Усы күнлерде исбилерменлер, әсиресе, киши ҳәм орта бизнес ийелери Президентимиздиң жаңа пәрманы менен исбилермен топар ўәкиллерине берилип атырған бир қатар жеңилликлер менен преференциялар ҳаққында айтып атыр. Себеби, мине, усы пәрман менен жыллар даўамында исбилерменге бас аўырыў болып, уйқысын қашырған реал машқалалар шешилди. Қалаберди, берилип атырған жеңилликлер көлеми де киши емес. Бул елимизде киши ҳәм орта бизнести буннан былай да раўажландырыўдың жаңа дәўирин баслап берип атырған әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланбақта.
Бәринен бурын, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары ушын ҚҚС төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизилди. Мине, усы жаңа тәртип бир қатар жеңилликлерди нәзерде тутады. Соның ишинде, әмелдеги 12 процентлик қосымша қун салығының 6 процентке түсирилиўи, пайда салығы ставкасының болса 0 процент етип белгилениўиниң әҳмийетин исбилерменлер жүдә жақсы биледи.
ҚҚС менен бирге есабатлар да қысқармақта
Ашығын айтсам, бул рет күткенимизден де көбирек жеңилликлер берилди. Жеңилликлердиң көпшилиги киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Салық төлеминиң еки есеге қысқарғаны, пайда салығының алып тасланғаны ҳаққында толқынланып айтып атырғанымыздың себеби сонда.
Ең үлкен жеңиллик 2026-жыл 1-июньнен баслап киши бизнес ушын улыўма салық режимине өтиўдеги шекленген муғдардың 1 миллиард сумнан 5 миллиард сумға арттырылыўы болды. Себеби 1 миллиард сумлық шегара киши бизнестиң ең үлкен машқалаларынан, салық төлемлеринен қашыўдың баслы себеплеринен бири еди. Саўда 1 миллиард сумнан асса, тамам, киши исбилермен автоматикалық түрде улыўма белгиленген салық системасына өтетуғын еди. Бул енди кәрхана айланыстан салық емес, ал 12 процентлик ҚҚС ҳәм жыл ақырындағы сап пайдасынан 15 процент пайда салығын төлейди, дегени. Қалаберди, өз атындағы имарат, жер ҳәм жумысшыларының айлығынан тийисли салықларды төлейди. Бул жүдә анық ҳәм ҳүжжетлерге тийкарланған болыўы керек болғанлығы себепли, киши кәрханалардың да қәнигели бухгалтер-консультантты жаллаўына, турақлы есап-санақ жүргизиўине туўра келген. Бул да киши бизнес ийелерине қосымша жүк еди.
Исбилерменлердиң айырымлары ҚҚС төлеўге өткеннен соң, қәрежети артыўынан қашып, 1 миллиардлық шыңға жетпеўге умтылар еди. Олар биле тура бизнесин кеңейтпей жүргенине де гүўа болганбыз. Себеби дәраматы артқан сайын көбирек салық төлеўге туўра келеди. Ҳәзир саўда айланысын 1 миллиард сумға жеткериў онша қыйын болмаған. Дурыс, ҳәмме ушын да дәраматы артқаны жақсы, бирақ ҚҚСға өтиў исбилерменниң мойнына артықша қәрежет ҳәм қағазпазлықты жүклейди.
Әне, усы мәселеге шешим берилгени көплеген киши ҳәм орта бизнес ийелерин қуўандырып жиберди. Президентимиздиң пәрманы менен 1 миллиард сумлық шегара БЕМның 12 мың есеси, яғный нақ 5 миллиард сумға шекем арттырылды. Бул - дәраматы 5 миллиард сумға шекемги болған исбилерменлер бурынғыдай тек ғана айланыстан салық төлейди, дегени. Енди саўда айланысын жасырыў, билқастан жумысты кеңейтпеўге зәрүрлик жоқ.
Саўда айланысы 5 миллиард сумнан артып, салық режимине өтетуғын исбилерменлер ушын да үлкен жеңиллик берилди - қосымша қун салығы 12 проценттен 6 процентке түсирилди. Көпшилик 12 процентлик салық төлеми ҳаққында жақсы биледи. Бул салық түри ҳәр бир хызметкердиң айлық мийнет ҳақысынан есапланады. Бул жүдә үлкен қәрежет, дегени. Әсиресе, биз жумыс алып барып атырған улыўма аўқатланыў тараўында дәраматтың ярымынан көби айлық мийнет ҳақыға жумсалады. Себеби, жумысшы күши көп ҳәм олардың ҳәр бирине жақсы мийнет ҳақы төленеди. Атап айтқанда, кәрханамызда 300 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленген. Қалаберди, ҚҚС ушын ҳүжжетлерди таярлаўдың өзи де әдеўир бас аўырыўы. Ҳәр бир товардың ҳүжжети, фактурасын дурыслап, есапқа алыў азап еди. Мәмлекет енди жаңа, әпиўайыластырылған 6 процентлик ҚҚС системасын усыныс етпекте. ҚҚС ставкасының 2 есеге қысқартылып атырғаны есабатларды әдеўир аңсатластырады.
Исбилерменлер ҳәммесин дизимнен өткерип, ашық-айдын ислесе өз-өзинен дәраматынан 15 процент пайда салығын төлейтуғын еди. Ашық айтыў керек, көпшилик мине усы салықтан қашып, айырым санларды жасыратуғын жағдайлар да ушырасып турады. Әлбетте, ашық-айдын ислеген бизнес ийелери ҳәзир көплеген жеңилликлерден пайдаланады. Соған қарамастан, исбилермен ушын 15 процентлик пайда салығы аўырлық етеди. Енди хызмет көрсетиў тараўындағы киши исбилерменлер ушын әне усы пайда салығы 0 процентке түсирилди. Бул айтыўға ғана аңсат, бирақ бизнес ийеси ушын әдеўир қолайлық. Соның ушын, усы тәрепи көпшиликти қуўандырды. Бул исбилерменниң дәраматы өзине қалады, жумысын және де кеңейтиўге хызмет етеди, дегени. Бул жеңиллик бизнес ийелерин және де ашық-айдын ислеўге де ийтермелейди.
Хызметкерлерди рәсмийлестириў, айлық мийнет ҳақысын ашық көрсетиўде ашық-айдынлық болады. Исбилермен хызметкерлерин жасырыўға ҳәрекет етпейди, ҳәр бирин рәсмий дизимнен өткереди. Бул артықша қағазпазлықты да талап етпейди. Енди процесс толық электронластырылды, мобиль қосымша арқалы рәсмийлестириледи. Усы күнге шекем ҳәр бир хызметкердиң ҳүжжети жыйналып, дизимнен өткерилип, оғада әўерегершиликти талап ететуғын еди.
Тексериўлердиң қысқартылып атырғаны өз алдына мәселе. Ашығын айтқанда, тийкарсыз тексериўлер ислеп турған исбилерменниң қыялын алжастыратуғын тийкарғы машқалалардан бири еди. Киши қәте ямаса кемшилик анықланса да күнлеп сергиздан болар едик. Жаңа система бираз қолайлы - қәтелик баҳасы 500 миллион сумнан аспаған жағдайларда салық уйымларынан машқаланы сапластырыў бойынша хат келеди. Анығырағы, қәўип суммасы 500 миллион сумға шекем болса, салық аудити, 100 миллион сумға шекем болса, көшпели тексериў улыўма өткерилмейди. Кәрханаға салық уйымларының хызметкерлери келип, күнлеп тексермейди. Исбилерменге кемшиликлерин өз бетинше дүзетиў имканияты берилмекте.
Улыўма, жаңалықлар, жеңилликлер көп, исбилерменлер булар ҳаққында толып-тасып додалап атырғанынша бар. Әсиресе, пәрманда нәзерде тутылған жеңилликлер улыўма аўқатланыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары ушын үлкен жәрдем болды. Елимизде туризм барған сайын раўажланып, туристлердиң ағымы артып атырған шараятта усы тараўларға қолайлықлар берилиўи оларды буннан былай да раўажландырыўға жол ашады. Қалаберди, киши бизнесте ашық-айдын ислеў ушын механизм жаратылмақта. Бул базардағы бәсекини де арттырады.
Санжар МАҚСУДОВ,
Өзбекстан ресторанлар гильдиясы басшысы