Көз алдыңызға келтириң: жеңил адым, зорға еситилетуғын нәзик сыңғырық, металдың нәзик жылўасы. Өңир моншақ тек жақтылықта емес, ал сес шығарып та жанланады. Бул қарақалпақ дәстүрий кийиминиң өзине тән безеги болып, кестеленген көкирек бөлегиниң төменине беккемленеди ҳәм пүткил липасқа айрықша көринис және нәзиклик бағышлайды. Оның ҳәрекетлениўши илдиргишлери - шынжыршалар ҳәм қоңыраўшалар нәзик сыңғырлап, безеўди мисли жанлы ҳәрекетлениўши бөлимге айландырады.

Өңир моншақ гүмбез тәризли ямаса шатыр тәризли көринисте болып, дәстүрий ҳаял-қызлар бас кийиминиң формасы менен үнлеслик пайда етеди. Оның усыллық нағыслы безеклеринде устаның нәзик талғамы, форма ҳәм көлем үйлесимлигине умтылыўы айқын көринеди.

Ойма нағыс, сым нағыс, даналы нағыс, зерли нағыс, сондай-ақ, фируза ҳәм маржан қосылмалары - булардың барлығы қурамалы көркем образды сәўлелендиреди, ондағы ҳәр бир бөлим өз алдына мәнис-мазмунға ийе.

Оңир моншақ тек ғана безеў емес. Дәстүр бойынша, ол турмысқа шыққан ҳаял тымсалы менен байланыслы болып, қорғаныў, абаданлық ҳәм өмирдиң даўамлылығы ҳаққындағы көзқарасларды сәўлелендиреди. Бул - гөззаллық, жаңғырық ҳәм мәни үйлескен сийрек ушырасатуғын буйым. Оңир моншақты көриў - дәстүр даўамлылығын сезиў дегени.

Бундай экспонатларды дүньяға белгили Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде көриў мүмкин.

- Мениң атым Орландо, Италияданман. 2023-жылдан баслап Өзбекстанда гид болып ислеп атырман, - дейди сәўбетлесимиз. - 2024-жылдан баслап Қарақалпақстанға туристлик топарлар менен келемиз ҳәм Нөкис, Мойнақ ҳәм Арал теңизи аймағында боламыз. Буннан жүдә қуўанышлыман. Себеби биз Өзбекстанның ҳақыйқаттан да өзине тән орынларына барып атырмыз. Саяхат ушын жүдә көп қызықлы орынлар бар: Нөкистен баслап Мойнаққа шекем. Сондай-ақ, бул жерде Савицкий музейи жайласқан болып, ол жүдә гөззал ҳәм ҳақыйқаттан да сийрек ушырасады. Музей тарийхы да, ондағы сүўретлер де өзине тән.

Ашығын айтсам, Өзбекстанда турист жүдә аз болатуғын жерлерге барыў жағымлы. Мәселен, Самарқанд ҳәм Бухара жүдә гөззал қалалар, бирақ айырым мәўсимлерде туристлер көплиги себепли халық көп болады. Соның ушын бул жерде болыў ҳәм аз санлы саяхатшылар арасында өзгеше сезимлерди ашыў жүдә қызықлы.

Әлбетте, келген ҳәр бир турист И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейин тамашалаўдан шетте қалмайды. "Саҳрадағы Лувр" деп аталған белгили дәргайдың сийрек ушырасатуғын, бийтәкирар ҳәм бай коллекциясын тамашалаў ушын пүткил дүньядан туристлер Нөкиске келеди. Бул орын дүньяда баҳасы жағынан Санкт-Петербургтағы Мәмлекетлик Рус музейинен кейинги орында туратуғын рус авангардының коллекциясына ийе. Онда археологиялық мийрас объектлериниң ири коллекциясы, сондай-ақ, Орайлық Азия халық әмелий ҳәм заманагөй көркем өнери дөретпелери де сақланады.

- Мен миланлыман ҳәм бул жерге тосыннан келип қалдым, - дейди өзин Марко деп таныстырған саяхатшы. - Бул жер менде ҳақыйқатында да әжайып тәсир қалдырды. Музей - әжайып, ҳақыйқатында да бийтәкирар көркем өнер дөретпелери көрсетилген. Бул жерди қурған инсанның муҳаббаты ҳәм пидайылығы тарийхы ҳақыйқатында да таң қаларлық. Бул жерде тек ғана сулыў сүўретлерди емес, ал өткен дәўирлердиң турмысын сәўлелендириўши оғада қызықлы көринислерди табасыз.

Бул музей 1966-жылы көркем өнер ғайраткери, Қарақалпақстан халық художниги, “Буюк хизматлари учун” ордениниң ийеси Игорь Савицкийдиң басламасы менен ашылған. 1984-жылға келип оған художник аты берилген. 2011-жылы бул мәкеме "Туристлердиң итибарына түскен музей" дипломына ийе болды. Усы жылы музей шөлкемлестирилгениниң 60 жыллығы белгиленбекте.

Бүгин бул жерде 100 мыңға шамалас экспонат сақланбақта. Олардан 2500 ге шамаласы көргизбеге қойылған. Хронологиялық жақтан экспонатлар бронза дәўиринен баслап ҳәзирги дәўирге шекемги дөретиўшилик үлгилерин қамтып алады. Өзбек ҳәм рус художниклериниң 1920-1930-жыллары дөретилген авангард бағдарындағы шығармалары мәкемениң бийбаҳа дүрданалары болып табылады.

Игорь Савицкий Қарақалпақстанға биринши рет 1950-жылы Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедициясына қосылыў ушын келген. Соннан кейин ол Өзбекстанда пүткиллей қалып кетти. Орайлық Азияға тийисли қарақалпақ көркем өнери ҳәм өнерментшилиги дөретпелерин, художниклердиң дөретиўшилик үлгилерин, сондай-ақ, сол ўақытлары бурынғы аўқам мәкемелери қадаған еткен рус авангардының дөретпелерин жыйнай баслады.

- Комплексимиз фондында 1920-1930-жылларда авангард художниклер салған шығармалар жәмленген. Қарақалпақ халық усталары таярлаған зергерлик, ағаш ойыў, кестешилик, тоқымашылық ҳәм басқа да дөретпелер әмелий көркем өнер бөлимимизде жәмленген,-дейди музейдиң жуўаплы хызметкери Айгүл Пирназарова. - Әййемги Хорезм көркем өнери бөлими жергиликли археологиялық топарлар қолга киргизген табылмалар есабынан және де байып бармақта. Сүўретлеў өнери бөлиминиң топламын көп қырлы қарақалпақ художниклери И.Савицкий, К.Саипов, Ж.Қуттымуратов, Д.Төрениязов, Орайлық Азия художниклериниң кексе әўлад ўәкиллери А.Волков, М.Курзин, А.Николаев, Н.Карахан, У.Тансықбаев ҳәм басқалардың үлкен әҳмийетке ийе шығармалары қурайды. 

Қызыл киймешек

Музей коллекциясында дәстүрий нағыслары менен ажыралып туратуғын ең сулыў буйымлардан бири - қызыл киймешек сақланады. Бул бас кийим қызыл маўыттан тигиледи ҳәм жаңа турмыс қурған келиншектиң тийкарғы кийимлеринен. Оны ҳаяллар той күнинен баслап кийе баслаған. Сол себепли ол белгили дәрежеде ҳаялдың социаллық статусын да аңлатқан.

Бас кийим үш бөлимнен ибарат: киймешек алды - алдынғы бөлеги болып, толық кестелеп безелген; пашшайы - жипек гезлемеден тигилген арқа бөлими; киймешек қуйрық - жипек шашақлар менен безелген қуйрық бөлими. Алдынғы бөлими толық қурамалы кесте менен қапланған болып, онда геометриялық, өсимлик тәризли ҳәм зооморф (ҳайўан тәризли) нағыслар сүўретленген. Композицияның орайлық элементи - реңли жипек жиплер менен тигилген кең горизонталь "орта қара" лентасы болып табылады. Нағыслар өнимдарлық, абаданлық ҳәм қорғаўдың тымсалын сәўлелендирген. Қызыл рең болса өмир, жаслық ҳәм аналық тымсалы болған.

Дәстүр бойынша, көйлектиң бул бөлегин қыздың өзи кестелеп тигиўи керек. Тигиў ҳәм кестешилик жумыслары турмысқа шығыўдан әдеўир алдын басланып, гейде бир неше жыл даўам еткен. Ҳәр бир шебер өзине тән реңлер сәйкеслигин таңлап, нағыслар арқалы өзиниң сезимлерин, арзыў-нийетлерин билдирген. Сонлықтан, ҳәр бир киймешек оны таярлаған шебердиң бийтәкирар усылын сәўлелендирген.

Бүгин музей топламындағы қызыл киймешек тек ғана миллий кийим түри емес, ал қарақалпақ шеберлериниң дәстүрлерин, өзине тән символикалық мәнилерин ҳәм нәзик көркем өнер шеберлигин өзинде жәмлеген ҳақыйқый халық әмелий көркем өнериниң шығармасы болып есапланады.

- И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде сақланып атырған әмелий көркем өнер үлгилери, репрессия дәўири художниклериниң картиналары, тарийхый орынлардан табылған көп әсирлик буйымлар тек ғана жергиликли илимпазлар емес, ал сырт елли көркем өнертаныўшылардың да итибарына сазаўар болмақта, - дейди илимий хызметкер Ақсунгул Айтмуратова. - Көплеген сырт елли көркем өнертаныўшылар қарақалпақ халқының бай тарийхына итибар қаратып, оның бийтәкирар үлгилерин жоқары баҳалады ҳәм оларды өз мәмлекетлеринде көрсетиў тилегин билдирди.

Мәдений мәкеме бир неше сырт еллерде көргизбелер шөлкемлестирип келмекте. Тийкарғы мақсет халықаралық мәдений байланысларды ҳәм миллетлер дослығын беккемлеў менен бирге, халқымыздың бийбаҳа мийрасын ҳәм авангард дәўири художниклериниң картиналарын пүткил дүньяға танытыў. Бул экспонатлар көргизбеси Франция, АҚШ, Испания, Италия, Швейцария, Австралия, Германия, Нидерландия, Россия сыяқлы мәмлекетлерде өткерилип, сырт елли көркем өнер ықласбентлери тәрепинен қызғын күтип алынған ҳәм ҳәр бир көргизбеге бағышлап каталог китаплар басып шығарылған.

Музейлер ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып қалған байлықты келешек әўладқа жеткерип беретуғын илимий, руўхый-ағартыўшылық ғәзийне болып, жыллар даўамында байып, толып барады. Олар тек ғана мәдений қәдириятлардың көриниси болып қалмастан, бизди өтмиш саяхатына мирәт ететуғын жолшы жулдыз болып есапланады. Сонлықтан, ҳәр бир мәмлекет раўажланыўға қәдем атар екен, үрп-әдетлер, дәстүрлер ҳәм әййемги естеликлерди үйрениў ҳәм сақлаўға умтылыўы тәбийғый.

 

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы