XIX әсирде синтетикалық затлар ҳәм жасалма бояўлар ислеп шығарыў технологияларының пайда болыўы Европа санаат революциясының екинши басқышын тезлестирген болса, XX әсирде нефть-химия санаатының жедел раўажланыўы пластмасса, полимер ҳәм жасалма материаллар дәўирин баслап берди. XXI әсирге келип болса нанотехнологиялар, композит материаллар ҳәм жоқары функционал химиялық бирикпелер ислеп шығарыў тараўындағы жетискенликлер пүткил дүнья экономикасының технологиялық көринисин түп-тийкарынан өзгерттирмекте.
Ҳақыйқатында да, бүгин химия санааты әпиўайы санаат
тармақларынан бири сыпатында емес, ал дерлик барлық тараўды бирлестирип
туратуғын стратегиялық технологиялық тийкар сыпатында көзге тасланбақта. Автомобилсазлықтағы
жеңил ҳәм беккем полимерлер, авиация санаатында қолланылып атырған композит
материаллар, фармацевтикадағы жоқары нәтийжели дәри-дәрмақлар, агросанаат
комплексинде қолланылып атырған минерал төгинлер ҳәм биохимиялық қураллар -
булардың барлығы химия санаатының раўажланыўының тиккелей өними болып
есапланады. Сонлықтан, жетекши мәмлекетлер химия санаатын индустриаллық
раўажланыўдың әҳмийетли таянышы, экономикалық өсиўди тәмийинлейтуғын
стратегиялық драйвер сыпатында көрмекте.
Өзбекстан да бул глобал тенденциялардан шетте емес.
Елимизде санаатты модернизациялаў, шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў ҳәм
жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиўге қаратылған кең көлемли
реформалар әмелге асырылмақта. Усы мәнисте, жақында мәмлекетимиз басшысының химия
санаатындағы ири инвестициялық жойбарлар бойынша презентация менен танысыўы ҳәм
тармақты "мақсет - ҳәрекет - нәтийже" принципи тийкарында жаңа
стратегиялық режелестириў системасына өткериў зәрүр екенлигин атап өткени
ҳәзирги ўақытта оғада әҳмиетли сиясий-экономикалық сигнал сипатында қабыл
етилиўи керек.
Қәниге көз қарасынан бундай қатнас тосыннан емес.
Себеби, әмелиятта белгили болғанындай, көп жағдайларда санаат тармақларының
раўажланыўына тийкарғы тосқынлық ресурслардың жетиспеўшилиги емес, ал анық
стратегиялық мақсетлер, нәтийжели басқарыў механизмлери ҳәм заманагөй басқарыў
принциплериниң жетерли дәрежеде қәлиплеспегенлиги болып табылады. Сонлықтан,
химия санаатында стратегиялық режелестириў, инвестициялық жойбарларды системалы
басқарыў ҳәм технологиялық модернизацияны үйлестириў мәселеси әҳмийетли.
Усы көзқарастан, бул презентацияны мәмлекеттиң химия
санаатының раўажланыўында жаңа институционаллық басқышты баслап беретуғын әҳмийетли
қәдем сыпатында баҳалаў мүмкин. Егер белгиленген ўазыйпалар избе-из әмелге
асырылса, химия санааты тек ғана экономиканың әҳмийетли тармағы емес, ал
мәмлекетимиздиң жаңа индустриаллық раўажланыў стратегиясындағы шешиўши
драйверлерден бирине айланады. Себеби, санааттың бул бағдары экономикалық өсиў
пәтин тәмийинлеў менен бирге аўыл хожалығы, энергетика, қурылыс ҳәм жоқары
технологиялы өндирис тараўларын шийки зат ҳәм таяр өнимлер менен тәмийинлеўде
де шешиўши орын ийелейди.
Усы жыл ушын белгиленген ўазыйпалар да әйне усы
стратегиялық мақсетлерди нәзерде тутады. Атап айтқанда, химия санааты
өнимлериниң экспорт баҳасын 720 миллион долларға, азотлы төгинлер ислеп шығарыў
көлемин 1 миллион 120 мың тонна, фосфорлы төгинлер ислеп шығарыўды 135 мың
тонна, калийли төгинлер ислеп шығарыўды болса 222 мың тоннаға жеткериў
ўазыйпасы режелестирилген.
Бир қарағанда бул санлар әпиўайы статистикалық
көрсеткишлер сыяқлы көриниўи мүмкин, бирақ олардың артында терең экономикалық
логика ҳәм узақ мүддетли стратегиялық мақсетлер жәмленген. Себеби минерал
төгинлер ислеп шығарыў көлеми аўыл хожалығы өнимдарлығына тиккелей тәсир етеди.
Аграр тараўда жоқары зүрәәтлиликти тәмийинлеў, азық-аўқат өнимлерин ислеп
шығарыўды турақлы арттырыў ҳәм экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлериниң
үлесин көбейтиў ушын минерал төгинлер менен тәмийинленгенлик дәрежеси шешиўши
факторлардан. Усы мәнисте, химия санаатын раўажландырыў тек ғана санаат сиясаты
шеңбериндеги ўазыйпа емес, ал мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аграр
турақлылығын тәмийинлеўге хызмет ететуғын стратегиялық бағдар болып есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи: усы жылы химия санаатында 9,5 миллиард долларлық 133
инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Бул жойбарлар шеңберинде
2,5 миллиард доллар инвестиция тартыў нәзерде тутылмақта. Бул болса тармақты
модернизациялаў, жаңа өндирислик қуўатлықларды жаратыў ҳәм жоқары технологиялық
өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиўге қаратылған кең көлемли экономикалық
бағдарламаның әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди.
Бул инвестициялық жойбарлардың әҳмийети тек ғана
өндирис көлемин арттырыў менен шекленип қалмайды. Ең әҳмийетлиси, олар
тармақтың технологиялық структурасын түп-тийкарынан өзгертиўге хызмет етеди.
Себеби режелестирилген жойбарлардың үлкен бөлеги жаңа технологиялық линияларды
енгизиў, бар өндирис тармақларын модернизациялаў, сондай-ақ, жоқары қосымша
қунға ийе заманагөй химиялық өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыўға
қаратылған. Бул болса, өз гезегинде, елимиздиң химия санаатын әпиўайы шийки зат
ямаса ярым таяр өним ислеп шығаратуғын тармақтан инновациялық ҳәм технологиялық
жақтан раўажланған индустриаллық секторға айландырыў жолында әҳмийетли қәдем
болады.
Санаат инженерлиги көзқарасынан қарағанда, ири
инвестициялық жойбарлардың табысы, бәринен бурын, үш әҳмийетли факторға
байланыслы. Бириншиси, анық ҳәм илимий тийкарланған технологиялық жойбарлаў.
Бул басқышта өндирис технологиясы, қуўатлықлар, ресурслар ҳәм базар талаплары
пуқта талланыўы зәрүр. Екиншиси, нәтийжели тәмийнат шынжыры. Яғный шийки зат,
үскенелер, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўының турақлы ҳәм үзликсиз ислеўи
тәмийинлениўи керек. Үшиншиси болса, заманагөй санлы жойбарларды басқарыў
системаларын енгизиў болып табылады. Бул болса инвестиция процесин реал ўақыт
режиминде бақлаў, қәрежетлерди қадағалаў ҳәм мүддетлерди анық режелестириў
имканиятын береди.
Егер бул факторлардан бири жетерли дәрежеде ислемесе,
ҳәттеки үлкен финанслық ресурслар тартылған жағдайда да күтилген нәтийжеге
ерисиў қыйын. Сонлықтан, химия санаатындағы инвестициялық жойбарларды нәтийжели
басқарыў, анық мүддет ҳәм экономикалық нәтийжелилик тийкарында әмелге асырыў
бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан.
Химия санаатының турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы
раўажланыўы, бәринен бурын, илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық технологиялар
менен тығыз байланыслы. Заманагөй химия санааты тек ғана өндирис қуўатлықларын
арттырыў менен шекленбейди. Ол жаңа затлар, алдынғы материаллар ҳәм жоқары
технологиялық өнимлерди жаратыўға қаратылған илимий излениўлер менен бирге
раўажланады. Сол себепли, бул тармақта илим ҳәм өндирис арасындағы бирге
ислесиў қаншелли беккем болса, санааттың инновациялық потенциалы да соншелли
жоқары болады.
Презентацияда Қубла Кореяның жетекши компаниялары
менен биргеликте химия-технология инновация орайын шөлкемлестириў режесиниң
мәлим етилгени айрықша әҳмийетке ийе. Бул орай заманагөй илимий инфраструктураны
қәлиплестириў, жаңа технологияларды ислеп шығыў ҳәм оларды санаатқа енгизиў
бойынша әҳмийетли платформаға айланыўы күтилмекте. Ең әҳмийетлиси, бул орай тек
ғана лабораториялық изертлеўлер менен шекленип қалмастан, илимий идеяларды
әмелиятқа енгизиў, яғный илим ҳәм өндирис арасындағы интеграцияны тәмийинлеўге
хызмет етеди.
Режеге бола, бул инновациялық орай газ ҳәм көмир
химиясы, катализаторлар ҳәм сорбентлер, сондай-ақ, нано ҳәм композит
материаллар сыяқлы перспективалы бағдарларда илимий изертлеўлер алып барыўға
қәнигелеседи. Бул тараўлар болса бүгин жәҳән химия санаатында ең тез раўажланып
атырған ҳәм жоқары қосымша қун жаратыў имканиятын беретуғын бағдарлардан.
Қәнигелер жақсы биледи: дүньядағы ири химия
компаниялары өз дәраматының орташа 4-6 процентин илимий изертлеў ҳәм
тәжирийбе-конструкторлық жумысларға жумсайды. Бул сан, тийкарында, бир әҳмийетли
ҳақыйқатты көрсетеди: химия санаатында инновациясыз бәсекиге шыдамлылықты
тәмийинлеў дерлик имкансыз. Себеби жаңа материаллар, нәтийжели катализаторлар,
энергия үнемлеўши технологиялар ҳәм экологиялық қәўипсиз өндирис усыллары
турақлы илимий излениўлер нәтийжесинде жаратылады.
Усы мәнисте, мәмлекетимизде химия-технология
инновация орайының шөлкемлестирилиўи тек ғана илимий изертлеўлерди раўажландырыў
емес, ал Өзбекстан химия санаатын инновациялық тийкарда модернизациялаў
жолындағы әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин. Бул болса, өз гезегинде,
мәмлекетимиздиң регионда илимий-технологиялық орай сыпатындағы абырайын
беккемлеўге де хызмет етеди.
Химия санаатын заманагөй тийкарда раўажландырыўда
өндирис процесин санластырыў ҳәм басқарыў системаларын жетилистириў мәселеси де
айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Себеби бүгин санаат нәтийжелилигин тәмийинлеў
тек ғана жаңа қуўатлықлар қурыў ямаса технологиялық модернизациялаў менен
шекленип қалмайды. Ол, бәринен бурын, өндирис, қаржы, логистика ҳәм тәмийнат
процесин бирден-бир санлы басқарыў системасы тийкарында муўапықластырыўды талап
етеди.
Усы көзқарастан, "Узхимиясанаат"
акционерлик жәмийети системасында ERP (Enterprise Resource Planning) платформасының енгизилиўи
әҳмийетли институционаллық қәдем сыпатында баҳаланбақта. Бул система шеңберинде
16 мәлимлеме системасы бирден-бир санлы платформаға бирлестирилген. Бул болса
тармақ кәрханаларының жумысын комплексли басқарыў, ресурслардан нәтийжели
пайдаланыў ҳәм қарар қабыл етиў процесин системалы түрде муўапықластырыў
имканиятын береди.
Санлы трансформация процеси буның менен шекленип
қалмайды. Жақын келешекте тармақ жумысының әҳмийетли бағдарларында жасалма
интеллект технологияларын енгизиў режелестирилмекте. Атап айтқанда, минерал
төгинлерге талапты илимий тийкарда прогнозлаў, финанслық көрсеткишлерди таллаў
ҳәм өндирис нәтийжелилигин баҳалаў, сондай-ақ, тәмийнат шынжырын басқарыў
сыяқлы қурамалы процесслерде жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў
нәзерде тутылған.
Бундай көзқарас санаатты басқарыўды пүткиллей жаңа
басқышқа алып шығады. Себеби заманагөй санлы технологиялар жәрдеминде үлкен
көлемдеги мағлыўматларды жедел таллаў, базар конъюнктурасындағы өзгерислерди болжаў
ҳәм стратегиялық қарарларды илимий тийкарда қабыл етиў имканияты пайда болады.
Бул болса санаат басқарыўында data-driven
management, яғный мағлыўматларға тийкарланған қарар қабыл етиў принципин
қәлиплестириўге хызмет етеди.
Химия санаатының раўажланыўына бағышланған бул
презентацияны таллап, бир әҳмийетли жуўмаққа келиў мүмкин: Өзбекстан санаатында
жаңа индустриаллық басқыш қәлиплесиў алдында тур. Бул басқыштың мәниси сонда,
мәмлекетимиз экономикасы тәбийғый ресурсларды әпиўайы шийки зат сыпатында экспорт
етиў моделинен басқышпа-басқыш ўаз кешип, оларды терең қайта ислеў арқалы
жоқары қосымша қун жаратыўға тийкарланған заманагөй индустриаллық экономикаға
өтпекте.
Химия санаатындағы бул өзгерислер тек ғана жаңа завод
ҳәм өндирис қуўатлықларын қурыў менен шекленип қалмаўы керек. Ол, бәринен
бурын, илим, инженерлик пикирлеў ҳәм инновациялық қатнасықларға сүйенген жаңа
санаат мәдениятын қәлиплестириўди талап етеди. Себеби заманагөй санаат
раўажланыўының тийкарғы дереги технологиялар, билим ҳәм инсан капиталы.
Егер елимизде инвестиция, илим, технология ҳәм
кадрлар потенциалы өз-ара үнлес раўажланса, химия санааты миллий экономиканың
әҳмийетли тармағы болыўы менен бирге Өзбекстанның жаңа индустриаллық
раўажланыўын белгилеп беретуғын тийкарғы драйверлерден бирине айланады.
Сонда Өзбекстан тек ғана Орайлық Азияда емес, ал
Евроазия мәканында да заманагөй химия санааты ҳәм инновациялық технологиялар
раўажланған ири индустриаллық орайлардан бири сыпатында беккем орын иелейтуғыны
сөзсиз.
Шерзод ЖАЛИЛОВ,
экономика илимлериниң докторы, профессор