Бул, бәринен бурын, жаңа экономика ушын бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў, аймақларда турақлы жумыс орынларын көбейтиў, жасларды мүнәсип мийнетке тартыў ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўын инсан капиталы арқалы тәмийинлеў мәселеси болып есапланады.

Жаңа Өзбекстан раўажланыўының бүгинги басқышында ең әҳмийетли сораўлардан бири мынадай: экономикамыз тез пәт пенен раўажланып атырған, санаат, хызмет көрсетиў, қурылыс, транспорт, энергетика, аграр тармақ ҳәм санлы технологиялар тараўында жаңа кәсиплик талаплар қәлиплесип атырған бир ўақытта мийнет базары ушын зәрүр әмелий көнликпеге ийе қәнигелерди ким ҳәм қалай таярлайды? Бул сораўға ең дурыс ҳәм турмыслық жуўап кәсиплик билимлендириў системасы арқалы бериледи.

Усы мәнисте, кәсиплик билимлендириў бүгин әпиўайы социаллық тараў емес, ал мәмлекеттиң экономикалық сиясатының әмелий таяныш ноқатына айланбақта. Техникумларда таярланып атырған ҳәр бир маман қәниге кәрханаға кирип келетуғын жумысшы күши емес, ал өнимниң сапасы, хызмет көрсетиў мәденияты, өндирис тәртиби ҳәм аймақлық экономиканың турақлы өсиўине тәсир ететуғын инсан капиталы дегени.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде кәсиплик билимлендириўге айрықша итибар қаратылып атырғаны да бийкарға емес. Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси бәсекиге шыдамлы экономика, бәринен бурын, бәсекиге шыдамлы кадрдан басланатуғынын көрсетеди. Кадр болса теориялық билимнен тысқары әмелиятта сынақтан өткен көнликпе, кәсиплик жуўапкершилик ҳәм нәтийжеге бағдарланған таярлық пенен қәлиплеседи.

Реформалар орайында — мийнет базарының талабы

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 23-октябрьдеги "Профессионал билимлендириў системасында реформаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары тараўдың раўажланыўын жаңа әмелий басқышқа алып шықты. Онда кәсиплик билимлендириўди ғалаба ен жайдырыў, оқытыўдың мазмуны ҳәм сапасын арттырыў, дуал билимлендириўди раўажландырыў, аймақларда алдынғы кәсиплик шеберлик техникумларын шөлкемлестириў, сапаны тәмийинлеў ҳәм қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгилеп берилди.

Соның менен бирге, Президентимиздиң усы сәнедеги "Профессионал билимлендириў системасында басқарыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында профессионал билимлендириў ҳәм кәсипке оқытыўды бирден-бир көзқарас тийкарында басқарыў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин нәтийжели енгизиў және халықаралық стандартларға сәйкес, жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў тийкарғы мақсет сыпатында белгиленген. Бул ҳүжжетлер кәсиплик билимлендириўдеги өзгерислер тек ғана формалық жаңаланыў емес, ал басқарыў, мазмун, сапа, қаржыландырыў ҳәм мийнет базары менен интеграцияны бир пүтин система сыпатында қайта көрип шығыўға қаратылғанын көрсетеди.

Ең әҳмийетлиси, енди кәсиплик билимлендириў мәкемеси мийнет базарынан ажыралған ҳалда жумыс алып барыўы мүмкин емес. Ҳәр бир бағдарлама, ҳәр бир оқыў модули, ҳәр бир әмелият сабағы “бул көнликпе питкериўшиге жумыс орнында керек пе?” деген сораўға анық жуўап бериўи керек. Егер билимлендириўдиң мазмуны кәрхананың зәрүрлигинен артта қалса, диплом бар, бирақ жумысқа таярлық жетерли емес деген машқаланы пайда етеди. Соның ушын кәсиплик билимлендириўдиң тийкарғы өлшеми питкериўшиниң жумысқа таярлығы, жумыс бериўшиниң исеними ҳәм мийнет базарындағы нәтийжеси болыўы шәрт.

Нәтийжелиликке шақырыўшы күшли дәлил

Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысының усы жыл апрельде Ферғана ўәлаятына сапары даўамында билдирген пикирлери кәсиплик билимлендириў системасы ушын да әҳмийетли сиясий ҳәм әмелий сигнал болды. Президентимиздиң “Ферғана халқы бизден және де үлкен нәтийже күтпекте” деген сөзлери тек ғана бир аймаққа берилген баҳа емес. Бул ҳәр бир тараўда, соның ишинде, кәсиплик билимлендириўде де нәтийжелилик, жеделлик ҳәм жуўапкершиликти арттырыў зәрүр екенлигин аңлататуғын қатаң талап болып есапланады.

Ферғана аэропортын раўажландырыў процесинде мәмлекетимиз басшысы аэропорт ҳәр қандай аймақтың дәрўазасы екенин атап өтти. Усы пикирди кәсиплик билимлендириўге де қолланыў мүмкин: техникумлар - аймақ экономикасының маман мийнетке ашылатуғын дәрўазасы. Егер бул дәрўаза заманагөй билим, өндириске байланыслы әмелият ҳәм бәсекиге шыдамлы көнликпеге ашылса, аймақта санаат та, хызмет көрсетиў де, исбилерменлик те тезирек раўажланады.

Демек, кәсиплик билимлендириўдеги ҳәр бир реформа қағаздағы реже ямаса есабат болып қалмайды. Ол аймақта жаңа жумыс орны, кәрханада сапалы өним, жаслардың турмысында турақлы дәрамат ҳәм жәмийетте қәдирленген кәсипти қәлиплестириў ушын хызмет етиўи керек.

Қағаздағы бирге ислесиў емес, жумыс орнындағы нәтийже

Кәсиплик билимлендириўдеги ең әҳмийетли өзгерислерден бири дуал билимлендириўдиң кеңейиўи менен байланыслы. Оның мазмуны әпиўайы, бирақ тәсири үлкен: оқыўшы теориялық билимди билимлендириў мәкемесинде, кәсиплик көнликпени болса өндирис орталығында ийелейди. Нәтийжеде питкериўши кәрханаға ол жердеги орталық, техника қәўипсизлиги, жумыс тәртиби, үскенелер менен ислеў мәденияты ҳәм жәмәәтлик жуўапкершиликти алдыннан аңлап барады.

Сонлықтан, дуал билимлендириўди тек ғана шәртнама дүзиў ямаса әмелиятқа жибериў менен шеклеп болмайды. Онда үш тәреп - билимлендириў мәкемеси, жумыс бериўши ҳәм оқыўшы ушын анық миннетлемелер болыўы керек. Билимлендириў мәкемеси бағдарлама ҳәм методиканы тәмийинлейди, кәрхана реал жумыс орталығына алып киреди, оқыўшы болса кәсиплик нәтийжеге ерисиў ушын жуўапкершиликти өз мойнына алады. Сонда дуал билимлендириў қағаздағы бирге ислесиў емес, әмелдеги кадрлар таярлаў механизмине айланады.

Халықаралық бағдарламалар ҳәм миллий мүтәжлик үйлесими

Бүгин кәсиплик билимлендириўди раўажландырыўда халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, кәсиплик стандартларға тийкарланған модуллик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм оқыўшыларды халықаралық мийнет базары талапларына жақынластырыў әҳмийетли.

Бирақ халықаралық тәжирийбени енгизиў оны таяр ҳалда көшириў дегени емес. Ҳәр қандай бағдарлама миллий экономика талабы, аймақлар қәнигелесиўи, жергиликли кәрханалар талабы ҳәм оқыўшылардың реал имканиятлары менен үйлестирилгенде нәтийже береди. Соның ушын кәсиплик билимлендириўде "халықаралық стандарт — миллий әмелият — жумыс бериўшиниң талабы" шынжыры қәлиплесиўи зәрүр.

Кәсиплик билимлендириўде ең заманагөй бағдарлама, ең жақсы үскене ҳәм ең жетик шешим де оқытыўшы ҳәм өндирислик билимлендириў устасының потенциалысыз күтилген нәтийжени бермейди. Соның ушын тараўдағы реформалар орайында педагог кадрлардың маманлығын арттырыў, оларды өндирис пенен жақынластырыў ҳәм методикалық тәмийнатты күшейтиў турыўы керек.

Буның ушын педагоглардың қәнигелигин арттырыў курслары да заман талабына сай болыўы шәрт. Қәнигелик арттырыў теориялық лекциялар менен шекленбестен, кәрханаларда стажировка, заманагөй үскенелер менен ислеў, санлы симуляторлар, баҳалаў қураллары ҳәм әмелий кейслер тийкарында шөлкемлестирилиўи зәрүр. Себеби әмелиятты көрмеген педагог оқыўшыны әмелиятқа таярлаўда қыйналады.

Система алдындағы анық ўазыйпалар

Реформалар кең көлемли болыўына қарамастан, система алдында шешилиўи зәрүр болған ўазыйпалар да бар.

Бириншиден, айырым техникумларда материаллық-техникалық база еле барлық бағдар бойынша заманагөй талапқа толық жуўап бермейди.

Екиншиден, билимлендириў бағдарламаларын жаңалаў пәти мийнет базарындағы өзгерислер пәти менен ҳәр қашан да үнлес емес.

Үшиншиден, жумыс бериўшилердиң билимлендириў процесиндеги қатнасыўы аймақлар кесиминде ҳәр қыйлы.

Төртиншиден, питкериўшилердиң жумысқа жайласыўы, кәсиплик өсиўи ҳәм жумыс бериўши тәрепинен баҳаланыўын турақлы таллайтуғын санлы мониторинг системасын және де күшейтиў зәрүр.

Кәсиплик билимлендириўдиң абырайын арттырыў да жәмийеттиң санасы менен байланыслы. Айырым ата-аналар ҳәм жаслар кәсиплик билимлендириўди елеге шекем жоқары билимлендириўге салыстырғанда екинши дәрежели жол сыпатында қабыл етеди. Заманагөй экономикада жақсы электромонтёр, мехатроник, кепсерлеўши, автомобильлерге хызмет көрсетиў қәнигеси, программаластырыўға қәнигелескен техник, агротехнолог ямаса мийманхана сервис хызметкери де мәмлекеттиң раўажланыўы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе.

Реформаларды әмелий мазмун менен тәмийинлеп атырған методикалық орай

Усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў институты тәрепинен кәсиплик билимлендириўдиң мазмунын халықаралық стандартлар, сырт ел тәжирийбеси ҳәм миллий мийнет базарының талаплары тийкарында түп-тийкарынан жаңалаўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, экономика тармақларында талап жоқары болған бағдарлар бойынша 60 билимлендириў бағдарламасы сырт ел тәжирийбеси тийкарында толық қайта исленди. Бул бағдарламаларда тек теориялық билимлерди бериў емес, ал оқыўшыларда анық кәсиплик компетенциялар, жумыс орнында зәрүр болатуғын әмелий көнликпелер, технологиялық процесслерди түсиниў, заманагөй үскенелер менен ислеў мәденияты ҳәм де жумыс бериўши талап ететуғын нәтийжели көнликпени қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды. Ең әҳмийетлиси, бул бағдарламалар халықаралық институтлар ҳәм шөлкемлердиң қатнасыўында экспертизадан өткерилип, олардың мазмуны халықаралық билимлендириў стандартлары, өндирис талаплары ҳәм миллий кәсиплик стандартлар менен үйлестирилген.

Бул процессте институт кәсиплик билимлендириў системасына алдынғы халықаралық қатнасларды алып кириўши, оларды жергиликли шараятқа бейимлестириўши ҳәм әмелиятқа енгизиўди шөлкемлестириўши методикалық орай сыпатында ортаға шықпақта. Билимлендириў бағдарламаларын жетилистириўге сырт елли еки қәниге мәсләҳәтши сыпатында тартылды. Олардың усыныслары тийкарында модуллер мазмуны, оқытыў нәтийжелери, баҳалаў нормалары ҳәм әмелиятқа байланыслы тапсырмалар қайта көрип шығылды. Соның менен бирге, халықаралық жойбарларды кәсиплик билимлендириў системасына тартыў, техникумларда заманагөй оқытыў орталығын қәлиплестириў, педагог ҳәм өндирислик билимлендириў усталарының потенциалын арттырыў, сондай-ақ, халықаралық шериклер менен әмелий байланысларды кеңейтиў жумыслары жеделлестирилмекте. Бундай көзқарас кәсиплик билимлендириўди ҳүжжетлерде белгиленген ўазыйпалар дәрежесинде емес, ал реал нәтийже - жаңаланған бағдарлама, заманагөй методика, күшли педагог, жумыс бериўшиге таяр питкериўши ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў системасы сыпатында көрсетиўге хызмет етеди.

Усы мәниде, институтымызда исленип атырған жумыслар кәсиплик билимлендириўде “халықаралық тәжирийбе — миллий бағдарлама — әмелий көнликпе — жумыс бериўшиниң талабы — мийнет базарының нәтийжеси” шынжырын қәлиплестириўге қаратылған.

Раўажланыўға кириў есиги

Бүгин кәсиплик билимлендириўге мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў ўақты келди. Техникум “жоқары билимлендириў мәкемесине кире алмағанлар орны” емес, ал экономикаға ең зәрүр қәнигелер таярланатуғын заманагөй билимлендириў майданы болып есапланады. Ол жерде қәлиплескен ҳәр бир кәсиплик көнликпе ертең кәрханада өнимге, хызмет көрсетиўде сапаға, аймақта бәнтликке, шаңарақта дәраматқа айланады.

Мәмлекетимиз басшысының үлкен нәтийже ҳаққындағы талабы кәсиплик билимлендириў системасы ушын да ең әҳмийетли норма болып қалыўы керек. Кәсиплик билимлендириўде үлкен нәтийже заманагөй оқыў бағдарламасы, тәжирийбели педагог, жумыс бериўши менен ҳақыйқый бирге ислесиў, жумысқа таяр питкериўши ҳәм жәмийетте қәдирленген кәсип демек.

Мине, усы мақсетке избе-из ерисилсе, кәсиплик билимлендириў жаңа Өзбекстан раўажланыўының ең исенимли инсан капиталы мектебине, аймақлар экономикасының турақлы өсиў дәрегине ҳәм жаслардың келешегин әмелий нәтийже менен байланыстыратуғын қүдиретли системаға айланады.

Ҳаёт ҚОДИРОВ,

Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў

институтының директоры