Себеби жер тек ғана ырысқы-несийбе дәреги емес, ал мәмлекет экономикасының, халықтың абаданлығы ҳәм келешек турақлылығының беккем тийкары болып есапланады.

Бүгин жаңа Өзбекстанда аўыл хожалығы тараўындағы кең көлемли реформалар мине усы қәдириятлардың турмыслық көринисине айланбақта. Әсиресе, фермер ҳәм дийқанлардың мәпдарлығын арттырыў, оларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў және тараўда заманагөй қатнасларды кеңнен енгизиў бағдарындағы жумыслар әмелий нәтийжелерин бермекте.

Фермер дәраматының артыўы тек ғана бир шаңарақтың емес, ал пүткил жәмийеттиң абаданлығы дегени. Аўылда дәрамат көбейсе, базарлар мол болады, жумыс орынлары жаратылады, халықтың турмыс дәрежеси жоқарылайды. Соның ушын, аграр тараўдағы ҳәр бир реформа инсан қәдирин улығлаўға хызмет етип атырғаны менен әҳмийетли.

Соңғы жылларда аўыл хожалығындағы ең үлкен өзгерислерден бири фермерлердиң пикирлеў усылы ҳәм мийнетке мүнәсибетинде көзге тасланбақта. Алдын тийкарғы итибар режени орынлаўға қаратылған болса, бүгин нәтийжелилик, дәрамат ҳәм экономикалық мәп биринши орынға шықты.

Ең әҳмийетлиси, фермердиң жерге ийелик сезими күшейди. Ол мийнет ецтсе, пайдасы өзиниң шаңарағы ҳәм келешегине хызмет ететуғынын жақсы түсинип атыр. Сонлықтан, фермерлер инновациялық агротехнологияларға қатаң кириспекте.

Бир неше жыл бурын гектарынан 70-80 центнер пахта зүрәәтин алыў әрман болып көринген болса, бүгин бул нәтийже реал көрсеткишке айланды. Ҳәтте бундай жоқары өнимдарлыққа умтылып атырған фермерлердиң саны жыл сайын артып бармақта.

Таллаўларға бола, 2025-жылы жоқары зүрәәт алыўшы фермерлердиң саны 3 мыңнан аслам болған болса, усы жылы 3,5 есеге көбейип, 10 мыңнан артыўы күтилмекте. Бул болса мәмлекетимиздеги фермерлердиң дерлик 40 процентин қурайды. Бул санлардың артында әпиўайы статистика емес, ал аўыл хожалығындағы жаңаша пикирлеў, илимге сүйенген қатнас ҳәм мийнет мәдениятының жоқарылаўы жәмленген.

Ғәллешилик тараўында сезилерли өсиў бақланбақта. Бүгин гектарынан 70-100 центнерден зүрәәт алып атырған фермерлердиң саны 10 мыңнан асты. Көпшилик фермерлер жоқары зүрәәтти енди тосыннан емес, ал илимий қатнас, дурыс агротехника ҳәм тәртипли мийнет нәтийжеси сыпатында қабыл етпекте.

Бул нәтийжелерге өз-өзинен ерисилмей атыр. Бүгин аўыл хожалығы тараўына кең көлемли жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары көрилмекте. Ҳәзирги ўақытта тараўда 50 ден аслам түрдеги субсидия ҳәм жеңиллик әмел етпекте. Минерал төгин, жанылғы, туқымгершилик, техника, суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм басқа да бағдарларда ажыратылып атырған қаржылар фермерлерге үлкен мәдет болмақта.

Соның менен бирге, аўыл хожалығындағы айырым машқалалы мәселелер, әсиресе, жанылғы баҳасының биржада көтерилген бөлеги компенсацияланыўы фермерлеримиздиң имканияты ҳәм қаржылардың үнемлениўине алып келмекте.

Бурын финанслық жәрдем шекленген болып, белгили системалар арқалы әмелге асырылатуғын еди, пайда көриўши фермерлер болса санаўлы болатуғын еди. Бүгин болса ҳәр бир гектар жер ушын 15-20 миллион сумға шекем субсидия ажыратылып атырғаны тараўдағы итибардың айқын көриниси болып есапланады.

Өнимди еркин базар шараятында сатыў имканиятының жаратылғаны фермерлердиң экономикалық еркинлигин және де арттырмақта. Фермерлердиң мәпдарлығы артып, оларды жаңа техника ҳәм технологияларды енгизиўге, илим жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыўға хошаметлемекте.

Быйыл мәмлекетимизде 10 миллион тоннадан аслам ғәлле өнимин жетистириў, онда ҳәр гектарынан 100 центнер ҳәм оннан зыят зүрәәт алыў мөлшерленгени фермерлеримиздиң күш-ғайратынан дәрек береди.

Усы жылы өнимди өз қаржысы ямаса коммерциялық кредитлер есабынан жетистирген ғәлле жетистириўшилерге қәрежетлердиң 10 процентин қайтарып бериў бойынша жеңилликлер енгизилди. Пахта жетистириўшилер ушын да тап усындай жеңилликлер белгиленди.

Пахташылықта Шинжон усылы, ғәллешиликте инновациялық агротехнологиялар, бағ ҳәм жүзимзарларда интенсив усыллар, овош жетистириўде сапалы туқым ҳәм заманагөй егиў технологиялары кеңнен енгизилмекте.

Бул болса ҳәр бир қарыс жерден жоқары экономикалық нәтийже алыў имканиятын бермекте. Ҳәзирги ўақытта тараўда агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усы жылдың 10-майынан 10-июньине шекем ғаўаша тәрбиясында "Зарбдор бир айлық" жәрияланып, агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Өзбекстан фермерлери кеңесиниң арнаўлы мүрәжаты қабыл етилди.

Сондай-ақ, 18-апрельден 18-майға шекем "Шарўашылықта санитария-эпидемия ҳәм гигиена айлығы" өткерилип, эпизоотиялық илажларды күшейтиўге қаратылған жумыслар исленди. Бундай әмелий илажлар мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Бүгин фермер тек ғана жер сүрип, зүрәәт жетистириўши инсан емес. Ол халық дастурханы молшылығын тәмийинлеп атырған, экспорт потенциалын арттырып атырған, мәмлекет экономикасын беккемлеп атырған тийкарғы қатламлардан бири болып есапланады.

Аўылда дәрамат көбейсе, жаслар жумыс пенен тәмийинленеди ҳәм шаңарақларда абаданлық болады. Сондай-ақ, мәмлекет экономикасы және де турақлы раўажланып, базарлардың молшылығы артып, мәмлекет раўажланыўының беккем тийкары жаратылады.

Усы мәнисте, фермер дәраматын арттырыўға қаратылған реформалар тек ғана экономикалық илаж емес, ал халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған стратегиялық бағдар болып есапланады. Себеби жерден алынып атырған берекет артында инсан мийнети, мәмлекеттиң итибары ҳәм халықтың ертеңги күнге болған исеними жәмленген.

Абдушокир РАҲИМОВ

Өзбекстан фермерлери кеңеси

баслығының орынбасары