Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бәринен бурын, Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа ески ҳәм гөззал Түркстан қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитин өткериў басламасы, сондай-ақ, көрсетилген қызғын қабыллаў ҳәм дәстүрий миймандослық ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Гейдарович Алиевке Шөлкемимизге нәтийжели басшылық еткени ҳәм оның халықаралық абырайын беккемлеў жолындағы үлкен ҳәрекетлери ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Бүгинги ушырасыў пүткил мусылман үммети ушын муқаддес Қурбан ҳайыты қарсаңында өтип атырғаны терең рәмзий мәниге ийе.

Ҳақыйқатында да, ҳәммемиздиң әййемги тарийхымыз ҳәм муқаддес динимиз, әййемги мәдений қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз уқсас.

Түркстан қаласы әсирлер даўамында Уллы жипек жолының әҳмийетли саўда ҳәм мәдений орайы болған, оның даңқлы тарийхы уллы бабамыз Хожа Ахмед Яссаўий аты менен тығыз байланыслы. Бул муқаддес қала халықларымыз бирлиги ҳәм аўызбиршилигиниң айқын тымсалы болып есапланады.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Президентимиз Қасым-Жомарт Кемелевичке халқымыздың туўысқан Қазақстан халқына дослық саўғасына айланған Түркстанның саўлатлы жоме мешити ҳаққындағы шын жүректен айтқан сөзлери ушын миннетдаршылық билдиремен.

Қазақстан басшылығының Түркстан архитектуралық көринисин түп-тийкарынан өзгертиўге қаратылған үлкен дөретиўшилик жумыслары, әлбетте, бул қаланы туўысқан халықларымызды байланыстыратуғын руўхый орайлардан бирине айландырады.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бүгинги ушырасыўымыз дүньяның ҳәр қыйлы регионларында кескинлик күшейип атырған бир дәўирде өтпекте. Халықаралық қатнасықларда исеним жетиспеўшилиги артып бармақта, глобал институтлардың орны ҳәм тәсири кем-кемнен төменлеп бармақта. Бул машқалалар бизден өз-ара сөйлесиўди жеделлестириўди ҳәм әҳмийетли мәселелер бойынша келисилген позицияларды ислеп шығыўды талап етпекте.

Усы көзқарастан қарағанда, түркий дүньяның интеграциясы - бул халықларымыздың тәғдирине тиккелей байланыслы болған узақ мүддетли стратегиялық мәселе болып есапланады.

Кейинги жылларда Түркий мәмлекетлер шөлкеми турақлы раўажланыў пәтлерин көрсетип атырған абырайлы структураға айланды. Мәселен, 2025-жылы мәмлекетлеримиздиң улыўма экономикалық потенциалы 2,4 триллион доллардан артты, оның өсиў пәти болса глобаллық көрсеткиштен 2 есеге жоқары. Өткен жылдың өзинде Өзбекстанның Шөлкем мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 14 процентке артты. Усы жылдан Түркий инвестициялық фонд өз жумысын баслады, Орайлық банклер кеңеси ҳәм Жасыл қаржы бойынша Түркий кеңестиң жумысы жолға қойылды. Булардың барлығы Шөлкемимиздиң институционаллық жақтан беккемленгенин айқын тастыйықлайды.

Әзиз дослар!

Алдымыздағы әҳмийетли ўазыйпа - қатнасықларымызға системалы түр бериў.

Бүгинги саммит "Жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў" темасына бағышланғаны бийкарға емес. Алгоритм, математика, астрономия ҳәм физика пәнлериниң раўажланыўына уллы бабаларымыз - Муҳаммед Хорезмий, Ахмед Ферғаний, Әбиў Райхан Беруний, Мырза Улығбек шексиз үлес қосып, заманагөй жасалма интеллекттиң тийкарын жаратқан.

Мине, усы бийбаҳа мийрасқа сүйенип, биз бүгин түркий дүньяның санлы раўажланыўының жаңа дәўирин жаратып атырмыз.

Усы мүнәсибет пенен бул бағдардағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар басламаларды алға қоймақшыман.

Бириншиден, Шөлкемимиз шеңберинде жасалма интеллект тараўында стратегиялық бирге ислесиў тармағын қәлиплестириў дәўир талабы болып есапланады.

Бундай нәтийжели механизм арқалы жаңа экономикалық өсиў ноқатларын анықлаў, "бултлы" ҳәм квант есаплаў технологияларын раўажландырыў, ашық ҳәм заманагөй бирден-бир санлы мәканды қәлиплестириў имканиятына ийе боламыз.

Кейинги жыллары Өзбекстан сырт ел инвесторлары менен биргеликте дата-орайларды шөлкемлестириўге 6 миллиард доллар инвестиция тартты.

Регионаллық дата-орайларды жоқары тезликтеги байланыс каналлары арқалы байланыстыратуғын “Санлы түркий коридор” концепциясын ислеп шығыўды усыныс етемиз. Әмелий бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде Ташкентте ағза мәмлекетлердиң қатнасыўында Технологиялық форумды өткериўди режелестиргенбиз.

Екиншиден, улыўма мақсетимиз илим, билимлендириў ҳәм жаслар менен ислесиў тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириўден ибарат.

Улыўма илимий ҳәм руўхый мийрасымызды терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Ислам цивилизациясы орайы үлкен регионаллық илимий-ағартыўшылық орайына айланбақта. Бул комплексте жақында ТҮРКСАЙ офисиниң ашылғанын қанаатланыўшылық пенен қабыл етемиз.

Тарийхый ҳәм мәдений дәреклерди бирден-бир "Үлкен мағлыўматлар" платформасына бирлестириў ушын бул Орай, ТҮРКСАЙ ҳәм Түркий академия ҳәрекетлерин бирлестириўди халықларымыздың мәпи жолында мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Соның менен бирге, Яссаўий тариқатындағы кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық идеяларын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Хабарыңыз бар, усы жылы Хийўа қаласына "Түркий дүньяның жаслар пайтахты" статусы берилди. Бул қарар жасларымызға күш-ғайрат бағышлады. Бул бағдардағы илажлар шеңберинде Жас жетекшилер форумы ҳәм Халықаралық жаслар фестивалын өткериўге таярмыз.

Соны да атап өтиў керек, жеделлик пенен өзгерип атырған заман талапларына жуўап беретуғын, бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў мақсетинде биз "Жасалма интеллект бойынша бес миллион жетекши" бағдарламасын әмелге асырмақтамыз. Бүгинги күнге шекем бул бағдарлама арқалы 1 миллионнан аслам жаслар басланғыш көнликпелерди ийелеген.

Жаслардың перспективалы стартаплары, инновациялық қолланбалары ҳәм жасалма интеллект тийкарындағы ҳәр қыйлы шешимлерди қаржыландырыў мақсетинде Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң барлық ағзаларын Қазақстан менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған қоспа венчур фондына қосылыўға мирәт етемиз.

Үшиншиден, транспорт байланыслылығын жақсылаў ушын санлы логистика платформаларын жаратыў ҳәм интеграциялаў әҳмийетли.

Усы жерде Өзбекстан ҳәм Шөлкемге ағза барлық мәмлекетлер арасында «E-permit» электрон рухсатнама системасы толық енгизилгенин ҳәм ҳәрекет етип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Орта коридордың стратегиялық әҳмийетин есапқа алып, оны ҳәзирги ўақытта қурылып атырған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы менен байланыстырыўға үлкен итибар бермектемиз.

Сондай-ақ, шегараларда бажыхана ҳәм транзит тәртип-қағыйдаларын жеңиллестириў мақсетинде әпиўайыластырылған бажыхана коридорын енгизиў ҳаққында қол қойылған келисимниң әмелге асырылыўын тәмийинлеў, мағлыўматлар алмасыўын толық санластырыў зәрүр. Бул пүткил логистика шынжыры бойлап мағлыўматларды жеткерип бериў, жүклерди бақлап барыў ҳәм процесслерди муўапықластырылған ҳалда шөлкемлестириў имканиятын береди.

Төртиншиден, қыйын экологиялық жағдай, соның ишинде, климат өзгериўи мәмлекетлеримизден өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди талап етпекте.

Бул машқалаларды нәтийжели шешиў ушын Түркий мәмлекетлер шөлкеми жанында космослық мағлыўматлар тийкарында климат қәўип-қәтерлерин мониторинг етиў системасын шөлкемлестириў зәрүр. Бул қурғақшылықты ерте анықлаў, топырақ деградациясы ҳәм музлықлардың ериўи процесслерин турақлы мониторинг етиў, трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў тараўына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ушын зәрүр.

Ташкенттеги Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети 2026-2027-оқыў жылы ушын түркий мәмлекетлердиң жаслары ушын 50 грант ажыратты. Жасларымызды бул имканияттан нәтийжели пайдаланыўға шақырамыз.

Пүткил дүньяда экологиялық машқалаларға итибар артып бармақта ҳәм биз 2027-жылды Шөлкемимиз шеңберинде Тәбиятты қорғаў жылы, деп жәриялаўды усыныс етемиз.

Пурсаттан пайдаланып, Сизди усы жылы Самарқандта өткерилетуғын Глобал экологиялық фонд ассамблеясы ҳәм Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумда белсене қатнасыўға мирәт етемен.

Және бир әҳмийетли бағдар. Биз мәмлекетлеримиз ҳуқық қорғаў уйымларының терроризм, экстремизм ҳәм жат ағымларға қарсы гүресиўдеги бирге ислесиўин күшейтиўге шақырамыз. Онда киберқәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, заманагөй қәнигелер таярлаў ҳәм оператив мәлимлеме алмасыў, әсиресе, әҳмийетли. Түркий дүньяда жаңа қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм олардың алдын алыў ушын бирден-бир қәўипсизлик ҳәм исеним мәканын жаратыў зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен улыўма механизм - Киберқәўипсизлик ҳәм санлы инфраструктураны қорғаў бойынша Түркий альянсты шөлкемлестириў басламасын алға қоямыз. Буннан тысқары, жасалма интеллекттен пайдаланыўда әдеп-икрамлылық нормаларына қатаң әмел етиў оғада әҳмийетли.

Быйыл Самарқандта болып өтетуғын Шөлкемге ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрлери ҳәм арнаўлы хызметлер басшыларының қоспа ушырасыўында бул мәселелерге айрықша итибар қаратыў мақсетке муўапық.

Әзиз дослар!

Уллы бабамыз Ахмед Яссаўий өзиниң "Девони ҳикмат" китабында былай деп жазған еди:

Өз муҳаббатын түркий халыққа берди

Ҳәм оның бирлик жолын дурыс деп билдим.

Бүгинги күнде бул даналық сөзлер оғада терең мәниге ийе болмақта. Жаңа дәўирде мәмлекетлеримиздиң интеллектуаллық потенциалын ҳәм дөретиўшилик күшин бирлестире алсақ, түркий дүнья, әлбетте, прогрессив қарарлар ҳәм турақлы раўажланыў мәканына айланады.

Бизиң тийкарғы мақсетимиз - келешек әўладларға тек ғана уллы тарийх емес, ал олар ҳақылы түрде мақтанатуғын бийбаҳа руўхый мийрас қалдырыў болып есапланады.

Бүгин қабыл етилип атырған Түркстан декларациясы тили ҳәм қәлби тарийхый жақтан бир-бирине тығыз байланысқан халықларымыздың туўысқанлық байланысларын және де беккемлеп, "Түркий дүнья нәзери - 2040" концепциясында белгиленген уллы мақсетлерге ерисиў жолында әҳмийетли қәдем болатуғынына исенемен.