара транспорт байланыслылығын тәмийинлеўге тиккелей байланыслы.
Усы көзқарастан, шегаралардағы тосқынлықларды сапластырыў, жаңа өткериў пунктлерин ашыў, транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәмлекетимиздиң транспорт-логистика потенциалын арттырыўдың әҳмийетли факторларынан болып есапланады. Бүгин сыртқы логистика қәўиплерине шыдамлы системаны қәлиплестириў арқалы Өзбекстанның регионаллық транспорт-логистика системасындағы орнын беккемлеў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып қалмақта.
Жақын өтмиште қоңсылар менен шегара мәселелери көп жыллық тартыслар темасы еди. Бүгинги көзқарас буның керисин көрсетпекте. Атап айтқанда, 2025-жыл 31-мартта Хоженд қаласында болып өткен үш тәреплеме жоқары дәрежедеги ушырасыўда Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылды. Онда мәмлекетлик шегаралардың тутасқан ноқаты анық белгиленип, тәреплердиң ҳуқықый тийкарлары халықаралық ҳүжжет дәрежесинде беккемленди ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен шегара мәселелерин шешиўде избе-из ҳәм ҳуқықый тийкарланған қатнас өз көринисин тапты.
Президентимиздиң 2026-жыл июльде Қырғызстанға мәмлекетлик сапары ўақтында болса еки мәмлекет арасында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнама және шегара мәселелерин тәртипке салыўшы әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды. Олар шеңберинде еки мәмлекет арасындағы өткериў пунктлериниң санын еки есеге көбейтиў ҳәм өз-ара товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў күтилмекте.
Бирақ шегаралардың ашықлығы транспорт тараўындағы турақлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў ушын жетерли емес. Буның ушын, бәринен бурын, шегарадан өтиў процесин әпиўайыластырыў, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў мүддетин қысқартыў, тасыўшылар ушын финанслық жүкти оптималластырыў және сырт елде ҳәрекетлениў ҳәм жумыс алып барыў шәртлерин жетилистириў талап етиледи. Сонлықтан, исленип атырған жумысларда бул мәселелерге айрықша итибар қаратылмақта.
Бүгин елимиз 40 тан аслам мәмлекет пенен халықаралық автомобиль тасыўлары ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимге қол қойған болып, олардан 35 и менен рухсатнама алмасыў системасы жолға қойылған. Соннан 25 и Европа мәмлекетлери есапланады. Кейинги ўақытларда қағаз түриндеги рухсатнаманың орнын басқышпа-басқыш электрон система ийелемекте. “E-Permit” электрон рухсатнама алмасыў системасы 2021-жылы Түркия менен енгизилген болса, кейин ала Қазақстан, Әзербайжан, Қырғызстан, Қытай, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Грузия сыяқлы 8 мәмлекет пенен иске қосылды.
Қалаберди, усы жылдың 1-июнинен баслап руқсатнамаларды тиккелей шегара бажыхана постларында бериў әмелияты жолға қойылды. Тасыўшыларға оларды 10 күн мүддетке бронлаў имканияты жаратылды. Қоңсылар менен сөйлесиў жүк тасыўшыларымыздың күнделикли машқалаларын шешиўге қаратылмақта. Қазақстан менен келисимге киргизилген өзгерислер себепли жүк көтериў қуўатлылығы 3,5 тоннадан ямаса толық салмағы 6 тоннадан аспаған жүк автотранспорт қураллары рухсатнама талабынан пүткиллей азат етилди. Қытай менен болса автотранспорт тасыўларында квотасы жоқ рухсатнама системасына өтилди. Өзбекстан ҳәм Иран аймағында кириў ҳәм транзит ушын өндирилетуғын 400 долларлық жыйымлар өз-ара бийкар етилди. Россия тәрепи менен сөйлесиўлердиң нәтийжесине бола болса айдаўшыларымыздың Россияда бир календарь жылы даўамында ўақтынша болыў мүддети 2026-жыл 30-июньнан баслап 90 күннен 180 күнге шекем создырылды. Бул өзгерислер ҳәр бир тасыўдың өзине түсер баҳасына ҳәм ҳәр бир айдаўшының дәраматына өз тәсирин көрсетеди.
Шегаралардың ашылыўы тек ғана товарлар ҳәрекетин емес, ал халықлар арасындағы байланысларды да және де жақынластырды. Бүгин Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан ҳәм Қытайға жәми 43 жөнелисте турақлы халықаралық автобус қатнаўы әмелге асырылып, пуқаралардың еркин ҳәм қолайлы ҳәрекетлениўи ушын кең имканиятлар жаратылмақта.
Авиация тараўында 2026-жылдың биринши ярым жыллығында резидент ҳәм сырт ел авиакомпаниялары тәрепинен 18 халықаралық жөнелисте жаңа қатнаўлар жолға қойылды. Нәтийжеде хызмет көрсетилген жолаўшылар саны 15 процентке өсип, 8,1 миллионға жеткерилди.
Темир жол транспортында жолаўшыларды тасыў бойынша 34 жергиликли ҳәм 11 халықаралық жөнелисте күнине орташа 32,5 мыңнан аслам жолаўшыға хызмет көрсетилмекте. Усы жылдың январь-июнь айларында тасылған жолаўшылардың саны 5,9 миллионды қурады. Соннан 331 мыңы халықаралық ҳәм 5 миллион 554 мыңы жергиликли жөнелислерде қатнаған жолаўшылар болып есапланады.
Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде айрықша атап өтилгениндей: "Глобал логистикадағы үзилислер, дүньядағы тыныш емес жағдайға қарамастан, бул ўазыйпаны усы жылдың өзинде артығы менен әмелге асырамыз ҳәм дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына киремиз".
Дүньядағы логистика шынжырларында үзилис жүзеге келген ўақытта бул мәселеге жуўапкершилик пенен қатнас жасалмақта. Министрликте уйымлараралық жумысшы топар ҳәм колл-орай жумысы жолға қойылып, орынларда турып қалған жүклер "Орта коридор", Қытай портлары ҳәм басқа да альтернатив коридорлар арқалы мәнзилине жеткерилди.
Бул тәжирийбе бирден-бир бағдарға байланып қалмастан, жаңа бағдарларды диверсификациялаў зәрүрлигин көрсетти. Сол себепли Каспий ҳәм Қара теңиз бағдарында әмелий қәдемлер қойылмақта. Әзербайжан менен Каспий теңизинде қосымша кемелер сатып алыў мақсетинде қоспа кәрхана шөлкемлестириў, Поти портында болса Грузия менен бирге терминал қурыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.
Көп жыллық избе-из сиясат бүгин анық нәтийже бермекте. "Орта коридор" арқалы тасылған жүклер көлеми еки есеге артып, 2025-жылдың ақырына келип 1,2 миллион тоннаны қурады. Соның менен бирге, Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен әмелге асырылған жүк тасыўларында бул коридордың үлеси 2021-жылдағы 12 проценттен 2025-жылы 28 процентке жетти.
"Орта жол"дың транзит потенциалын және де арттырыў ҳәм Европа ҳәм Қытай арасында нәтийжели транспорт байланысларын жолға қойыў мақсетинде Президентимиз тәрепинен халықаралық майданларда "Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан" темир жолын Орта жол менен интеграциялаў ҳәм Қытай – Орайлық Азия – Каспий – Кавказ – Европа үзликсиз қурғақлық жөнелисин жаратыў әҳмийетли екенлиги бир неше мәрте атап өтилмекте.
"Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан" мультимодаль коридорында жүк тасыў көлеми 2020-жылға салыстырғанда 50 еседен зыят артты. Мәмлекет ишиндеги логистика тармағы да усы логика тийкарында қурылмақта. Ханабад ҳәм Ангрен қалалары, Янгийўл, Аҳангаран, Алат ҳәм Термиз районлары транспорт-логистика тараўына қәнигелестирилиўи нәзерде тутылған. Ханабад "Қытай жолы дәрўазасы", Алат "Орта жол дәрўазасы", Термиз болса "Транс-Аўған жолы дәрўазасы" сыпатында раўажландырылады.
Бул аймақларда логистика орайларын шөлкемлестириў мақсетинде жәми 300 гектар жер майданын ажыратыў нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, Ташкент қаласы және Ташкент, Әндижан, Сурхандәрья ҳәм Бухара ўәлаятларында 17 логистика орайы ҳәм терминаллар қурыў режелестирилген.
Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында халықаралық транзит коридорларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм нәтийжели логистика шынжырларын жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтип, "Турақлы раўажланыў мақсетлери ушын өз-ара транспорт байланыслылығын беккемлеў" глобал механизмин енгизиўди усыныс етти.
Ҳәзирги ўақытта бул баслама Өзбекстан тәрепинен биргеликте әмелге асырылып атырған ири инфраструктуралық жойбарларда өз көринисин таппақта. Қытай, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан мәмлекетлери басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли Евроазия орайында узынлығы дерлик 533 километр болған "Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан" стратегиялық темир жол магистралы қурылмақта. Ҳәзирги ўақытта 9 рамалы көпир қурылысы ҳәм 26 туннельде қазыў жумыслары даўам етпекте. Объектке 9 мыңнан аслам жумысшы ҳәм 6 мыңнан зыят арнаўлы техника тартылған. Бул стратегиялық жойбар 2030-жылдың ақырына шекем қурып питкерилиўи режелестирилген. Жол толық қуўатлылықта иске қосылғаннан соң, жүк тасыў көлеми жылына 15 миллион тоннаға шекем жетиўи, товарларды жеткерип бериў мүддети болса орташа 7 күнге қысқарыўы күтилмекте.
Қубла бағдарда да әҳмийетли қәдемлер қойылды. Трансаўған темир жолының "Термиз – Найбабад – Логар – Харлачи" жөнелиси бойынша техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў ҳаққындағы үш тәреплеме келисим Президентимиздиң қарары менен тастыйықланды. Ҳәзирги ўақытта жойбардың техникалық-экономикалық тийкарлары ислеп шығылмақта. Бул темир жол линиясы Қубла Азия темир жол системасын Орайлық Азия ҳәм Евроазия темир жол системалары менен байланыстырыўы күтилмекте.
Бул ҳәрекетлердиң барлығы ақырында бир көрсеткиште – жүк тасыў көлеминде өз көринисин табады. Дүньядағы турақсыз жағдай шараятында 2025-жылы Өзбекстан халықаралық жүк тасыўларының көлеми 66,8 миллион тоннаны қурап, 2024-жылға салыстырғанда 11,9 процентке өсти. Кейинги 10 жылда халықаралық жүк тасыў көлеми 2,2 есеге өсти.
Ең үлкен жылжыў автомобиль транспортында бақланбақта. Автомобильде халықаралық жүклер тасылған көлем 2016-жылға салыстырғанда 6 есеге, тек ғана өткен жылдың өзинде 22,8 процентке өсти. Нәтийжеде автомобиль транспортының халықаралық жүк тасыўдағы үлеси 31 процентке жетти. Бул өсиўде жоқарыда келтирилген руқсатнамалар, жыйымлар ҳәм өткериў пунктлери бойынша қарарлар да мүнәсип үлес қоспақта.
Халықаралық жүк тасыўларда темир жол транспорты жетекши орынды ийелемекте. 2025-жылы бул транспорт түри арқалы 46,2 миллион тонна жүк тасылып, жәми халықаралық тасыўлардың дерлик 70 проценти тәмийинленди. Темир жол транспортындағы реформалар да аз емес ҳәм избе-из даўам еттирилмекте.
Алдымыздағы ўазыйпалар анық — қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, шегара ҳәм логистика процесиндеги тосқынлықларды сапластырыў, транспорт коридорларын диверсификациялаў ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлерге шыдамлы транспорт-логистика системасын қәлиплестириў. Бул болса тек ғана өз-ара жүк тасыў көлемлерин ҳәм транзит көрсеткишлерин арттырыў емес, ал регионда глобал транспорт-логистика системасын және де беккемлеўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Орайлық Азияда татыў қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм дослық байланысларын кеңейтиўде тарийхый жетискенликлерге ерисилди". Бүгин бул жетискенликлердиң ҳәр бири жаңа жоллар, жаңа қатнаўлар ҳәм жаңа базарлар көринисинде көринбекте. Логистика – дүньяға ашылыў жолы. Бул жолды және де кең ҳәм исенимли етиў болса биз, транспорт тараўы ўәкиллериниң мақтанышлы ўазыйпасы болып есапланады.
Илҳом МАҲКАМОВ,
Өзбекстан Республикасы транспорт министри