Елимизде денсаўлықты сақлаў системасын трансформациялаў, дәслепки
медициналық жәрдемниӊ сапасын арттырыў, заманагөй клиникалар ҳәм диагностика
имканиятларын кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул
өзгерислер медицина ҳәм фармацевтика тараўы ушын кадрлар таярлаўды да заман
талаплары тийкарында қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Сонлықтан, медициналық билимлендириўди теориялық билим бериўден
компетенция ҳәм әмелий көнликпелерди қәлиплестириўге бағдарлаў, билимлендириў
бағдарламаларын халықаралық стандартларға сәйкеслендириў, қәнигениң билимин ҳәм
маманлығын қалыс баҳалаў ҳәм оның пүткил мийнет жолы даўамында кәсиплик
раўажланып барыўын тәмийинлейтуғын бир пүтин система жаратыў мақсет етилген.
Презентацияда, бәринен бурын, медицина ҳәм фармацевтика тараўында кадрлар
таярлаў системасын жетилистириў илажлары көрип шығылды. Усыныслар Кембридж,
Пенсильвания ҳәм Гарвард университетлериниң усыныслары тийкарында, халықаралық
ҳәм жергиликли қәнигелердиң қатнасыўында ислеп шығылған.
Буннан былай
медициналық жоқары оқыў орынларына қабыллаў параметрлери аймақлар ҳәм
медициналық мәкемелердиң реал талабы, кадрлардың жетиспеўшилигинен келип шығып
қәлиплестириледи. Мәмлекетлик буйыртпа бағдарлар кесиминде Денсаўлықты сақлаў
министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
2027-2028-оқыў
жылынан “Емлеў иси” бағдарының орнына 6 жыллық “Улыўма медицина” бакалавриат
бағдарламасын енгизиў усыныс етилмекте. Бес жыллық билимлендириўден кейин
студентлер бир жыл толық әмелий таярлықтан өтеди. Бағдарламаны табыслы
тамамлаған питкериўшилер шаңарақлық шыпакер сыпатында жумыс ислеў имканиятына
ийе болады.
Шаңарақлық
медицина бойынша кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылады. Резидентлердиң
шаңарақлық поликлиникаларда бир ўақыттың өзинде оқыўы ҳәм әмелият өтеўи жолға
қойылады. Тар тараў қәнигелерин таярлаў болса басқышпа-басқыш резидентураға
өткерилип, магистратура тийкарынан илимий-педагогикалық кадрлар таярлаўға
бағдарланады.
Орта медицина
кадрларын таярлаўда да жаңаша қатнаслар енгизиледи. Жоқары мағлыўматлы
мийирбийкелердиң диагноз, емлеў ҳәм профилактика процесслеринде шыпакерге жақын
жәрдемши сыпатындағы орны арттырылады.
Фармацевтика
билимлендириўи өндирис пенен еле де тығыз байланысады. Кәрханалардың талабы
тийкарында дуал билимлендириў кеңейтилип, әмелий сабақлардыӊ үлесин арттырыў,
студентлерди дәри қуралларын ислеп шығыўдан баслап, сапа қадағалаўы ҳәм
стандартластырыўға шекемги процесслерге тартыў белгиленбекте.
Презентацияның
кейинги бөлими медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин мәмлекетлик дизимнен
өткериў системасын енгизиўге бағышланды.
Халыққа
көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў
мақсетинде қәнигелердиң билим ҳәм әмелий таярлығын еркин баҳалаў системасы
енгизиледи.
Барлық медицина
ҳәм фармацевтика хызметкерлерин қамтып алатуғын бирден-бир электрон реестр
қәлиплестириледи. Ол 16 мәлимлеме базасы менен интеграцияланып, қәнигениң
билимлендириўи, маманлығы ҳәм кәсиплик жумысына байланыслы мағлыўматларды бир
жерде жыйнаў имканиятын береди.
Мәмлекетлик
дизимнен өтиўди 2027-жылдан ықтыярый, 2030-жылдан болса мәжбүрий тәртипте
енгизиў усыныс етилмекте. Кейин ала мәмлекетлик дизимнен өтпеген қәниге
медициналық ямаса фармацевтикалық жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес.
Баҳалаў
басқышпа-басқыш – фундаменталь ҳәм клиникалық пәнлер, кейин болса қәнигелик
бойынша әмелге асырылады. Буның ушын бирден-бир тест ҳәм тапсырмалар банки,
заманагөй симуляциялық базалар шөлкемлестириледи.
Имтиханнан өте
алмаған қәнигелерге қайта тапсырыў имканияты бериледи.
Жаңа системада
ықтыярлы түрде ертерек кирген хызметкерлерди хошаметлеў де нәзерде тутылған.
Имтиханнан табыслы өтип, мәмлекетлик дизимге киргизилген жоқары мағлыўматлы
шыпакер ҳәм фармацевтика хызметкерлерине мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз
муғдарының 5 есесине шекем, орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине 2,5
есесине шекем үстеме төлеў усыныс етилди.
Мәмлекетлик
дизимнен өткериў ҳәм қәнигелердиң маманлығын баҳалаў жумысларын шөлкемлестириў
ушын өз алдына орай жумысы жолға қойылады.
Презентацияда
медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң үзликсиз кәсиплик билимлендириў
системасын жетилистириў мәселелери де көрип шығылды.
Заманагөй
медицинада диагностика ҳәм емлеў усыллары, дәрилик қураллар ҳәм технологиялар
жедел жаңаланып атырғаны себепли, қәнигелердиң билим ҳәм әмелий көнликпелерин
турақлы арттырып барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте
барлық медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин қамтып алатуғын жаңа үзликсиз
кәсиплик билимлендириў системасы енгизиледи. Билимлендириў провайдерлери ҳәм
бағдарламалары аккредитациядан өткерилип, процесслер санластырылады.
Система
кредит-модуль принципине тийкарланады. Жоқары мағлыўматлы медицина ҳәм
фармацевтика хызметкерлери ҳәр жылы кеминде 50 кредит, орта медицина ҳәм
фармацевтика хызметкерлери болса 28 кредит топлаўы белгиленбекте. Бул кредитлер
мәмлекетлик дизимнен өтиў ҳәм кәсиплик маманлықты тастыйықлаўда есапқа алынады.
Қәнигеге
билимлендириў провайдери, бағдарлама ҳәм оқыў формасын еркин таңлаў ҳуқықы
бериледи. Дәстүрий ҳәм аралықтан билимлендириў, онлайн курслар, жумыс орнында
тәжирийбе арттырыў, семинар ҳәм тренинглер сыяқлы түрли формалардан пайдаланыў
мүмкин болады.
Халықаралық
аккредитациядан өткен сырт ел бағдарламалары ҳәм илажларында алынған
кредитлерди Өзбекстанда тән алыў механизми де енгизиледи.
Үзликсиз кәсиплик
раўажланыў орайын шөлкемлестирип, оған билимлендириўдиң сапасы, провайдерлер
ҳәм бағдарламаларды аккредитациялаў, заманагөй стандартларды енгизиў
ўазыйпаларын жүклеў усыныс етилди.
Кәсиплик
билимлендириў бағдарламаларында халық арасында ең көп ушырасатуғын ҳәм өлим
қәўпи жоқары болған кеселликлерге тийкарғы итибар қаратылады. Кардиология,
қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм онкология бағдарларында жетекши сырт елли шериклер
менен заманагөй бағдарламалар ислеп шығылады.
Президентимиз
медициналық билимлендириў, еркин баҳалаў, мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм
үзликсиз кәсиплик раўажланыўды өз-ара байланысқан бирден-бир система сыпатында
қәлиплестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге
жаңа тәртиплерди басқышпа-басқыш енгизиў, халықаралық стандартларды кеңнен
енгизиў ҳәм әмелге асырылып атырған өзгерислер, бәринен бурын, медициналық
хызмет сапасы ҳәм наўқаслардың қәўипсизлигин арттырыўға хызмет етиўин
тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.