Мәмлекетимиз басшысы Ираклий Кобахидзени туўылған күни менен қызғын
қутлықлап, оған беккем денсаўлық, Грузия халқына абаданлық ҳәм раўажланыў
тиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-3-июль күнлери Грузияға
мәмлекетлик сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыў
шеңберинде Өзбекстан - Грузия стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай
да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясын тереңлестириў,
сондай-ақ, Грузияның Поти ҳәм Анаклия портларының инфраструктурасынан нәтийжели
пайдаланыў арқалы транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиўге айрықша
итибар қаратылды.