Сонлықтан, Өзбекстанда жер, суў, жайлаў ҳәм климат мәселелерин бирден-бир, турақлы раўажланыў шынжыры сыпатында басқарыў, Аралбойы тәжирийбеси, "Жасыл мәкан" улыўмамиллий ҳәрекети, суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм халықаралық бирге ислесиўди өз-ара байланыстырған ҳалда әмелий нәтийжеге қаратыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады.
Дүнья жүзилик шөллениў ҳәм қурғақшылыққа қарсы гүресиў күни әне усы мәселелерди және бир мәрте күн тәртибине алып шығып, жер деградациясы, қурғақшылық, топырақ өнимдарлығы, жайлаўлардың жағдайы ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий қарарларды күшейтиўге хызмет етеди.
2026-жылы бул сәне "Жайлаўлар: тән алыў, ҳүрмет етиў ҳәм тиклеў" идеясы менен байланыспақта. Бул Өзбекстан ушын да әҳмийетли. Себеби жайлаўлар тек ғана шарўа бағылатуғын майдан емес, ал аўыл халқының дәраматы, азық-аўқат тәмийнаты, тәбийғый экосистемалар ҳәм шөл-ярым шөл аймағындағы турмыс турақлылығының тийкары болып есапланады. Халықаралық көлемде де жайлаўлар қурғақлықтың ярымынан көбирегин қамтып алыўы ҳәм дерлик 2 миллиард адамның турмысы, шарўашылық ҳәм азық-аўқат системалары менен байланыслы екенлиги бул мәселениң глобаллық әҳмийетин көрсетеди.
Өзбекстанның тәбийғый климат шараяты бул мәселеге айрықша жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды талап етеди. Мәмлекет аймағының үлкен бөлими қурғақ ҳәм ярым қурғақ аймақларға туўра келеди. Рәсмий мағлыўматларға бола, жайлаўлар 20 миллион гектардан аслам майданды ийелейди. Соның менен бирге, суў ресурсларының шекленгени, климаттың өзгериўи, топырақтың шорланыўы, жайлаўлардан нормадан артық пайдаланыў, самал ҳәм суў эрозиясы, айырым аймақларда өсимлик қапламының азайыўы жер деградациясы қәўпин күшейтпекте.
Кейинги жылларда экологиялық қәўипсизлик, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, Аралбойын тиклеў, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарына айланды. Мәмлекетимиз басшысы халықаралық ҳәм регионаллық минберлерде климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги, жер деградациясы ҳәм Аралбойы машқаласын Орайлық Азияның турақлылығына тәсир көрсететуғын тийкарғы факторлар сыпатында избе-из көтерип келмекте. Соның ишинде, Глобал экологиялық фондтың VIII ассамблеясы қатнасыўшыларына жолланған мүрәжатта экологиялық машқалаларды тек ғана қәўип сыпатында емес, ал жаңа технологиялар, халықаралық бирге ислесиў, "жасыл" жумыс орынлары ҳәм жергиликли раўажланыў имканияты сыпатында көриў зәрүр екенлиги атап өтилген.
Әсте өтетуғын, бирақ аўыр ақыбетли қәўип
Жер деградациясы көбинесе бирден көзге тасланбайды. Топырақтың өнимдарлы қатламы жыллар даўамында кемейеди, шорланыў әсте-ақырын күшейеди, өсимлик қатламы қысқарады, жайлаў сыйымлылығы төменлейди. Суў жетиспеўшилиги ҳәм қурғақшылық болса бул процессти және де тезлестиреди.
Бирақ оның ақыбети жүдә кең. Егер жер өнимдарлығы төменлесе, өним азаяды. Зүрәәт кемейсе, фермердиң дәраматы қысқарады. Дәрамат қысқарса, аўыллық жерлерде бәнтлик ҳәм социаллық турақлылыққа басым артады. Жайлаўлар деградацияға ушыраса, шарўа өнимдарлығы төменлейди, от-жем базасы ҳәлсирейди, гөш ҳәм сүт өнимлериниң өзине түсер баҳасы артады. Шорланыў ҳәм қурғақшылық күшейсе, суўдан пайдаланыў нәтийжелилиги төменлейди, аўыл хожалығы қәрежети көбейеди.
Сол себепли жер деградациясын тек ғана тәбиятты қорғаў машқаласы сыпатында көриў жетерли емес. Бул экономикалық нәтийжелилик, азық-аўқат қәўипсизлиги, жергиликли дәрамат, халықтың саламатлығы ҳәм аймақлық теңлик мәселеси болып есапланады. Басқаша айтқанда, жердиң жемирилиўи жәмийеттиң социаллық-экономикалық турақлылығына тиккелей тәсир етеди.
Өзбекстанда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, ирригация системаларын модернизациялаў, Аралбойында экологиялық тиклеў илажларын көриў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын кеңейтиў сыяқлы басламалар мине усы қәўип-қәтерлерге системалы жуўап ретинде әмелге асырылмақта. Президентимиздиң алға қойған "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары жер деградациясы, шаң-тозаң, климаттың өзгериўи ҳәм қала-аўыл аймақларында экологиялық турақлылықты сақлаўға қаратылған кең жәмийетшилик ҳәрекетине айланбақта. Бул баслама шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек ҳәм пута егилмекте.
"Жасыл" экономика ресурсы
Жайлаўлар Өзбекстанда шарўашылық, аўыл халқының дәраматы ҳәм азық-аўқат тәмийнатында әҳмийетли орын тутады. Соның менен бирге, олар шөл ҳәм ярым шөл аймақларында топырақты самал эрозиясынан қорғайды, өсимлик қатламын сақлайды, биокөптүрлиликти тәмийинлейди ҳәм жергиликли климат тең салмақлылығына хызмет етеди.
Бирақ айырым аймақларда жайлаўлардан пайдаланыўда системалы машқалалар сақланып қалмақта. Шарўа маллары саны ҳәм жайлаў сыйымлығы арасындағы тең салмақлылықтың бузылыўы, суў ноқатларының жетерли емеслиги, шарўа малларын мәўсимлик ҳәрекетлендириў ҳәм гезекпе-гезек бағыў әмелиятының төменлиги, деградацияға ушыраған майданларда жергиликли өсимликлерди тиклеў жумысларының жетерли дәрежеде системаластырылмағаны жайлаўлардың жағдайына унамсыз тәсир етпекте.
Жайлаў деградациясы тек ғана от-шөп азайыўы дегени емес. Бул шарўа өнимдарлығының төменлеўи, аўыл халқының дәраматының қысқарыўы, от-жем қәрежетиниң артыўы, шаң-тозаңның көбейиўи ҳәм жердиң тәбийғый тиклениў қәбилетиниң төменлеўи дегени.
Сонлықтан, жайлаўларға мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў зәрүр. Жайлаў шексиз ҳәм бийпул ресурс емес, ал есап-санақ, мониторинг, қайта тиклеў, жуўапкершиликли пайдаланыў ҳәм экономикалық хошаметлеў механизмлерин талап ететуғын тәбийғый капитал болып есапланады. Экологиялық мәселелерди экономикалық раўажланыў, халықтың бәнтлиги ҳәм инновациялар менен байланыстырыў жайлаўлар тараўы ушын да үлкен әҳмийетке ийе.
Миллий тәжирийбе майданы
Мәмлекетимизде шөллениў ҳәм жер деградациясы мәселесин Аралбойы машқаласынан ажыратып болмайды. Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде пайда болған аймақ дуз ҳәм шаң бораны, топырақ ҳәм суўдың сапасының төменлеўи, халықтың саламатлығына тәсир, биокөптүрлиликтиң азайыўы ҳәм жергиликли экономикаға басым сыяқлы машқалаларды жүзеге келтирди.
Соның менен бирге, Аралбойы бүгин шөллениўге қарсы гүресиўдиң өзине тән миллий тәжирийбе майданына айланбақта. Қурып қалған теңиз түбинде сексеўил ҳәм басқа да шорға шыдамлы шөл өсимликлерин егиў, жасыл қапламалар жаратыў, жергиликли флора ҳәм фаунаны тиклеў, жаңа нәлханалар шөлкемлестириў ҳәм экологиялық изертлеўлерди күшейтиў бул бағдардағы әҳмийетли жумыслар болып есапланады. Аралбойында жасыл қапламалар майданы 2 миллион гектардан артқаны бул процесстиң көлеми ҳәм әҳмийетин айқын көрсетеди.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Аралбойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы сыпатында раўажландырыў идеясы алға қойылғаны бул мәселеге жаңаша қатнасты билдиреди. Бул қатнас Арал апатшылығын тек ғана экологиялық машқала сыпатында емес, ал жаңа жумыс орынлары, илимий изертлеўлер, жасыл технологиялар, жергиликли халықтың дәраматы ҳәм халықаралық бирге ислесиў имканиятлары менен байланыслы комплексли раўажланыў майданы сыпатында көриўди талап етеди.
Аралбойындағы жумысларды тек ғана терек егиў кампаниясы сыпатында қабыл етиў дурыс болмайды. Бул аймақта көрилип атырған илажлар шаң-тозаң тарқалыўын азайтыў, топырақты беккемлеў, жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеў, шөл экосистемаларын тиклеў ҳәм жаңа экономикалық имканиятлар жаратыўға хызмет етпекте. Ең әҳмийетлиси, Аралбойы "машқалалы аймақ"тан "жасыл имканиятлар аймағы"на айланбақта.
Шөллениў ҳәм қурғақшылыққа қарсы гүресиўде Өзбекстан ушын ең әҳмийетли мәселе жер, суў, жайлаў ҳәм климат факторларын бөлек емес, бир пүтин система сыпатында басқарыў болып есапланады. Буның ушын улыўма шақырықлардан әмелий механизмлерге өтиў, ҳәр бир аймақта жер деградациясы қәўпин анық баҳалаў ҳәм тиклеў жумысларын нәтийжели көрсеткишлер менен байланыстырыў зәрүр.
Бүгин мәмлекетимиз жетекшисиниң басламасы менен әмелге асырылып атырған экологиялық сиясат әҳмийетли бир идеяға сүйенеди: тәбиятты сақлаў - инсанды, оның саламатлығын, дәраматын ҳәм келешегин сақлаў демек. Усы жағынан жер, суў, жайлаў ҳәм климат мәселелерин бирден-бир турақлы раўажланыў шынжыры сыпатында басқарыў механизмине өтилмекте.
17-июнь бизге әпиўайы, бирақ әҳмийетли ҳақыйқатты еслетеди: жер тек ғана өндирис қуралы емес. Ол суў, азық-аўқат, денсаўлық, дәрамат ҳәм турақлы турмыстың тәбийғый тийкары болып есапланады. Жерди қәстерлеп сақлаў - келешек әўладлар алдындағы экологиялық, экономикалық ҳәм руўхый жуўапкершилик.
Жаҳонгир ИСАЕВ,
Турақлы раўажланыў орайы бөлим баслығы