Оны үлкен жол екиге бөлип өткен. Тоғайдың соңы көринер ме екен, деп алақанымызды маңлайымызға қойып алысларға көз тигемиз. Күншығыстан күнбатысқа шекем ҳеш бир белги, шегара көринбейди. Көкирегимизге жағымлы самал урады. Бул әпиўайы самал емес, жаңа Өзбекстанның нәпесин диярымыз бойлап таратып атырған өмир бағышлаўшы самал! Буннан 8-9 жыл бурын да биз келген бул мәнзил шексиз саҳра болғанына исениў қыйын. Бирақ бул бийкарлап болмайтуғын ҳақыйқат!
Сонда мынаў тынық аспанды тез-тез шаң қаплайтуғын еди. Себеби самал жолын тосатуғын бирде-бир тири тәбият табылмас еди. Соның ушын ыссы күнлерде гармсел, ҳаўа салқын түскенде ызғырық өзине тартатуғын еди. Аралдың қурыған ултанында пайда болған саҳра қумлары дуз аралас ҳаўаға көтерилетуғын еди. Кимсесиз кеңисликте болса кесиртке, шөл қумырсқасы сыяқлы санаўлы тири жанды есапламағанда, тиришилик белгиси сезилмес еди.
Биз турған мәнзилден 150-200 шақырым аралықтағы Мойнақ районы болса умытылған, қараўсыз аймақ еди. Онда үмити сөнип баратырған адамлар зорға күнелтетуғын, сонлықтан, көпшилик жаслар өзи туўылып өскен үйин таслап алыс қалаларға кетиў әрманында жасайтуғын еди. Әне усындай бир жағдайда турмыс рәмәўизи бирден өзгерди. Инсанлар қәлбине үмит, саҳра қумларына жасыллық туқымы себилди. Жасырып не қыламыз, сол ўақытта бул нәллердиң өниўине гүман менен қарағанлар да болды. Исенимимиздиң себеби болса, ийгиликли истиң басында узақты көре билетуғын, стратегиялық реже тийкарында пуқта жумыс алып баратуғын мәмлекет жетекшиси турған еди. Қысқа ўақытта мине усы фактор өз күшин көрсетип, әмелий көринисин тапты.
Биринши келиўден өнген гүллер
Қарақалпақ елинде қәдемиңизге гүл питсин, деген жақсы тилек бар. Өмир ҳикмети сонда, тилек ийесин туўры тапса, әлбетте, орынланады. Қарақалпақ ели бәрқулла Президентимиздиң сапарынан қуўанып, усы тилекти тәкирарлап жүреди. Бүгин бул ийгиликли нийеттиң орынланыўын көрип атырмыз.
Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти сыпатында биринши сапарын қарақалпақ жеринен баслаған еди. Бул сапар қайсыдур мәниде жаңа Өзбекстандағы реформалардың әмелий бөлеги басланғанынан дәрек беретуғын еди. Әлбетте, сол ўақытта биз реформалардың қаншелли көлемли екенин, қысқа ўақытта ҳәттеки қурғақ саҳраны да жасыл майданға айландыра алатуғын дәрежеде өмир бағышлайтуғынын көз алдымызға келтире алғанымыз жоқ. Аралдың қурыған ултанына егилген шөл өсимликлерин барып көрсеңиз жаңа Өзбекстандағы реформалар ҳаққындағы көзқарасларыңыз және де жанланады. Инсан халқын жақсы көрип, сөзи ҳәм әмели бирлиги менен ҳәрекет етсе, саҳраға да өмир бағышлай алатуғынына исеним пайда етесиз.
Себеби, Аралдың қурыған ултаны жасыл қаплама менен қапланып атыр, биринши егилген нәллер космостан көрине баслады, деп тәрийплеў аңсат. Бирақ жыллар даўамында умытылған алыс мәнзилге барып адамларға үмит бериў, шорланған топырақта, суўсызлыққа шыдамлы бир түп пута өсиртиў... ызғырған саҳраның жан алғандай ыссысына, сүйек-сүйегиңе өтетуғын суўығына шыдап қалың тоғайға айландырыў, ҳәттеки айтыў да аңсат емес!
Буған Қарақалпақстан, атап айтқанда Аралдың қурыған ултанына еткен сапарымыз даўамында қайта-қайта исендик.
Бизлер - "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары редакцияларының ўәкиллери Аралдың қурыған ултанына қарай жол алдық. Мақсетимиз биринши егилген нәллерди өз көзимиз бенен көриў, Аралбойы халқының қуўанышына себеп болып атырған өзгерислер менен танысыў еди.
Жол-жөнекей жән-жаққа қараймыз. Гей жерлерде қалың тоғай, гейде ҳәр жер-ҳәр жердеги қум төбелердиң үстинде еки-үш сексеўил өнген. Мине усы төбелерге қарата жолдасымыз, газетамыздың Қарақалпақстандағы ўәкили Минажатдин Қутлымуратов түсиник береди: "Көрдиңиз бе, сексеўиллер қанша қумды "услап" қалған!".
Сол тәрепке дыққат пенен қараймыз. Сексеўил өскен төбе тегис жерден 1-1,5 метр бийик. Төбеликлердиң ҳәр бири тонналап қумнан ибарат. Кум төбелерин адам бойы теңлескен еки-үш түп сексеўил услап турыпты. Жасыл қаплама жаңа өнген гезде бул мәкан тегис болған. Соң көшпели қум самал менен көтерилгенде жаңа өнген сексеўиллердиң тамыры қумның белгили бир бөлегин сақлап қалған. Сол себептен ойлы-бәлент төбелер пайда болған екен. Кейин жасыл қаплама бой созып, туқымы шашылып өзинен көбейген. Дуз аралас қумлардың көшиўи кескин азайған. Мине усы көринистиң өзи-ақ бир түп жасыл путақ тонналап дуз ҳәм қум араласпасын жерде сақлап қалатуғынын дәлиллейди. Бул Аралдың қурыған түби ушын жасыл мәкан қаншелли әҳмийетке ийе екенинен дәрек береди. Сапарымыздан бир күн бурын күшли боран болғанына қарамастан аспан булақ суўындай тынық екениниң тийкарғы себеби де усы.
Сөз ҳәм әмел бирлигинен қуўат алып
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанды ҳәм социаллық, ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерин ең тийкарғы ўазыйпалардан етип белгилеп берген. Әсиресе, Мойнақ ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыўға айрықша итибар қаратып келеди.
2017-жыл 19-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында мәмлекетимиз басшысы Арал машқаласына пүткил дүньяның нәзерин қаратқан еди. 2018-жылы болса Аралдың қурыған бөлегинде экологиялық турақлылықты тиклеў, аймақта жасыл қаплама жаратыў ҳәм терек нәллерин егиў басламасы менен шыққан еди. Усы баслама менен глобал машқала есапланған Аралдың қурыўына қарсы әмелий жумыс басланды. Өткен дәўирде Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Аралбойы аймақларындағы 2 миллион гектарда тоғай-мелиорация жумыслары орынланды. Атап айтқанда, 1,453 миллион гектарға авиация, 462 мың гектар арнаўлы техникалар жәрдеминде шөл өсимликлериниң туқымлары, 85 мың гектар майданға ҳәр қыйлы нәллер егилди. Нәтийжеде аймақтың флора ҳәм фаунасы қайта тикленбекте.
Усы сөзлерди жазып атырсам да, жеткерип бериўимнен негедур кеўлим толмайды. Себеби ҳәр бир санның артында қаншелли мийнет, мәмлекет жетекшисиниң бир секунд тынымсыз излениўи бар екенлигин терең аңлап турмыз. Бирақ соған ылайықлы сөз, теңеў таба алмай үндемеймиз. Аўа, гейде сөз қүдирети де инсанның мәртлиги, мийнети алдында әззи болып қалады екен. Усы ўақытта шайырдың төмендеги қатары ядға түседи:
"Тәғдирин қол менен жаратар инсан,
Ғайыптан келетуғын бахыт - бир әпсана".
Жаңа Өзбекстандағы инсан қәдири ушын басланған жаңаланыўлар бахытты күтиў емес, оны бүгин жаратыўға қаратылған. Соның ушын, халқымыз бүгининен разы, ертеңинен кеўли тоқ болып жасамақта. Халықты разы етиў, түрли миллет ҳәм халықтан ибарат жәмийетти бирден-бир ўатан әтирапында бирлестириў ҳақыйқый жетекшилерге ғана тән пазыйлет.
Мәмлекетимиз Лидериниң барлық тараўлар сыяқлы экологияны сақлаў бағдарындағы басламалары да халықаралық майданда терең үйренилмекте. Басқа мәмлекетлер бул тәжирийбелерди кеңнен енгизиўге ҳәрекет етпекте. Себеби, олар әпиўайы басламалар емес, жыллар даўамында топланған тәжирийбе, турмыслық жуўмақлар ҳәм илимий излениўлердиң жемиси болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, халқымыз алдында перзентлик миннетин орынлаўға болған күшли умтылыс, сөз ҳәм әмел бирлигиниң көриниси. Сонлықтан, жаңаланыўлар "реформа етилди", деген ат ушын емес, шын мәнисинде халықты разы етиў жолындағы ҳәрекетлер болып табылады...
Сол ўақытта егилген нәллер тоғайға айланыпты
Машинамыз тоғайға тән ойлы-бәлент жолда бир қәлипте журип баратыр еди. Алдымызда жол шетинде дизилисип турған еки-үш машина көринди. Соң ашық майданда бел алып қапта бир нәрсе шашып жүрген адамлар көзге тасланды. Қызығыўшылықтан олардың қасына иркилдик. Тәўекелге қараң, олар Аралдың қурыған ултанында ықлым шараяты, топырақ өнимдарлығына қарап терек ҳәм пута түрлерин сайлап егетуғын илимпазлар топары, тараў жуўапкерлери екен. Тәбийий, мақсети бирдей инсанлар сыпатында тез тил табыстық. Олар сәўбетлесиў ўақтында жүдә қызықлы, әҳмийетли мағлыўматларды айтып берди.
- Аралды жасыл мәканға айландырыў тек ғана нәл егиў, туқым себиўден ибарат емес. Жумысларды инновациялық ҳәм илимий қатнас тийкарында шөлкемлестириўге айрықша итибар берип атырмыз. Мәмлекетимиз басшысы алдымызға мине усындай әҳмийетли ўазыйпаны қойған, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы агентлигиниң басшысы Айбек Аминов. - Илимпазлар менен биргеликте туқымларды арнаўлы гранулалаў ҳәм капсулалаў арқалы егиў әмелиятын сынақтан өткерип атырмыз. Капсула дегенимиз зәрүр минерал төгинлер жыйындысы. Илимий тийкарда неше килограмм туқымға қайсы төгиннен қанша қосыў керек екенлиги ислеп шығылған. Соған муўапық, минераллар араласпасы менен туқымлар араластырылады ҳәм домалақ ҳалға келтириледи. Капсула ығаллықты жақсы сақлайды. Аўырлығы себепли самал менен ушып кетпейди. Самолётта себилсе де мөлшерленген жерге дәл түседи. Солай етип, капсула шөл шараятында өсимликлердиң өниўшеңлик дәрежесин кескин арттырады. Ҳәзир басқа жерлерге қарағанда топырағы көбирек шорланған, дузлы қум аралас жерде тәжирийбе ушын туқым егип атырмыз. Мақсетимиз ең қыйын шараятта да жасыл қаплама жаратыўда нәтийжелиликке ерисиў.
Айбек Аминовтың сөзлерин тыңлар екенбиз, Президентимиздиң реформалардың дәслепки күнлеринде-ақ китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратқаны ядымызға түсти. Соң мәмлекетимиз жетекшисиниң мәденият Мойнақтан басланады, деген сөзин еске алдық. Бүгин бул сөздиң негизинде үлкен турмыслық ҳақыйқатларды, уллы мақсетлердиң әмелге асыўын көрип турмыз. Аралбойы аймағы кейинги жылларда ҳәм социаллық, ҳәм мәдений, ҳәм экономикалық жақтан жедел раўажланып, халықтың турмыс дәрежеси түп-тийкарынан жақсыланғаны пикиримиздиң баяны болып табылады.
Бүгинги реформалар китап, билим ҳәм ағартыўшылық пенен және де беккемленип бармақта. Жасыл қапламаны жаратыўдағы илимий излениўлер пикиримиздиң айқын мысалы болып табылады. Тәжирийбе майданында илимпазлар менен сәўбетимиз қызғын өтти. Ўақыт ҳүкимине бойсынып жолды даўам еттик. Енди Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы агентлигиниң басшысы Айбек Аминов бизлерди ертип, дәслепки нәллер егилген мәнзилге баслап барды.
Ашығын айтқанда, 2018-2019-жылларда егилген сексеўил, жыңғыл сыяқлы өсимликлерди көрип, ҳақыйқый тоғайға жетип келгенимизди аңладық. Тоғай аралап жыңғылларға қараймыз. Олардың көпшилиги адам бойынан әдеўир бийик. Аяғымыздың астында болса есапсыз бақаншақлар! Қәдем басыўыңыз бенен олар өзине тән сес шығарып қумға терең батады. Ақыры бир ўақытлары бул жерде теңиз, 50-60 метр тереңликте суў болған.
Үлкен-киши кемелер жүзип жүретуғын теңиз жағасында балықшылық хожалықлары жумыс алып барған. Кейин суў тартылды. Буның ақыбетинде глобал климат машқаласы жүзеге келгенин тәкирарлаўымыз шәрт емес. Сол ўақытлары бул жер шөлистанлыққа айланған, жоқарыдан қараған адам аўырыўдың символы болған сарғыш реңди көретуғын еди. Президентимиздиң өмир бағышлайтуғын басламасы себепли ҳәзир бул майдан жасыл түсте көзге айқын тасланады. Сапар ўақтында соның гүўасы болдық, кейинги жылларда әмелге асырылған жумыслар экологиялық машқаланы жумсартыў ҳәм оған қарсы гүресиўде үлкен нәтийже бермекте. Бул жерде жаңа экосистема жаратылып, ҳайўанат дүньясы пайда болмақта. Саяхат ўақтында түлки ҳәм қоянлардың жуўырып жүргенин көрдик. Әлле қайдан сайраған қустың сеслери еситиледи. Ҳәтте бул жерде кийиклер де бар екен. Қәнигелер, атап айтқанда, Өзбекстан Илимлер академиясының ўәкиллериниң атап өтиўинше, аймақта жасыллық пайда болғаннан соң, қум ҳәм дуз боранлары 50 процентке шекем азайған. Бул жүдә үлкен нәтийже. Мәселен, қоңсы мәмлекетлерде бундай боранлар елеге шекем тез-тез бақланады. Жақында да олар мине усындай боранлардың бирин бастан кеширди.
- Ҳәзир Аралдың суўы қурыған өзегинде турмыз. Бул жерлерде 2018-жылдан жаңа өмир басланды, деп биймәлел айта аламыз. Аймаққа шөл шараятына шыдамлы өсимлик түрлери егилди, - дейди Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығының баслығы Алишер Бекмуродов. - Пута ҳәм өсимликлер пайда болыўы менен бул жердеги жабайы ҳайўанат дүньясы ушын да жаңа өмир басланды.
Буннан тысқары, Президентимиздиң басламасы менен бес-алты орында тик қудықлар қазылды. Ҳайўанлар, қуслар, өсимликлер - ҳәммеси усы жерден суў ишеди. Аймақта турмыс жаңа басқышқа өтти, деў мүмкин. Жақсылап бақласаңыз, жыңғыл ҳәм сексеўиллер арасында азықланып жүрген қоян ҳәм басқа да түрли ҳайўанларды ушыратасыз. Ҳәзир олардың көбейиў дәўири.
Билесиз бе, бул жерлер 2017-жылларға шекем бас-аяғы жоқ аппақ қум еди. Самал кумды бир жерден екинши жерге көширип, үлкен барханларды пайда етти. Бурынлары мине усы шөлистанлықларда және өсимликлер өседи, ҳайўанлар қайтып келеди десе, биреў исенбес еди. Мине, ҳәзир көз алдымызда бул реаллыққа айланды. Оның үстине, бул аймақта аң аўлаў қатаң қадаған етилген. Сол себепли ҳайўанлар популяциясы жүдә жақсы. Ҳәммеси усылай даўам етсе, бес-он жылдан кейин бул жер үлкен қорықханаға айланып кетиўи ҳеш гәп емес.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, кейин ала бул жерде тек ғана шөлге шыдамлы путалар емес, ал басқа да өсимлик түрлерин егип, үлкен жайлаўға айландырыў мүмкин екен. Бул арқалы шарўашылық, пал ҳәррешилик сыяқлы басқа да тармақларды раўажландырыў имканияты бар. Мысалы, жыңғыл май айының басында гүллейди. Усы аймақта жантақ та көп екен. Демек, пал алыў ушын да жетерли шараят бар. Бул экономикалық турақлылықты беккемлеў ушын жақсы имканият. Қараң, узақты гөзлеп, пуқта реже тийкарында орынланған жумыстың нәтийжеси ҳәм көлеми қаншелли кең!
Быйыл қыс ҳәм бәҳәр берекетли келди. Бундай ўақытта жерде ығаллық жақсы болады. Мине, усындай қолайлы пурсаттан үнемли пайдаланыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
- Жердеги ығаллық жақсы болғаны себепли усы жылы және 230 мың гектар майданға туқым себилди, - дейди Айбек Аминов. - Процесте 700 ден аслам арнаўлы техника ҳәм механизмлерден, сондай-ақ, барыў қыйын болған аймақларға туқым себиў ушын еки самолёттан өнимли пайдаланылды. Ығаллықты сақлаў ҳәм көшпели қумларды тоқтатыў мақсетинде өзине тән агротехникалық усыллар қолланылып, арнаўлы қарықлар тартылды. Бул жерлерге тийкарынан шор ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы қарабарақ, жыңғыл, сарсазан, қандым, черкез ҳәм де изен сыяқлы өсимликлер егилмекте. Алдымызда турған тийкарғы стратегиялық мақсетлерден бири - 2030-жылға шекем бул аймақта және 1 миллион гектардан артық майданда жасыл қапламаларды жаратыў болып есапланады. Бул бағдарда арнаўлы сексеўил нәлханаларының жумысы барған сайын кеңейтилмекте.
Берекет ҳәм өнимдарлық сыры шүкиршиликте, мәртликте
Мойнақ мәмлекетимиздиң ең арқа аймағы. Ондағы турмыс дәрежеси, жүрек соғыўы Арал теңизи менен тығыз байланыслы. Сонлықтан, Аралдың қурыған ултанындағы жасыллық бой тиклегени менен үнлес түрде мойнақлылардың кеўлинде де үмит, исеним беккемленди. Анық санларға итибар берсек. Өткен 2025-жылы районда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 621,1 миллиард сумды қураған. Өсиў пәти 121,4 процентке жетип, республикадағы үлеси 2,1 процентти қураған.
Бурын Мойнақлылар аўыр турмыс шараятында жасаған. Адамлар ҳәттеки күнделикли мүтәжликлерин қанаатландырыўда қыйналған, балалар ушын мектеп формасы ҳәм оқыў қуралларын сатып алыўға да имканияты болмаған. Жасы үлкен адамлардан бири бул ҳаққында айтып, көз жасы менен өтмишти еследи. Ески сандықларда сақланған кийимлерден пайдаланыўға, жазыў қуралларын қайта-қайта пайдаланыўға мәжбүр болғанлықларын айтты. Мине усындай аўыр жағдайда қалған район халқы бүгин экспорт, инвестициялық жойбарлар ҳаққында пикирлесип, оны және қалай көбейтиў ҳаққында пикир алыспақта. Бир ғана мысал, 2025-жылы Мойнақта жәми 172 миллиард сумлық 10 инвестициялық жойбар әмелге асырылған. Нәтийжеде 195 жаңа жумыс орны жаратылған. Және бир әҳмийетли факт. Өткен жыл даўамында сырт ел инвестициялары ҳәм кредит қаржылары есабынан жәми 5,1 миллион долларлық инвестициялар өзлестирилген. Орынланған жумыслардың нәтийжесинде кәмбағаллық дәрежеси 5,5 проценттен 2,7 процентке түсирилген.
Егер салыстырыў мүмкин болса, буннан 10 жыл алдын район экономикасы Аралдың қурыған түби сыяқлы "саҳраға" айланған еди. Бүгин ол қайтадан жанланбақта. Соған мүнәсип тәризде халықтың жасаў шараяты жыл сайын жақсыланып бармақта. Қаншелли қыйын болмасын Мойнақтың мәрт ҳәм кеңпейил халқы сынақлардан мәртлерше өте алды.
Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылы Мойнақ районына сапары ўақтында: "Арал апатшылығынан ең көп зыян көрген тийкарынан усы - Мойнақ халқы. Олардың сабыр-тақаты, ўатансүйиўшилиги, мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз, соған мүнәсип хызмет етиўимиз керек", деген еди.
Сапар ўақтында Мойнаққа барып, соңғы жылларда әмелге асырылған реформалар менен танысар екенбиз, мәмлекетимиз жетекшисиниң дәслепки сапары ўақтында айтқан пикирлери турмыста өз көринисин тапқанына көп мәрте гүўа болдық. Мәрт мойнақлылар менен сәўбетлестик, олардың көзлеринде кешеги дәрт ҳәм бүгинги үмитти көрдик. Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде ҳаўаға көтерилген дуз ҳәм шаң тек ғана тәбиятты емес, ал инсан саламатлығын да изден шығарған еди. Ақыбетинде онкологиялық ҳәм басқа да аўыр кеселликлер көбейип, халық арасында қәўетер ҳәм түскинлик кейпияты ҳүким сүре баслаған.
Кейинги жылларда кең көлемли реформалар Мойнақ халқына үмит ҳәм исеним бағышлады. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Арал ултанында жасыл қапламалардың жаратылыўы, район инфраструктурасының жаңаланыўы, социаллық тараўдағы реформалар аймақ турмысын түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Жергиликли халықтың сөзи менен айтқанда, "өмир бул жерде қайта туўылды".
Мәртликти қараң, район халқы бул имканиятларға шүкиршилик билдирип, ҳадал мийнет пенен руўзыгершилик пенен күн көрмекте. Сапарымыз даўамында Мойнақ районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Мурат Жумабаев жүдә қызықлы фактти айтты.
Аралбойы халқының социаллық шараятын жақсылаў, турақлы дәрамат дәреклерин жаратыў бағдарында да бир қатар әмелий жумыслар алып барылып атыр екен. Атап айтқанда, Арал теңизинде сақланып қалған бирден-бир бийбаҳа жаныўар - артемия цистасы санаатын раўажландырыў мақсетинде арнаўлы мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилген. Бүгин жергиликли халық усы баҳалы туқымды жыйнап тапсырып өзлери ушын мүнәсип қосымша дәрамат таўып атыр.
Артемия цистасы белгили мәўсимде теңизде жүзип жағаға қарай ағып келеди. Жағада оларды тутыў нийетинде мойнақлылар қатар дизиледи. Ҳәмме белгиленген орнында турады. Ҳеш ким басқалардың шегарасын бузбайды. Артемия цистасы кимниң қарсына ағып келсе, сол адам оған ийелик етеди. Басқалар болса үндемей қарап тура береди. Көз алдыңызға келтире аласыз ба, алдыңызда килограмы пәлен сум туратуғын өним ағып киятыр. Бирақ ол кимдур сызған сызықтан бир адым алыста болғаны ушын ийелик ете алмайсыз. Күн даўамында бул жағдай он, жүз мәртебе тәкирарланса да теңиз инам еткен несийбеге ыразы болып үйге қайтасыз. Эҳ, бул мәртлик, ғайбарлықты қанша тәрийплесеңиз де сөз жетпейди!
Жәмәәтимиз бир-бирине мәнили қарайды. Ҳәр ким өзинше буннан ҳикмет излейди. Әне, усы ҳикметтиң барлығы бир өзек тамырға биригеди, нәзеримде. Бул - мәртлик, берилген ырысқаға шүкиршилик сезими. Мойнақтың берекети, басланған ислердиң тез раўажланып, шорланған саҳрасында да жасыллық өнип кете бериўиниң сырларынан бири усында болса, не әжеп!
Сапардан кейинги ойлар
Гейде узақ сапарлар адамға жыллар даўамында қәлиплескен көзқарасларды жаңалайтуғын терең жуўмақларды саўға етеди. Сапарымыз жуўмақланып изге қайтып киятырып және көкке көз тигемиз. Аспан булақ суўынан да тынық көринеди. Негедур, аспан - айна деген фраза ойымды бәнт етеди. Ол ўақты-ўақты бизге өзлеримиз ислеген ислерди, ҳақыйқый келбетимизди көрсетип турады. Усындай ойлар қушағында кетип баратырғанымызда, ондағы аппақ бултлар көзимизге жағаға соқлығысып атырған теңиз толқынын еслетеди. Көгис кеңислик болса тыныш шағылысып атырған теңизди еслетеди. Булардың барлығы жәмленип жаңа Өзбекстандағы реформалардың аспан айнасындағы көринисиндей тәсир оятады.
Ташкентке қайтқанымызда болса Президентимиз Регионаллық экологиялық саммит ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлери басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасыў ушын Қазақстанға әмелий сапар менен баратуғыны ҳаққында хабарлар тарқала баслады. Әне усы хабарларға байланыслы жағдайда кеўилде бир жақсы тилек туўылды: Аралдың көк аспаны пүткил дүньяға жайылып, экологиялық мәселелер сапластырылсын. Инсанлар қәлби де мине усындай ашылып, кеўиллерге үмит ҳәм исеним бағышлап атырған, турмысымызды түп-тийкарынан өзгертип, инсан қәдири ушын исленип атырған ийгиликли ҳәм тарийхый бийбаҳа ҳәрекетлер бәрқулла даўамлы болсын!
Салим ДОНИЁРОВ,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист