Илаж Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған
бай ислам мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бағдарындағы кең
көлемли жумысларды әмелге асырыўда гезектеги әмелий қәдем болды.
Көргизбениң тийкарғы ўақыяларынан бири Өзбекстан Республикасы Президенти
Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасы менен Лондоннан Өзбекстанға алып келинген сийрек
ушырасатуғын естеликлердиң презентациясы болды. Экспозицияның ашылыўында жәмийетшилик
ўәкиллери, илимпазлар ҳәм журналистлер қатнасты.
Ислам
цивилизациясы орайының директоры Фирдавс Абдухолиқов атап өткениндей, соңғы
жыллары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өзбек халқының мәдений ҳәм
руўхый мийрасын Ўатанға қайтарыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Оның айтыўынша,
әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта еки мыңға шамалас
мәдений байлық Өзбекстанға қайтарылған. Орай экспозициясынан орын алған
көплеген сийрек ушырасатуғын қолжазбалар, тарийхый буйымлар ҳәм экспонатлар
мине усы басламаның нәтийжеси болды.
Сондай-ақ, ЕҚБШ
ҳәм Лондон полициясы менен биргеликтеги илажлар шеңберинде әҳмийетли тарийхый
ҳәм руўхый әҳмийетке ийе бир қатар мәдений байлықларды анықлаў ҳәм Өзбекстанға
қайтарыўға ерисилгени атап өтилди.
Көргизбеден ислам
дүньясының муқаддес орынларына байланыслы естеликлер орын алған. Орайлық экспонатлар
- XIX әсирдеги "Бурка" - металл кестелер менен безелген Кааба
есигиниң жабыўы, сондай-ақ, XIX әсир ақыры - XX әсир басларындағы Кааба
кисвасының бир бөлеги - "Хизом".
Мадина ал-Мунавварадағы
Равза мақбарасының 1900-жылға туўра келетуғын жабылғышы мийманларда айрықша
қызығыўшылық оятты, сондай-ақ, Кааба төбесине орнатылған "Мизоб
ар-Раҳмон" деп аталған теңи-тайы жоқ экспонат - алтын менен безетилген суў
тармағы.
Буннан тысқары, экспозицияда
"Аллаҳ" ҳәм "Муҳаммед" жазыўлары түсирилген көркем
паннолар, XVIII әсирдеги сийрек ушырасатуғын қолжазба намазлар китабы, соның
ишинде, «Далаиль аль-ҳайрат» ҳәм "Ал-Хизб ал-Аъзам" шығармалары да
орын алған. 1793-1795-жыллары көширилген қолжазба ислам каллиграфия көркем
өнериниң баҳалы үлгиси есапланады.
Ислам
цивилизациясы орайының бас илимий хызметкери Зоҳидилло Мунавваров Орай елимиз
тарийхына байланыслы сырт ел музейлери, аукцион үйлери ҳәм жеке меншик
коллекциялардағы экспонатларды излеў, сатып алыў ҳәм Өзбекстанға қайтарыў менен
белсене шуғылланып атырғанын атап өтти.
Оның атап
өтиўинше, қайтарылып атырған тарийхый байлықлар музей фондларын толықтырып ғана
қалмастан, өзбек халқының бай руўхый мийрасы, тарийхы ҳәм мәдениятын
халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыўға да хызмет етеди.
Кейинги жылларда
Өзбекстан ислам цивилизациясы орайы сырт ел илимий мәкемелери ҳәм музейлери
менен бирге ислесиўди кеңейтип, ислам мийрасын үйрениў ҳәм қәстерлеп сақлаў
бойынша ири халықаралық жойбарларды әмелге асырмақта.
Халықаралық
музейлер күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул көргизбе тарийхый
естеликти қәстерлеп сақлаў, мәдений мийрасты келешек әўладларға жеткериў,
жасларда миллий ҳәм руўхый қәдириятларға ҳүрметти беккемлеўге қаратылған.