Усы күнлерде республикамыздың улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс оқыўшылары жуўмақлаўшы имтиханларды тапсырмақта. Билимлендириўди мектепте даўам еттиретуғынлар, техникумға баратуғынлар қатарында академиялық лицейлерде оқыўды қәлеўшилер де бар, әлбетте. Мағлыўматларға қарағанда, өткен жылы академиялық лицейлер ушын ажыратылған 15 мыңнан аслам оқыўшы орынға 44 мыңға шамалас талабан болған.
2026/2027-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы академиялық лицейлерге тастыйықланған қабыллаў параметрлерине бола, республика бойынша 69 академиялық лицейге 14 мың 898 оқыўшы қабыл етиледи. Ажыратылған квоталардың тийкарғы бөлеги өзбек тилинде билим алыўшылар үлесине туўра келеди.
Хош, академиялық лицейлерди таңлап атырған жаслар нелерге ериспекте? Олар усы жолдан барып дурыс ислеп атыр ма? Бул билимлендириў шөлкемлериниң тийкарғы ўазыйпалары нелерден ибарат ҳәм олар өзин ақламақта ма?
Сораўларымызға жуўап ретинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм академиялық лицейлер жумысын муўапықластырыў бөлиминиң баслығы Олимжон Йўлдошев системадағы ең соңғы мағлыўматларды усынды.
Таңланған жаслардың потенциалы және де арттырылады
Академик лицейлер орта арнаўлы билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрлар таярлаўға қәнигелескен, мәмлекетлик билимлендириў стандартларына муўапық орта арнаўлы билим бериўши мәмлекетлик билимлендириў шөлкеми. Бүгинги күнде республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелери жанында 73 академиялық лицей жумыс алып бармақта. 70 процентке шамаласында жатақхана бар. Жатақханасы жоқ лицейлерде де жатып оқыўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери ушын жоқары билимлендириў мәкемесиниң жатақханаларынан орын ажыратылады. Алыс аймақлардан қабыл етилген оқыўшылар белгиленген тәртипте жатақхана ҳәм ата-аналар төлеми есабынан (ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында) қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаған ҳалда, жеңиллетилген азық-аўқат пенен тәмийинленип атырғаны бул билимлендириў шөлкемлеринде оқыўға қызығыўшылықтың және де артыўына хызмет етпекте. Мәмлекетимиз басшысының тийисли қарарына тийкарланып академиялық лицейлерде оқыў топарларының қурамы 26 оқыўшыдан артық болмаған тәризде қәлиплестирилмекте. Себеби оқыўшылар санының көплиги билим бериў сапасына унамсыз тәсир етеди. 8 академиялық лицейде халықаралық билимлендириў шөлкемлери менен қоспа бағдарламалар шөлкемлестирилген. Енди бундай бағдарламаларды да көбейтиў мақсет етилмекте.
2017/2018-оқыў жылынан академиялық лицейлерде оқыў мүддети еки жыл етип белгиленди. Питкериўшилерге арнаўлы тереңлестирилген таярлық талап етпейтуғын айрықша қәнигеликлер бериў ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги сертификат бериў системасы жолға қойылды.
Мийнет еткен оқытыўшы да, оқыўшы да хошаметленеди
Жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, соның ишинде, басшы хызметкерлери белгиленген тәртипте академиялық лицейлердиң сабақларына тартылыўы билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыўды тәмийинлемекте. Шет тиллерин билиў дәрежесин белгилейтуғын ҳәм улыўма билим бериў пәнлери бойынша миллий ямаса халықаралық тән алынған сертификатларға ийе оқытыўшыларға болса 50 процент үстеме бериледи. Жақсы оқыйтуғын оқыўшылар да нызамлы түрде ректор тәрепинен сыйлықланады. Бағыныўы бойынша тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң финанслық имканиятынан келип шығып, бюджеттен тысқары, соның ишинде, төлемли-контракт қаржылары есабынан академиялық лицейлерде өрнек көрсеткен педагог ҳәм хызметкерлерге лаўазым мийнет ҳақысының 100 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық үстеме төлениўи белгиленген.
ЖООларға академиялық лицейлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, канцелярия үскенелери, бағдарламалық өнимлер, заманагөй мәлимлеме-коммуникация қуралларын сатып алыў, таярлық оқыў әдебиятларын басып шығарыў, лицейлердиң веб-сайтларын жаратыў ҳәм тәмийинлеп барыў, аралықтан билимлендириў технологияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў ҳуқықы берилди. Ҳәр бир ўәлаятта биреўден академиялық лицейдиң оқыў-лаборатория ханалары (химия, биология, физика) заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери менен тәмийинленди. Академиялық лицейлердиң оқыў режесиндеги улыўма билим бериў пәнлери оқыў процесинде улыўма билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары ушын ислеп шығылған миллий оқыў бағдарламаларынан тиккелей пайдаланыў ҳәм 10-11-класслар ушын жаратылған сабақлықлар менен бийпул тәмийинлениўи жолға қойылды.
Танлаў имканияты кеңейди
Академиялық лицейлерге оқыўшылар қабыллаўы ушын ҳүжжет тапсырыў процеси толық санластырылған. Ҳүжжет тапсырыўшылар Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы ҳәр жылы 10-июньнан 10-июльға шекем бийпул дизимнен өткериледи. Абитуриентлерге дизимнен өтиўде үшке шекем академиялық лицейдиң билимлендириў тили бирдей болған биреўден сәйкес бағдарды таңлаў имканияты берилди. Абитуриент өзи таңлаған аймақта (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайы ямаса Ташкент қаласында) шөлкемлестирилетуғын кириў тест сынақларында қатнасыўы белгиленди.
Студентлик жолы жақын
2023-2024-оқыў жылынан баслап академиялық лицейлердиң питкериўшилерине QR код қойылған жаңа үлгидеги диплом және үлгили оқыўшыларға алтын ҳәм гүмис медальлар бериў системасы жолға қойылды. Жаратылған шараятлар нәтийжесинде академиялық лицей питкериўшилериниң ЖООна оқыўға кириў көрсеткиши жылдан-жылға артып бармақта. 2017-жылы бул көрсеткиш 53 процентти қураған болса, ҳәзир 93-94 процентке жетти. Өткен жылы 10 нан аслам академиялық лицейде 99-100 процент питкериўши студентликке усыныс етилди.
Быйыл 500 ге шамалас академиялық лицей оқыўшылары 4-5 тен сертификатқа ийе. Бул сонша оқыўшы жоқары билимлендириўге қабыл етилиўи анық, дегени. Сондай-ақ, сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине грант жеңип алғанлар да көп. Улыўма алғанда, бүгин академиялық лицейлер ушын да оғада көплеген имканиятлар, қолайлықлар жаратып берилген.
Муножат МЎМИНОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы