Бурын бул аймақ тек ғана экологиялық кризис зонасы сыпатында көрилген болса, бүгинги күнде ол ири инвестициялар, санаат ҳәм жасыл технологиялар орайына айланып бармақта.
Кейинги жыллары аймақтың экономикалық,
социаллық ҳәм мәдений келбетин жаңалаўға қаратылған кең көлемли реформалар ҳәм
үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Аралбойы аймағы тек ғана
экономикалық жақтан жоқарылап емес, ал заманагөй инфраструктура,
"жасыл" технологиялар ҳәм туризм орайына айланып, өзиниң көринисин
түп-тийкарынан өзгертти. Қурыған теңиз түбинде миллион гектардан аслам майданда
сексеўил ҳәм шөл өсимликлери егилип, қум көшиўи сезилерли дәрежеде тоқтатылды.
Нөкис ҳәм Мойнақ сыяқлы аймақлар
жаңа көриниске ийе болып, заманагөй инфраструктура, аэропорт ҳәм жоллар
қурылмақта. Савицкий музейи, Мойнақ ҳәм Үстирт платосы туристлердиң итибарын
тартпақта, келиўшилер ағымы бир неше есеге артты.
Қарақалпақстан өзиниң үлкен майданы
ҳәм қазылма байлықлар резерви менен үлкен экономикалық ҳәм инвестициялық
потенциалға ийе. Қарақалпақстан экономикасында сезилерли өзгерислерге ерисилди.
Соның ишинде, 8 жыл алдын аймақ экономикасы халықтың жан басына көлеми бойынша
ең ақырғы орында болған болса, бүгин 7-орынға көтерилди. Санаат өниминиң тек
ғана 4 проценти экспортқа шыққан болса, ҳәзир бул көрсеткиш 30 процентке жетти.
Улыўма экспорт 2016-жылға салыстырғанда 3,5 есеге артып, 2,1 миллиард долларды
қурады.
Усы жылдың ақырына шекем жумыссызлық
дәрежесин 4,2 процентке, кәмбағаллықты 3,2 процентке шекем азайтыў, Нөкис
қаласы, Қоңырат ҳәм Шымбай районлары және 109 мәҳәллени жумыссызлық ҳәм
кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў мақсет етилген. Қосымша түрде
"аўыр" категориядағы Бозатаў, Қанлыкөл, Мойнақ ҳәм Шоманай районлары және
90 мәҳәлледе кәмбағаллықты 2 есеге қысқартыў илажлары көрилмекте.
Ҳәр бир
өзгеристе инсан мәпи
Қарақалпақстанның
Әмиўдәрья районы халқы бүгин реформалардан разы. Себеби районда кең көлемли
дөретиўшилик жумыслары тынбай атыр. Бул жумыслар аймақты раўажландырыў,
кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылғаны менен де әҳмийетли. Соның ишинде, усы
жылы "Аўыр мәҳәлле" бағдарламасы тийкарында Әмиўдәрья районындағы 8
мәҳәлле таңлап алынды. Олардың ҳәр бирине республикалық бюджеттен 3
миллиардтан, улыўма есапта 24 миллиард сум ажыратылды.
- Бул қаржы,
биринши гезекте, халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиўге қаратылады.
Яғный жол, суў ҳәм электр тәмийнаты жақсыланады. Соның ишинде, бағдарлама
шеңберинде аймақларда 6 километр жол асфальтланады. Және 53,2 километр жаңа
электр тармақларын тартыў режелестирилген. Электр тәмийнатындағы үзилислердиң
алдын алыў мақсетинде тармақ қорғаныў қабығына (СИП) ийе кабельге
алмастырылады. Сондай-ақ, 19 заманагөй трансформатор ҳәм бетон бағаналар
орнатылады, - дейди Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Фахриддин
Юсупов. - Буннан тысқары, аймақларда 160 киловатт қуўатлылыққа ийе қуяш
панельлери монтажланады. Дийқаншылық ҳәм қыйтақ жер хожалығын раўажландырыў,
суў тәмийнатын жақсылаў ушын еки аймақта 10 насос орнатылады ҳәм 6 артезиан
қудығы қазылады.
Инфраструктураны
жақсылаў менен бирге, аймақтың социаллық-экономикалық көрсеткишлерин өсириўге
де айрықша итибар қаратылмақта. Жойбарлар нәтийжесинде районда 402 жаңа жумыс
орны жаратылады. Сондай-ақ, 419 адам өзин-өзи бәнт етиў имканиятына ийе болады.
Нәтийжеде 536 адам ушын турақлы дәрамат дәреги жаратылады. Қалаберди, 144 жаңа
исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, бар 87 кәрхананың жумысы және де
кеңейтиледи. Бул арқалы жергиликли бюджетке қосымша 1 миллиард 460 миллион сум
түсим күтилмекте. Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўын кеңейтиў мақсетинде 98
саўда лоты шөлкемлестириледи.
Әмиўдәрья районының
“Юқориқишлоқ” мәҳәллеси мысалында бағдарламаның орынланыўының реал нәтийжесин
көриў мүмкин. Бул жерде улыўма есапта 3 ири жойбар турмысқа енгизилмекте.
Дәслепки жойбар шеңберинде 665 шаңараққа тийисли 3,1 гектар қыйтақ жердиң суў
тәмийнаты түп-тийкарынан жақсыланады. Екинши жойбарда Нәўқыран әўлад ҳәм Ғаллакор
көшелеринде 250 киловатт қуўатлылықтағы трансформатор орнатылады. Оған қосымша
түрде Манзара, Нәўқыран әўлад, Пасбанлар, Фермерлер ҳәм Миллий ғәрезсизлик
көшелери бойлап бетон бағаналар орнатылып, баҳасы 1 миллиард сумлық электр
тармақлары тартылады. Үшинши жойбар тийкарында мәҳәллени район орайы ҳәм басқа
да тутас аймақлар менен байланыстыратуғын жоллар асфальтланады. Буның ушын 1
миллиард 510 миллион сум ажыратылады.
Президентимиз
2025-жыл 8-октябрьде "Айырым район (қала) ҳәм мәҳәллелерди халықтың жасаўы
ҳәм исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын үлгили аймаққа айландырыў
илажлары ҳаққында"ғы қарарға қол қойған еди. Усы ҳүжжет тийкарында
районның “Қылышбай” аўылында "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәлле"
жойбары турмысқа енгизилмекте. Оның ушын мәҳәллеге бюджеттен 5 миллиард сум
ажыратылған. Бул бағдарлама шеңберинде аймақтың инфраструктурасын пүткиллей
өзгертетін мәнзилли жойбарлар ислеп шығылды.
- Мәҳәллемизде усы
ўақытқа шекем ойымызға да келмеген жаңаланыўлар болып атыр. Мәселен, 200
миллион сумға 2 воркаут майданшасы ҳәм 400 миллион сумға 2 балалар ойын
майданшасы қурылады, - дейди Жоқары аўыл пуқаралар жыйынының ақсақалы Ғуламжан
Атажанов. - Сондай-ақ, пиядалар ҳәм велосипедшилер ушын 1,5 миллиард сумға 2
километр жол қурылады. Мәҳәлле көшелерин абат етип, жол ҳәрекети қәўипсизлигин
тәмийинлеў мақсетинде 250 миллион сумға шырақлар ҳәм "ақыллы"
светофор орнатылады. Сондай-ақ, 950 миллион сумға жолларда ағымдағы оңлаў
жумыслары орынланады. 3 километр аралықтағы электр тармағы қорғаныў қабығы бар
сымларға алмастырылады. 250 киловатт қуўатлылықтағы трансформатор орнатылады.
1,5 миллиард сумға киши базар ашыў да нәзерде тутылған.
Бағдарламалар
шеңбериндеги бундай системалы жумыслар аймақлардың көринисин түп-тийкарынан
өзгертип, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етпекте. Беруний
районындағы дөретиўшилик жумыслары да халқымыздың қуўанышына себеп болмақта.
Мәселен, райондағы “Сарайкөл” мәҳәллеси "аўыр категория"ға
киргизилген еди. Республикалық бюджеттен 2 миллиард, жергиликли бюджеттен 1
миллиард сум ажыратылып, аймақтағы жоллардың 3 километрин асфальтлаў,
трансформатор орнатыў ҳәм 1,2 километр электр тармағын тартыў белгиленген.
Бул бағдардағы
жумыслардың салмақлы бөлегин орынлаўға әллеқашан кирисилген. Бүгин
қарақалпақстанлылар мине усы дөретиўшилик руўхына сәйкес түрде жаңа режелер ҳәм
шеклер менен алға умтылып жасамақта.
Минажатдин
ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги
Ўзбекистон” хабаршысы