Жол өткелиниң узынлығы 60 метр, кеңлиги 24,6 метрди қурайды. Жойбар заманагөй инженерлик талаплары тийкарында әмелге асырылып, усы жылдың ноябрь айында пайдаланыўға тапсырылыўы белгиленген.

Бул жол өткели автомобиль жолы ҳәм темир жол кесилиспесинде жайласқаны менен айрықша әҳмийетке ийе. Реконструкция жумыслары нәтийжесинде жол өткели заманагөй талапларға бейимлеседи, транспорт ағымының үзликсизлиги тәмийинленип ҳәм темир жол кесилиспелеринде жүзеге келетуғын күтилислер ҳәм қәўипли жағдайлардың алды алынады. Соның менен бирге, ҳәрекет қәўипсизлиги артып, жүк ҳәм жолаўшы тасыў нәтийжелилиги артады.

                                                                         Қарақалпақстан хабар агентлиги.