Күнделикли турмысымыздың ең әпиуайы процесслерине шекем кирип барды. Гейде сезбей де қаламыз, мәселен, азанда гаджетимиздеги хабарлардың тәртипке салыныўы, навигатордың тығылысты есапқа алып жол усынысы ямаса интернет платформаларының қызығыўшылықларға сәйкес мағлыўматларды усыныўы артында қурамалы алгоритмлер ҳәм интеллектуал системалар ислеп атыр.

Жетекши технологиялық орайлар бул процессти жаңа санаат революциясы, деп баҳалайды. Халықаралық таллаўларда жасалма интеллект XXI әсир экономикасының тийкарғы драйверлеринен бири сыпатында тилге алынбақта. Жәҳән университетлери, ири корпорациялар ҳәм мәмлекетлик басқарыў системалары ушын бул технологиялар әллеқашан стратегиялық үстинлик дәрегине айланған. Сол себепли, бүгинги глобал бәсекиде интеллектуал технологияларды тез өзлестире алған мәмлекетлер экономикалық ҳәм илимий үстинликти қолға киргизбекте. Қәнигелердиң атап өтиўинше, жақын жылларда жасалма интеллект миллиардлап долларлық жаңа базарларды қәлиплестиреди, мийнет қатнасықларын жаңалайды ҳәм пүткил басқарыў системаларына тәсир көрсетеди.

Атап айтқанда, жасалма интеллект медицина, билимлендириў, қаржы, логистика, аўыл хожалығы, санаат ҳәм медиа сыяқлы көплеген бағдарларда терең қолланылады. Медицинада АI системалар рентген ҳәм MRT сүўретлерин таллап, кеселликлерди ерте анықлаўға жәрдем бермекте. Финанслық платформалар қәўип-қәтерлерди болжамақта. Аўыл хожалығында өнимдарлықты жасалма жолдас мағлыўматлары тийкарында есаплаў технологиялары кеңейген. Билимлендириў тараўында болса индивидуал оқыў траекторияларын қәлиплестириў, билимлерди таллаў ҳәм аралықтан оқытыў имканиятларын арттырыўшы интеллектуал платформалар жедел раўажланбақта. Бул процесс, өз гезегинде, билим алыў ҳәм жумыс искерлиги ҳаққындағы түсиниклерди түп-тийкарынан өзгертип атыр.

Өзбекстанда да санлы трансформация мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында көрилмекте. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен өткерилген мәжилис ҳәм видеоселекторларда жасалма интеллект технологияларын экономика ҳәм билимлендириў системасына кеңнен енгизиў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Себеби, жасларды программаластырыў, заманагөй IТ бағдарлар ҳәм инновациялық пикирлеўге тартыў бойынша алға қойылып атырған басламалар мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыў стратегиясы менен тығыз байланыслы. Бүгин елимизде усы бағдарда парклер, санлы технологиялар орайлары, стартап экосистемалар ҳәм заманагөй оқыў платформаларына қаратылып атырған итибар мине усы талаптың жемиси.

Заманагөй дүнья раўажланыўына теңлесиў ушын усындай технологияларды басқара алатуғын, олардан нәтийжели пайдалана алатуғын ҳәм жаңа идеялар жарататуғын әўлад зәрүр. Сол себепли мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў системасы алдында пүткиллей жаңа ўазыйпалар пайда болды. Себеби, ҳәзирги күнге келип дүньяның жетекши университетлери билим бериўдиң жаңа модельин қәлиплестириў үстинде ислемекте. Мәселен, генератив АI технологиялары қурамалы темаларды әпиўайыластырып түсиндириў, студенттиң билим дәрежесин реал ўақыт режиминде таллаў ҳәм индивидуал оқыў траекторияларын қәлиплестириў имканиятын жаратса, айырым университетлерде виртуал тьютор системалары студентке күнниң қәлеген ўақтында жәрдем бере алады.

Кейинги жыллары елимизде жоқары билимлендириў системасын санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар исленбекте. Заманагөй технопарклер, инновациялық орайлар ҳәм санлы билимлендириў платформаларына қаратылып атырған итибар мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыў стратегиясының әҳмийетли ажыралмас бөлеги болып есапланады. Соның ишинде, жасларды программаластырыў, робототехника ҳәм AI бағдарларына тартыў бойынша жаңа жойбарлар иске қосылды. Университетлерде халықаралық IТ компаниялар менен биргеликте лабораториялар шөлкемлестирилмекте. Бул процесс мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын беккемлеў ҳәм глобал технологиялық мәканда бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў мақсетине хызмет ететуғыны сөзсиз.

Дүнья мийнет базары ҳаққындағы соңғы таллаўларда жақын он жыллықта миллионлаған жумыс орынлары трансформацияға ушыраўы прогноз етилген. Механикалық характердеги, турақлы тәкирарланып туратуғын ўазыйпалардың сезилерли бөлими автоматластырылады. Соның менен бирге, жаңа қәнигеликлер, бизнес модельлери ҳәм пүткиллей жаңаша компетенциялар қәлиплеседи. Халықаралық компаниялар бүгинги күнниң өзинде жасалма интеллект пенен ислесиў көнликпесине ийе хызметкерлерди жедел излемекте. Бул талап тек ғана IT тараўы менен байланыслы емес. Медицина, ҳуқық, маркетинг, журналистика, экономика, логистика, дизайн, филология ҳәм санаат бағдарларында да AI қуралларынан пайдаланыў әдеттеги профессионал талапқа айланған.

Хош, солай екен, ҳақылы түрде қәўетер туўылады: жасалма интеллект тез арада барлық жумысларымызды бизден тартып ала ма? Жоқ. Қәнигелердиң пикиринше, келешекте инсанның тийкарғы үстинлиги техникалық билимниң өзинде емес, креатив ҳәм бейимлесиўшең пикирлеўинде көринеди. Жасалма интеллект үлкен көлемдеги мағлыўматларды қайта ислей алады, бирақ қыйын социаллық жағдайларды сезиў, мәдений контекстти аңлаў, дәстүрий емес шешим табыў ҳәм инсан коммуникациясының нәзик тәреплерин басқарыў сыяқлы өзгешеликлер елеге шекем инсан ақылы менен тығыз байланыслы ҳәм оған таянады. Соның ушын, енди университетлер ҳәм билимлендириў системалары жасларды тек ғана кәсипке таярлаў менен шекленип қалмаўы керек. Оларда аналитикалық пикирлеў, креатив қатнас, мағлыўматлар менен ислесиў мәденияты ҳәм қыйын технологиялық орталықта қарар қабыл етиў көнликпелерин қәлиплестириў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

Жас әўлад ушин алгоритмлик пикирлеў түсиниги айрықша әҳмийетке ийе. Бул тек программаластырыўды билиў дегени емес. Мәселеге системалы қатнас жасаў, үлкен көлемдеги информацияны таңлап алыў, логикалық байланысларды көре алыў ҳәм технологиялық қураллардан нәтийжели пайдаланыў қәбилети де заманагөй кәсиплик мәденияттың бир бөлеги. Соның менен бирге, коммуникация, жәмәәт пенен ислесиў ҳәм интакерлик сыяқлы инсаный компетенциялардың баҳасы артпақта. Себеби келешектеги жумыс орталығында инсан ҳәм жасалма интеллект арасындағы бирге ислесиў модельи үстин болыўы күтилмекте.

Дүньяның көплеген университетлери ҳәм илимий орайлары ҳәзирден-ақ "AI менен бирге ислесиў" концепциясын билимлендириў бағдарламаларына киргизген. Студентлерге генератив платформалардан пайдаланыў мәденияты, мағлыўматларды тексериў усыллары ҳәм интеллектуаллық қәўипсизлик мәселелери үйретиледи. Себеби, айырым экспертлер келешектеги ең үлкен айырмашылық технологияға ийе мәмлекетлер менен ийе болмағанлар арасында емес, оннан нәтийжели пайдалана алатуғын жәмийетлер менен пайдалана алмайтуғынлар арасында жүзеге келиўин атап өтпекте.

Пүткил дүньяда AI имканиятлары ҳаққында ҳайран қалып айтылмақта, ири компаниялар ҳәм университетлер жаңа платформаларды ислеп шығыў жарысына кирискен, миллионлаған адамлар болса бул технологияны күнделикли турмысының бир бөлегине айландырып үлгерген. Соның менен бирге, қәнигелер жасалма интеллекттен пайдаланыў мәденияты, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм инсан ой-пикириниң еркинлигин сақлап қалыў мәселелерине де айрықша итибар қаратқан. Усы мәниде мәмлекетимизде алып барылып атырған санлы трансформация сиясаты мине, усы инсан капиталын беккемлеў идеясы менен тығыз байланыслы. Кейинги жылларда жаслардың IT тараўына қызығыўшылығы кескин артты, заманагөй технологиялық платформалар кеңейип, халықаралық бирге ислесиў бағдарламаларының саны көбеймекте. Әҳмийетлиси, бул процесс елимиздиң глобал технологиялық майдандағы орнын беккемлеў менен бирге жаңа пикирлеў орталығын қәлиплестириўге де хызмет етиўи керек.

Мафтуна ТУРСУНОВА,

Ренессанс университети 

мәлимлеме технологиялары кафедрасы оқытыўшысы