Себеби коммуналлық хызметлердиң сапасы тиккелей халықтың күнделикли турмысындағы қолайлықлар, турмыс абаданлығы ҳәм кейпиятына тәсир көрсетеди. Әсиресе, шаңарақтың ыссылығы, аўқат таярлаў имканияты сыяқлы әпиўайы көринген талаплар артында пүткил инфраструктура ҳәм үлкен система турыпты.
Елимизде мине усы
системаны түп-тийкарынан жаңалап, турақлы раўажландырып барыў мәмлекетлик
сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанының себеби сонда. Атап
айтқанда, халықты суйылттырылған газ бенен сапалы ҳәм үзликсиз тәмийинлеўге
үлкен итибар қаратылмақта. Елимизде тәбийғый газ тармағы жетип бармаған
аймақлар бар. Бундай хожалықлардың халқы, тийкарынан, суйылтырылған газден
пайдаланады. Бирақ, гейде газ жеткерип бериўде машқалалар бақланбақта.
Буннан он жыл
алдынғы жағдайды көпшилик жақсы еслейди. Суйылттырылған газ бенен байланыслы
машқалалар дерлик ҳәр бир шаңараққа тийисли еди. Жыллар даўамында жаңаланбаған
инфраструктура артып баратырған жүклемени көтере алмай қалған еди. Айырым
шаңарақлар газ келиўин ҳәптелеп күтиўге мәжбүр болған. Әсиресе, қыс айларында
машқала айқын көринетуғын еди. Газ баллонларын сатып алыў былай турсын, оларды
табыўдың өзи қыйын болған. Жетиспеўшилик кем-кемнен адамлар турмысының әдеттеги
бөлегине айланып кеткен еди.
Ҳәзир бул
машқалалардан из де қалмаған, деўден жырақпыз. Бирақ кейинги жыллары тараўдағы
өзгерислер тиккелей адамлардың турмыс тәризине кирип барғаны рас. Система
түп-тийкарынан жаңаланып, тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ тәмийнатында пүткиллей
заманагөй, санластырылған қатнасларға өтилгени нәтийжеси ўатанласларымыз
турмысында айқын сезилмекте. Үлкен көлемдеги модернизация жумыслары себепли
халықты газ бенен тәмийинлеў көлеми артып бармақта.
Соған қарамастан,
еле ислениўи керек болған ўазыйпалар көп. Халыққа суйылттырылған газди өз
ўақтында жеткерип бериўде айырым машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда,
айырым аймақларда суйылтырылған газ тутыныўшыларға белгиленген мүддетлерде жетип
бармай атырғаны себепли, халық зәрүр дәректи автомобильлерге газ қуйыў
шақапшаларынан базар баҳаларында сатып алыўға мәжбүр болмақта. Бул адамлар ушын
артықша ҳәрекет ҳәм қәрежет дегени. Қыс есик қағып турған ўақытта усындай
мәселелерди шешиў зәрүр.
Мағлыўматларға
бола, елимизде 3,8 миллионға шамалас халық ҳәм дерлик 2 мың социаллық тараў объекти
суйылтырылған газ бенен тәмийинленеди. Усы жылы халық ҳәм социаллық тараў объектлериниң
талабы ушын 604,8 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў нәзерде тутылған.
Тап усы ўазыйпа жаңаша тәртипте орынланыўы күтилмекте. Себеби, бул бағдарда
пүткиллей жаңа система енгизилмекте.
Усы жыл
7-сентябрьде мәмлекетимиз басшысына халықты суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў
системасын реформалаў бойынша усыныслар таныстырылды. Онда бир неше бағдарлар
белгиленген болып, тийкарғы мақсет суйылтырылған газдиң адамларға өз ўақтында
жетип барыўы, тәмийнатта үзилислерге жол қоймаўға қаратылған. Мәмлекетимиз
басшысы қойып атырған талап та усы - мине, усы мәселеде, бәринен бурын, халықтың
мәпи үстин болыўы зәрүр.
- Суйылттырылған
газ тәмийнатында басқышпа-басқыш базар принциплерине өтилип атыр, - дейди энергетика
министри Шерзод Хўжаев. - Оның ушын
тараўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў ҳәм бәсеки орталығын қәлиплестириў
бойынша усыныслар ислеп шығылған. Жаңа қатнасты, бәринен бурын, Әндижан
ўәлаятында пилот жойбар сыпатында әмелге асырыў белгиленди. Оған бола, аймақта “Аймақлықгазтәмийнаты”
менен бир қатарда жеке меншик исбилерменлерге де газди халыққа еркин баҳаларда
сатыў имканияты бериледи. Буның ушын барлық шараятлар жаратылып, айырым
нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиледи, мақсет тараўда исбилерменлерди
кеңирек хошаметлеўге қаратылған.
Бул адамлардың
таңлаў ҳәм хызметтен пайдаланыў имканиятын да арттырады. Мәселен, бүгинги күнде
халық арасында белгиленген нормадан артықша суйылтырылған газден пайдаланыўға
мүтәжлиги болса, өз жеке автомобильлеринде газ толтырыў шақапшаларына барып,
газ баллонларын толтырып, надурыс түрде пайдаланыў жағдайлары ушырасып атыр. Мине
усындай қәўипли жағдайларға жол қоймаў ушын керек болса ҳәр бир мәҳәлледе
суйылттырылған газ баллонларын сататуғын, барлық техникалық талапларға жуўап
беретуғын жеке меншик шақапшаларды ашыў нәзерде тутылған. Тараўға жеке меншик
сектордың кирип келиўи болса бәсеки орталығын жаратып, халыққа көрсетилетуғын
хызметлердиң сапасын арттырады.
Тутыныўшыларда таңлаў имканияты болады
Гәп енди адамлар
"үйимизге қашан суйылтырылған газ жеткерип береди", деп күтип
отырмастан, жақын жердеги жеке меншик шақапшадан қәлегенинше газ сатып алыўы
мүмкин екенлиги ҳаққында бармақта. Әндижанда басланатуғын пилот жойбар тийкарғы
тәжирийбеге айланыўы күтилмекте. Жойбар шеңберинде процесске кеминде еки жеке
меншик оператор тартылады. Олар зәрүр лицензия ҳәм рухсатнамалар, маман инженер-техникалық
хызметкерлерге ийе болыўы керек. Аймақларда шақапшалар шөлкемлестирилип,
суйылтырылған газ жеткерип бериўдиң анық кестеси болады, есап-санақлар
санластырылып, бөлистириўдиң ашық-айдынлығы тәмийинленеди.
Тутыныўшылар ушын
мобиль қосымша ҳәм онлайн хызметлер жолға қойылады. Адамлар суйылтырылған газди
онлайн буйыртпа етиўи, өзи қәлеген ўақытта қәлеген көлемде сатып алыўы сыяқлы
қолайлықлар пайда болады. Бул болса бурын бар болған "газ қашан
келеди?" сыяқлы сораўлардың орнына "буйыртпасым қашан жеткерип
бериледи?" деген заманагөй хызмет моделин қәлиплестиреди. Тийкарғысы,
адамларда таңлаў имканияты артады. Мәселен, ҳәзирги ўақытта “Аймақлықгазтәмийнаты”
тәрепинен тийкарынан 20 килограммлық баллонлардан пайдаланылмақта. Жаңа
модельде болса исбилерменлерге заманагөй газ баллонларынан пайдаланыў, оларды
тутыныўшыларға өз зәрүрлигинен келип шығып усыныў имканияты бериледи. Бәсеки
орталығында сапалы ҳәм оператив хызмет түрлери артады.
Жеке меншик
секторды тартыў бағдарында дәслепки тәжирийбе сыпатында Әндижан ўәлаяты
таңланғаны бийкарға емес. Бүгинги күнде ўәлаят исбилерменлери сырт елден
суйылтырылған газ сатып алып, ишки базарда сатпақта. "Ширин"
пунктинде басланған тәжирийбе нәтийжелери жаңа қатнастың нәтийжелилигин
көрсетти. Енди усы тәжирийбени буннан былай да жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин
арттырыў жумыслары даўам еттириледи. Жаңа тәжирийбе басқышпа-басқыш басқа
аймақларда да енгизиледи.
- Системада
ашық-айдынлықты тәмийинлеўдеги әҳмийетли тәреплерден және бири суйылтырылған
газдиң усақлап сатыў баҳасын белгилеўде экономикалық тийкарланған базар
механизмлерине өтип атырғанында, - дейди экономика ҳәм қаржы министриниң
орынбасары Хуршид Мустафоев. - Гәп сонда, суйылтырылған газ ислеп шығарыў,
импорт, сатып алыў ҳәм жеткерип бериў қәрежетлери арасындағы парық жылдан-жылға
артып, бюджеттен ажыратылатуғын субсидияларға талап көбеймекте. Үлкен көлемдеги
бар талапты қанаатландырыў ушын тек системаны басқарыўдың өзи жетерли емес.
Ресурсларды сатып алыўдан баслап жеткерип бериўге шекемги барлық буўынларды бир
пүтин система сыпатында жетилистириў зәрүр. Сол себепли, “Аймақлықгазтәмийнаты”
шөлкемлестириўинде “LPG-Trade” ЖШЖн шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул структура
суйылтырылған газди биржа арқалы сатып алып, белгиленген тәртипте адамларға
жеткерип бериў менен шуғылланады. Процессте баҳа сиясаты басқышпа-басқыш
тәртипке салынып, жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын мәнзилли қоллап-қуўатлаў
механизми енгизиледи. Социаллық тараў объектлериниң мүтәжликлери ушын
суйылтырылған газди биржа баҳаларында жеткерип бериў, халыққа белгиленген
баҳада сатыў нәтийжесинде жүзеге келетуғын унамсыз айырмашылықты республикалық
бюджет қаржылары есабынан қаплаў тәртиби де нәзерде тутылмақта.
Онда социаллық
қорғаўға мүтәж шаңарақлардың мәплери айрықша итибарға алынады. Социаллық
қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген шаңарақларға газ сатып алыўы ушын
субсидиялар ажыратыў белгиленбекте. Бул, әсиресе, гүзги-қысқы мәўсимде халықтың
жәрдемге мүтәж қатламы ушын қосымша жәрдем болады.
Жаңа системаға
бола, хызмет баҳаларын басқышпа-басқыш базар механизмлери тийкарында, жеткерип
бериў қәрежетлери ҳәм инфраструктураны раўажландырыў талапларын есапқа алған
ҳалда қәлиплестириў режелестирилмекте. Ҳәр ким тутыныўға жараса төлейтуғын
бундай шараятта, қалаберди, суўық мәўсим себепли газге талап артқан ўақытта
айырым шаңарақлар ушын тутыныў талабын қанаатландырыў қыйыншылық туўдырады.
Сонлықтан, мәмлекет тәрепинен жәрдем улыўма жеңиллик түринде емес, ал жәрдемге
мүтәж шаңарақларға қаратылады. Суйылттырылған газди импорт етиўши кәрханалар
ушын биржа саўдаларында нызамшылық тийкарында айырым жеңилликлер менен
шегирмелер берилиўи болса ресурс тәмийнатын турақластырыўға хызмет етеди.
Солай етип,
суйылтырылған газ тәмийнатында жаңа басқышқа өтилмекте. Буннан, бәринен бурын,
халық мәпдар болыўы керек. Белгиленген илажлардың нәтийжеси, әсиресе,
гүзги-қысқы мәўсимде адамлардың үйи ыссы, газ тәмийнатына байланыслы машқаласы
болмағанда көринеди. Қалаберди, бул бағдарда халыққа қолайлы, қәўипсиз ҳәм
турақлы хызмет көрсетиўди тәмийинлеў мақсет етилген. Тутыныўшы суйылтырылған
газди қай жерден табыўды емес, оны қаншелли тез ҳәм сапалы алыўды ойлайтуғын,
өзине мақулын таңлайтуғын система жаратылмақта.
Ирода
ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы