Кейинги жыллары бул бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, жасырын экономикаға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ҳәм аймақлық комиссиялардың жумысы жолға қойылды, салық ҳәм бажыхана уйымларында қәўип-қәтерди таллаў ҳәм сегментлеў системалары енгизилди, жасырын операцияларды әмелге асырыў ушын шараят жаратқан бир қатар нызамшылық бослықлары сапластырылды, ҳадал исбилерменлерди хошаметлеў илажлары күшейтилди.

Көрилген илажлар нәтийжесинде кейинги еки жылда бақланбайтуғын экономиканың үлеси 35 проценттен 23 процентке қысқарды, бюджетке қосымша 38 триллион сум өндирилип, рәсмий бәнт халық саны 8,5 миллионнан асты, орташа рәсмий мийнет ҳақы 6,5 миллион сумға шамаласты.

Соның менен бирге, жасырын экономиканың үлеси елеге шекем жоқары болып қалмақта. Статистикалық есап-санақларға бола, усы жылдың биринши шерегинде бақланбайтуғын экономиканың көлеми аўыл хожалығында 81,1 триллион сумды, саўда ҳәм хызметлер тараўында 24,5 триллион сумды, қурылыста 23,9 триллион сумды, санаатта 6,7 триллион сумды қураған.

Жасырын экономика бюджет дәраматларының қысқарыўы менен бир қатарда мәмлекетте саламат бәсеки орталығына унамсыз тәсир көрсетпекте, рәсмий емес бәнтлик ақыбетинде пуқаралардың социаллық қорғалыў дәрежесиниң төменлеўине алып келмекте, сондай-ақ, халық (тутыныўшылар) ҳәм исбилерменлик субъектлерин нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў кепилликлери ҳәм механизмлеринен толық пайдаланыў имканиятынан айырмақта.

2030-жылға шекем жасырын экономика көлемин 2 есеге қысқартып, рәсмий бәнт халық санын 14 миллионға, нақ пулсыз төлемлердиң үлесин 75 процентке жеткериў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жасалма экономиканың қәўип-қәтерлери, бюджеттеги мүмкин болған жоғалтыўлар ҳәм қосымша дәрамат дәреклерин жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланған ҳалда тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде көрсетип беретуғын бирден-бир санлы платформа жаратыў, бул платформа арқалы жасырын операциялардың жүзеге келиўине себеп болып атырған факторларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша тапсырмалар берилген еди.

Презентацияда усы мақсетлерди әмелге асырыў ушын Бас прокуратура тәрепинен ислеп шығылған ҳәм сынақ тәризинде иске қосылған "Жасырын экономика картасы" платформасының имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Платформа экономиканың 22 тийкарғы тармағы, 85 тараў, 14 аймақ ҳәм 208 район ҳәм қалада жасырын операциялар қәўипин анықлаў ҳәм оларды сапластырыўды жуўапкер уйымлар тәрепинен қадағалаў арқалы бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм саламат бәсеки орталығын сақлап қалыўға хызмет етеди.

Платформаны ислеп шығыўда салық, бажыхана, қаржы, экономика, статистика, эконометрика ҳәм итималлықлар теориясы тараўларының маман қәнигелери тартылған. Аймақлар ҳәм тармақлардың өзине тәнлиги, салық режими, товар айланысы, бюджет ушын әҳмийети ҳәм басқа да факторларды есапқа алған ҳалда қәўип-қәтерлерди баҳалаў бойынша жүзден аслам нормалар ислеп шығылды ҳәм олардың ҳәр бири ушын өз алдына коэффициентлер белгиленди.

Жасырын экономика қәўип-қәтерлерин ҳәм бюджеттиң мүмкин болған жоғалтыўларын тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде анықлаў мақсетинде платформаға 16 жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары интеграцияланып, барлық мағлыўматларды реал ўақыт режиминде қайта ислеў имканияты жаратылды.

Таллаўлар тийкарында платформа тармақлар ҳәм аймақлар жасырын экономиканың қәўип-қәтер дәрежеси ҳәм бюджеттеги мүмкин болған жоғалтыўлар көлемине қарап, автоматикалық түрде "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категорияларға ажыратылады.

Сондай-ақ, лицензиясыз жумыс алып барыў, ҳақыйқый товар айланысы, жумыс орынлары ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фондын жасырыў, рентабеллик ҳәм пайда көрсеткишлерин азайтып көрсетиў сыяқлы қәўип-қәтерлер автоматикалық түрде анықланады.

Презентацияда бул тараўдағы прокурор қадағалаўын платформа имканиятларынан пайдаланған ҳалда санластырыў арқалы сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў усынысы билдирилди.

Атап айтқанда, платформаның аналитикалық мағлыўматларынан пайдаланыў жасырын экономикаға қарсы гүресиўге жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың күш ҳәм қаржыларын мәнзилли бағдарлаў, сондай-ақ, қадағалаўды әмелге асырыўда инсан факторының тәсирин азайтыў имканиятын береди. Жасырын экономика қәўпи жоқары болған тармақлар ҳәм аймақлар автоматикалық түрде анықланып, олардың келип шығыў себеплери талланады. Жуўапкер уйымларға мәнзилли көрсетпелер жиберилип, орынланыўы қадағалап барылады ҳәм ерисилген нәтийжелер баҳаланады.

Мәселе район ямаса қала дәрежесинде шешилмесе, ўәлаят дәрежесине, керек болса, республика дәрежесине алып шығылады. Бул система машқаланың тийкарын анықлаў ҳәм сол тийкарда оларды сапластырыў, нызамшылықты жетилистириў ҳәм бюджет дәраматларын көбейтиў бойынша усыныслар ислеп шығыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы жасырын экономиканы қысқартыўда тийкарғы итибарды санластырыў, мағлыўмат алмасыўды күшейтиў, инсан факторын азайтыў ҳәм қадағалаўды мәнзилли шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге 1-октябрьге шекем 70 тен аслам мәлимлеме системасын платформаға интеграциялап, барлық аймақ ҳәм тармақларды қамтып алыў, келеси жылға шекем платформаны толық иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, барлық исбилерменлик субъектлери ушын теңдей бәсеки шараятын жаратыў, жасырын экономика көлемин қысқартыў ушын жуўапкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде прокурорлық қадағалаўды күшейтиў ўазыйпасы қойылды.