Елимизде орынларда мәмлекетлик басқарыўдың атқарыўшы ҳәкимият уйымларын бирден-бир мәканда жәмлеўге тийкарланған жаңа модели избе-из енгизилмекте. Бундай көзқарас уйымлар жумысының муўапықлығын арттырыў, қарарлар қабыл етиўди жеделлестириў, халықты қыйнап атырған мәселелерди нәтийжели шешиўге хызмет етеди.

Биринши басқышта ўәлаят ҳәм қала ҳәкимликлери, прокуратура, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да структуралар жайластырылған Бухараның жаңа ҳәкимшилик орайында заманагөй ситуациялық орай шөлкемлестирилип, ол аймақты басқарыўдың интеллектуаллық ядросына айланды.

Бул жерде реал ўақыт режиминде ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм коммуналлық инфраструктураның жағдайынан баслап транспорт жағдайы, жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўге шекемги тийкарғы бағдарлар бойынша мағлыўматлар топланады, қайта исленеди ҳәм системалы талланады.

Жоқары мәртебели мийманға орайдың аймақлар кесиминдеги жағдайды комплексли мониторинг етиў, машқалалы орынларды ерте анықлаў, орынлардағы жумыслардың нәтийжелилигин қалыс баҳалаў ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қатаң қадағалаўды тәмийинлеў бойынша имканиятлары анық мысалларда көрсетип берилди. Бундай санлы механизмлер басқарыўдың сапасын жаңа басқышқа алып шығыў, қарарлардың мәнзиллилигин ҳәм басшылардың жеке жуўапкершилигин арттырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.

Буннан соң басшылар ҳәкимлик хызметкерлери ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Жаңа имаратта заманагөй жумыс орынлары, мәжилис заллары, санлы инфраструктура, мәмлекетлик уйымлардың нәтийжели жумысы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Сапар даўамында Қазақстан Президентине сийрек ушырасатуғын архив материалларының нусқалары да көрсетилди. Түркстанда жайласқан Хожа Аҳмад Яссаўий ҳәм Мырза Улығбектиң қызы Робия Султанбегим мақбараларына байланыслы Өзбекстанда анықланған 1920-1950-жыллардағы баҳалы ҳүжжетлер, сызылмалар ҳәм фотоматериаллар ҳаққында сөз бармақта.

Туўысқан Қазақстан халқына ҳәм еки мәмлекеттиң улыўма тарийхына ҳүрмет белгиси сыпатында бул архив ҳүжжетлериниң нусқалары Қазақстан тәрепине саўға етилди.

Көпшилиги усы күнге шекем илимий айланысқа киргизилмеген бул материаллардың үлкен тарийхый ҳәм илимий әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Орайлық Азия халықларының улыўма тарийхый-мәдений мийрасында теңсиз архитектуралық естеликлер болған Аҳмад Яссаўий ҳәм Робия Султанбегим мақбаралары айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди.