Ҳәзирги ўақытта Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Пән олимпиадалары орайында турмыс қайнап атыр. Негизинде ҳәр оқыў жылының жуўмағында орайдың жумысы қызғын ўақыяларға бай болады. Быйыл сол ўақытта оқыўшы жасларымыз бир неше жергиликли ҳәм халықаралық олимпиадада мүнәсип қатнасты. Техникалық пикирлеў, инженерлик потенциалын раўажландырыўшы инженерлик-ойлап табыўшылық олимпиадасы, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық өзбек тили ҳәм әдебияты олимпиадасы, Азия физика олимпиадасы, Италияда өткен Европа қызлар информатика олимпиадасы, қулласы, есапласақ, дизим узақ даўам етеди. Бир сөз бенен айтқанда, олимпиадалар санына үнлес табысларымыздың салмағы да артып бармақта. Атап айтқанда, Европа қызлар олимпиадасында 60 мәмлекеттен 300 ге шамалас қызлар арасында Өзбекстан сайланды командасы быйыл өз тарийхындағы ең жақсы нәтийжени қолға киргизди - 2 гүмис ҳәм 1 бронза медаль. 

Гүмис медаль ийелери Айша Мирзатиллаева (Алмазар районындағы қәнигелестирилген мектеп оқыўшысы) ҳәм Райҳона Санақулова (Наўайы қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы) жақында жуўмақланған Ал-Хорезмий атындағы халықаралық математика ҳәм информатика олимпиадасында алтын медальды қолға киргизгени қуўанышлы.

Дүньяның 16 мәмлекетинен 221 оқыўшы-жас күш сынасқан бул олимпиада мәмлекетимиз жасларына 11 алтын, 22 гүмис ҳәм 28 бронза - жәми 61 медальды саўға етти.

- Үш жылдан берли программаластырыў тараўында олимпиадаларға қатнасып келмектемен, - деди Айша Мирзатиллаева. - 2024-жылы Нидерландиядан, 2025-жылы Германиядан бронза менен қайттым. Италияда болып өткен Европа қызлар информатика олимпиадасында алтын медаль алыўыма 10 балл жетпей қалды. Бирақ, мине усы олимпиададан соң Өзбекстанға биринши гүмисти алып келгеним бүгинги жетискенлигиме күш берди. 

Айша Мирзатиллаева сыяқлы қәбилетли оқыўшылар олимпиадаларда қатнасыўы ушын қәнигелестирилген мектеплердеги орталық үлкен тәсир көрсететуғынын айтты. Себеби, бул жерде бәрқулла бәсеки бар, жетискенликлерге ерисип атырған оқыўшылар бәрқулла басқаларға да күш береди. Улыўма алғанда, саламат бәсеки арқалы өсиў имканияты үлкен.

Төртинши мәрте өткерилген бул олимпиада усы жылдың 1-7-июнь күнлери Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы "Ренессанс" дем алыў орайында шөлкемлестирилди. Уллы ойшыл Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы абырайлы интеллектуаллық жарыс 2025-жылдан баслап бир ўақыттың өзинде ҳәм математика, ҳәм информатика (программаластырыў) пәнлерин бирлестирген ҳалда өткерилмекте.

Математика пәни бойынша қатнасыўшыларға 2 күн даўамында 4 мәселеден берилип, оларды шешиў ушын 4 саат ўақыт ажыратылды. Информатика пәни бойынша болса 2 күн даўамында 4 мәселеден орынлаў ушын 5 сааттан ўақыт берилди. 

Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде Өзбекстанда дәстүрий тәризде шөлкемлестирилетуғын олимпиаданың тийкарғы мақсети - жаслар арасында математика ҳәм программаластырыўды раўажландырыў, халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлы жасларды анықлаў.

Халықаралық олимпиаданы жоқары дәрежеде өткериў ушын төрешилер қурамы қурамына Беларусь, Иран, Тәжикстан, Түркия, Россия сыяқлы мәмлекетлерден көп жыллық халықаралық тәжирийбе ҳәм жоқары потенциалға ийе экспертлер, Өзбекстаннан болса академиялық атаққа ийе профессорлар тартылды.

- Бул олимпиадаға қызығыўшылық та, қатнасыўшы мәмлекетлердиң саны да жылдан-жылға артпақта, - деди Пән олимпиадалары орайының директоры Тўрабой Шерматов. - Атап айтқанда, усы жылы 16 мәмлекеттен оқыўшылар қатнасты. Быйыл биринши мәрте жаслар онлайн қатнасты. Бул арқалы пүткил дүньядағы математика, информатикаға ықласбент болған оқыўшыларды бир жерге жыйнаў ҳәм тәжирийбе алмасыў имканияты пайда болады. 

Олимпиадаға таярлық процесине жоқары маманлықтағы сырт ел ҳәм жергиликли экспертлер тартылды. Сораўлар дәрежеси оқыўшылардың жасына сәйкесленип, мәселелер халықаралық олимпиада бағдарламасына муўапық дүзилди.

Халықаралық олимпиадалардың әҳмийетли тәрепи - дүньяның билимли жасларын бир орында жәмлеўи. Бул жақын дослық, мәдениятлар алмасыўы пайда болыўы менен әҳмийетли. Қатнасыўшы мәмлекетлер санының артыўы жасларымызға мақтаныш бағышлаўы менен бирге және де күшлирек билим алыўға, саламат бәсекиге ийтермелемекте.

Ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң 8-класс оқыўшысы Ҳумоюн Абдурауфов олимпиадада екинши мәрте қатнасты.

- Таярлық жақсы. Несип етсе, быйыл да алтын аламан, - деген еди ол олимпиаданың ашылыў мәресиминде.

Ол сөзиниң үстинен шықты.

- Олимпиадаға үлкен таярлық пенен келдик, - деди Хумаюн. - 5 саат даўамында төрт мәселени иследик. Көплеген билимли оқыўшылар менен таныстық.

Жеңис өз-өзинен келмейди. Шебер, тәжирийбели устазларсыз оған ерисип болмайды, әлбетте. Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң студенти болыўына қарамастан, информатика бойынша жасларды усы халықаралық олимпиадаға таярлаған Шоҳруҳ Раҳматуллаевтың шама менен 50 ге шамалас шәкирти бар. Олар миллий ҳәм халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелер көрсетип келмекте.

- Процесслер быйыл ҳәр қашанғыдан да жақсы шөлкемлестирилди. Әсиресе, соңғы бир айда жүдә қатты иследик. Балаларды топарларға бөлип, интенсив сабақлар өткердик. Жеңислер соған жараса болды, - деди жас тренер.

Олимпиада шеңберинде халықаралық қәнигелердиң қатнасыўында оқыўшы-жаслар ушын шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар ҳәм мийманлар елимиздиң мәдений-ағартыўшылық мийрасы менен жақыннан таныстырылды.

Жуўмақланған олимпиада математика ҳәм информатика пәни бойынша усы жылдың июль айында өткерилетуғын Халықаралық математика олимпиадасы ҳәм Халықаралық информатика олимпиадасына гезектеги таярлық басқышы болып хызмет етти.

Муножат МЎМИНОВА, 

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы