Онда Россияның Сибир аймақларындағы 18 жоқары билимлендириў мәкемесиниң ўәкиллери қатнасты. Ушырасыўларда билимлендириў, илим, мәденият ҳәм академиялық алмасыў тараўларында бирге ислесиў мәселелери додаланып, бир қатар келисимлерге ерисилди.
Сондай-ақ, "Ферғана Экспо" орайында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң мәдений-гуманитарлық бағдарына бағышланған панель сессиясы шөлкемлестирилди. Онда Ферғана мәмлекетлик университети ректоры Баҳодиржон Шермуҳаммадов модератор сыпатында қатнасты.
Илажлар шеңберинде концерт бағдарламасы да қойып берилди. Онда өзбек ҳәм рус халықларының миллий мәденияты ҳәм көркем өнери сәўлелендирилди.
Ушырасыўлардағы сөйлесиўлер ҳәм алға қойылған жаңа басламалар Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары арасында билимлендириў, илим ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылды.