Инвестициялар тек ғана экономикалық өсиўди тәмийинлеп қоймастан, ал жаңа технологияларды енгизиў, өндирис нәтийжелилигин арттырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық абаданлықты арттырыўға хызмет етеди. Усы көзқарастан, Ташкент халықаралық инвестициялық форумы мәмлекетимиздиң экономикалық ҳәм сиясий турмысында әҳмийетли ўақыялардан бири болып есапланады.
Бул форум Өзбекстанның инвестициялық потенциалын халықаралық жәмийетшиликке көрсетиў, сырт ел инвесторлары менен тиккелей сөйлесиў орнатыў ҳәм жаңа экономикалық жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етеди.
Инвестициялық форумлар дүньяның көплеген мәмлекетлеринде экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң нәтийжели механизми сыпатында тән алынған. Елимиздеги бул форумның тийкарғы мақсети экономиканың түрли тараўларына сырт ел инвестицияларын тартыў, халықаралық бизнес ўәкиллери менен бирге ислесиўди беккемлеў және экономикалық раўажланыўдың жаңа бағдарларын белгилеўден ибарат.
Форум шеңберинде энергетика, нефть-газ санааты, химия санааты, аўыл хожалығы, азық-аўқат ислеп шығарыў, транспорт ҳәм логистика, қурылыс, туризм ҳәм санлы экономика тараўларындағы перспективалы инвестициялық жойбарларды таныстырыў режелестирилген. Сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемлер, жергиликли исбилерменлер ҳәм халықаралық компаниялар арасында еки тәреплеме ушырасыўлар шөлкемлестирилиўи күтилмекте.
Форумның және бир әҳмийетли ўазыйпасы мәмлекеттиң инвестициялық сиясаты, нызамшылық базасы ҳәм бизнес жүргизиў ушын жаратылған қолайлы орталық ҳаққында халықаралық жәмийетшиликке кеңнен мағлыўмат бериўден ибарат. Бул болса сырт ел инвесторларының экономикамызға қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етеди.
Елимиздеги экономикалық реформалар халықаралық экспертлер тәрепинен унамлы баҳаланбақта. Инвестициялық орталықты жақсылаў, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, суд-ҳуқық системасын жетилистириў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди санластырыў бойынша жумыслар мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Атап айтқанда, еркин экономикалық зоналардың жумысын кеңейтиў, салық жүгин азайтыў ҳәм сырт ел инвесторлары ушын бир қатар жеңилликлердиң енгизилиўи экономикамызға ири инвестицияларды тартыў имканиятын бермекте. Бундай шараятта инвестициялық форумның өткерилиўи реформалардың нәтийжелерин көрсетиў ҳәм жаңа инвесторларды тартыў ушын әҳмийетли майдан ўазыйпасын атқарады.
Инвестициялық форум мәмлекет экономикасы ушын бир қатар әҳмийетли экономикалық нәтийжелерге тийкар жаратады.
Бәринен бурын, форум арқалы мәмлекетке жаңа қаржы ресурслары тартылады. Бул қаржы санаат кәрханаларын модернизациялаў, жаңа өндирис қуўатлықларын қурыў ҳәм инфраструктураны раўажландырыўға бағдарланады.
Екиншиден, сырт ел инвестициялары арқалы заманагөй технология ҳәм инновация кирип келеди. Бул болса жергиликли кәрханалардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм өнимниң сапасын жақсылаў имканиятын береди.
Үшиншиден, экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыў көлеми артып, мәмлекеттиң сыртқы экономикалық белсендилиги күшейеди. Нәтийжеде экспорт түсимлери көбейип, миллий экономиканың турақлы раўажланыўы тәмийинленеди.
Төртиншиден, форум шеңберинде қол қойылыўы күтилип атырған инвестициялық келисимлер мәмлекеттиң экономикалық өсиў пәтлерин жеделлестириўге хызмет етеди.
Инвестициялардың социаллық әҳмийети экономикалық көрсеткишлер менен шекленип қалмайды. Жаңа инвестициялық жойбарлар халықтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына тиккелей тәсир көрсетеди.
Жаңа кәрханалар ҳәм өндирислик объектлердиң ашылыўы мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратады. Бул, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бәнтликтиң артыўы халықтың дәраматларының көбейиўине ҳәм социаллық турақлылықтың беккемлениўине жол ашады.
Сырт ел компаниялары менен бирге ислесиў жергиликли қәнигелердиң кәсиплик шеберлиги ҳәм билимлерин арттырыў имканиятын береди. Заманагөй технологиялар ҳәм басқарыў тәжирийбеси кирип келиўи инсан капиталын раўажландырыўға хызмет етеди.
Инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып атырған аймақларда социаллық инфраструктура - жоллар, коммуникация тармақлары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери де раўажланады. Бул болса халықтың турмыс сапасының артыўына алып келеди.
Инвестициялық форумның сиясий әҳмийети де оғада үлкен. Бундай илажлар мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў ҳәм сыртқы экономикалық байланысларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Форумда түрли мәмлекетлердиң ҳүкиметлери, халықаралық финанс институтлары, трансмиллий корпорациялар ҳәм бизнес топарлардың ўәкиллериниң қатнасыўы Өзбекстанның ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат жүргизип атырғанын көрсетеди.
Форум мәмлекеттеги сиясий турақлылық, ҳуқықый кепилликлер ҳәм инвесторлардың мәплерин қорғаў системасы ҳаққында халықаралық жәмийетшиликте унамлы көзқарас қәлиплестиреди. Бул болса келешекте мәмлекетке исенимди беккемлеп, инвестициялар ағымының көбейиўине хызмет етеди.
Бүгинги күнде экономикалық дипломатия мәмлекет сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бирине айланып бармақта. Инвестициялық форум оның әмелий көриниси сыпатында миллий мәплерди халықаралық майданда алға қойыў имканиятын жаратады.
Инвестициялық форум тек ғана орайлық экономикалық жойбарларды емес, ал аймақлардың экономикалық имканиятларын да кеңнен көрсетеди. Ҳәр бир ўәлаяттың санаат, аўыл хожалығы, туризм ямаса хызмет көрсетиў тараўларындағы потенциалы инвесторларға усынылады.
Бул болса аймақларға тиккелей инвестициялардың тартылыўына, жергиликли исбилерменликтиң раўажланыўына ҳәм экономикалық белсендиликтиң артыўына тийкар жаратады. Нәтийжеде мәмлекет аймақлары арасындағы экономикалық айырмашылықларды қысқартыў процеси жеделлеседи.
Ташкенттеги форум халықаралық майдандағы абырайды беккемлеў, экономикалық дипломатияны раўажландырыў ҳәм жаңа Өзбекстанның ашық-айдынлық ҳәм раўажланыў сиясатын көрсетиў ушын әҳмийетли имканият болып есапланады. Сол себепли инвестициялық форум тек ғана экономикалық емес, ал социаллық ҳәм сиясий жақтан да мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет ететуғын әҳмийетли стратегиялық илаж болып есапланады.
Эркинжон БОТИРОВ,
экономика илимлериниң докторы