Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинен мәлим
етилиўинше, my.edu.uz платформасындағы жеке кабинети арқалы
белгиленген тәртипте электрон арза берген абитуриентлердиң мүрәжатлары 2026-жыл
14-август күни көрип шығылады.
Апелляция берген абитуриентлер 14-август күни белгиленген ўақытта Билимди
баҳалаў агентлигине келиўи керек. Өзиңиз бенен шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм
абитуриент рухсатнамасы болыўы керек.
Әҳмийетлиси:
мүрәжатты көрип шығыў орны, сәнеси ҳәм анық ўақты ҳәр бир абитуриенттиң жеке
кабинетинде көрсетилген.
Абитуриентлерден
мағлыўматларды алдыннан жеке кабинети арқалы тексерип, хабарда көрсетилген
ўақытта белгиленген орынға келиўи соралады.