Аўғанстан биз ушын жаңа, еле толық
үйренилмеген, бирақ үлкен потенциалға ийе базарлардан бири. Кейинги жыллары
елимиз өнимлериниң усы базарға кириўи жеделлескен. Бул, бир тәрептен, 40
миллионға шамалас халық жасайтуғын Аўғанстанның региондағы ең ири тутыныў
базарына ийе екени, басқа тәрептен, мәмлекетте таяр өнимлерге де, инвестициялық
жойбарларға да талап жоқары екени менен түсиндириледи.
Миллий өнимлеримиздиң аўған
базарына кирип барыўында ҳәр еки тәреп те бирдей белсендилик көрсетпекте. Жыл
даўамында еки мәмлекет бизнес ўәкиллери, исбилерменлери арасында бир неше
ушырасыўлар, көргизбелер, исбилерменлерден ибарат делегациялардың сапарлары
шөлкемлестирилмекте. Ҳәттеки, өткен жылдың ноябрь айында Аўғанстанның Мозори
Шариф қаласында Өзбекстан миллий өнимлери сатылатуғын үлкен саўда орайы ашылды.
Яғный, ортадағы өз-ара саўда
байланыслары барған сайын кеңейип, жаңа формат ҳәм басқышқа өтип бармақта.
Аўғанстан тәрепи де буннан мәпдар болған ҳалда барлық тараўларда экономикалық
қатнасықларды кеңейтиўге умтылмақта. Усы жылдың март айының ақырларында
Аўғанстан Саўда ҳәм инвестиция палатасының баслығы Муҳаммад Карим Ҳошимий
басшылығындағы делегация елимизде мийман болып, бир қатар экономикалық
илажларда қатнасты. Сапар жедел ушырасыўлар, бизнес илажлар, қалаберди, жаңа
келисимлерге бай болды.
Тийкарғы ўақыялардан бири Өзбекстан
‒ Аўғанстан исбилерменлер кеңесиниң шөлкемлестирилгени болды. Өзбекстан
Саўда-санаат палатасында усы кеңестиң биринши мәжилиси де болып өтти.
- Бул ҳәр еки тәреп бизнеси ушын пүткиллей жаңа
платформа болып, кеңестиң дүзилиўин тарийхый ўақыя сыпатында баҳалаў мүмкин, -
дейди Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының мәсләҳәтшиси Жамил Мақсудий. - Ушырасыўда экспорт
потенциалын кеңейтиў, санлы бажыхана системаларын енгизиў, финанслық ҳәм
қамсызландырыў хызметлерин раўажландырыў және саўда процесслеринде
ашық-айдынлықты тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленди. Көргизбелер,
бизнес форумлар ҳәм В2В ушырасыўларды турақлы шөлкемлестириў арқалы
исбилерменлер арасындағы бирге ислесиўди және де жеделлестириў режелестирилди.
Бул өз-ара санаат кооперациясын раўажландырып, саўданы кеңейтиў ушын
имканиятлар жаратады. Исбилерменлер арасындағы тиккелей сөйлесиў жаңа шериклер
табыў ҳәм инвестициялық белсендиликти арттырыўға хызмет етеди.
5 миллиард долларлық мақсет
Кеңес
қурамына жәми 32 ўәкил киргизилген. Олар еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, исбилерменлер арасында тиккелей бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыўда көпир ўазыйпасын атқарады. Биринши мәжилисте-ақ бир қатар мәселелер додаланды. Әсиресе, қурылыс
материаллары, фармацевтика, азық-аўқат, тоқымашылық, электротехника ҳәм нефть
өнимлери сыяқлы тийкарғы тармақларды кеңнен қамтып алыў нәзерде тутылды.
Өзбек ҳәм аўған халықларын әзелден
қоңсышылық ҳәм дослық байланыслары байланыстырып турады. Бирақ жақын жылларға
шекем туўысқан мәмлекет базарына жабық система сыпатында, қалаберсе, қорқыныш
пенен қаралатуғын еди. Шегаралардан өтип-қайтыў жеңиллесип, өз-ара дослық ҳәм
исеним есиклериниң ашылыўы артынан саўда-экономикалық қатнасықлар да кеңейип
бармақта. Енди еки мәмлекетти өз-ара саўда байланысларын тереңлестириў, бул
арқалы мәмлекетлердиң экономикалық раўажланыўына үлес қосыў мақсетлери
бирлестирмекте. Бул белсендилик кейинги жылларда анық санларда айқын көзге
тасланбақта.
Мағлыўматларға бола, өткен жылы еки
мәмлекет саўда айланысы дерлик 1,68 миллиард долларға жақынласты. Бул алдынғы
жыллардағыға салыстырғанда 50 процент өсиў екени айтылмақта. Енди болса бул
санды 5 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Бул тек ғана гөзленген шек
емес, ал үйрениўлер, имканиятларды таллаў арқалы белгиленген анық ўазыйпа болып
есапланады.
Яғный бул бағдарда ҳәр еки тәрептиң
имканиятлары баҳаланған. Узақ күтпей, оларды иске қосыў керек. Ҳәрекетлер
барған сайын жеделлесип атырғанының себеби сонда. Тийкарғысы, еки мәмлекет өзи
ушын жаңа базарға исенимли кирип бармақта. Бул исбилерменлерге де жаңа
имканиятлар ашпақта. Мәселен, Аўғанстан базарында импорт өнимлерге талап оғада
үлкен болып, бул елимиз исбилерменлерин экспортты арттырыўға ийтермелейди.
- Ашығын айтсам, Аўғанстан базарына тәўекел кирип
барғанбыз. Бирақ ол жерде сапалы өнимлерге талап жоқарылығын көрдик, - дейди
Өзбекстанның “PREMIER”
компаниясының ўәкили Шуҳрат Комилов. - Мәмлекетте
болып атырған жаңа өзгерислер себепли экономикалық бирге ислесиўге кең жол ашылған. Қалаберди, жергиликли өнимлеримиз ол жерде бираз өтимли. Сол себепли, әсте-ақырын өнимлеримиздиң санын арттырып, түрин жаңалап бармақтамыз. Бүгинги күнге шекем 500 мың доллардан аслам өним экспорт еттик. Бул көрсеткишти
еки есеге арттырыў имканиятларымыз бар, ҳәзир соның үстинде ҳәрекет етип
атырмыз. Әҳмийетлиси, Аўғанстан базарына бурынғыдай қорқыныш, гүманланыўлар
жоқ. Ҳәзир бул мәмлекет пенен тек ғана экономикалық емес, ал дослық
қатнасықларымыз да раўажланып атырғаны биз исбилерменлерди және де жедел бирге
ислесиўге ийтермелемекте.
Аўғанстан да экономикалық
қатнасықларды жеделлестириў ҳәрекетинде. Яғный, өз-ара саўдада импорт пенен
бирге экспортты арттырыўға умтылмақта. Сонлықтан, аўған делегациясы
ўәкиллериниң елимизге сапары шеңберинде Ташкент қаласында биринши мәрте “Made in Afghanistan Expo—Tashkent
2026” халықаралық көргизбеси болып өтти. Онда Аўғанстанда ислеп
шығарылып атырған өнимлер ҳәм хызметлер көрсетилди. 150 ден аслам аўған
компаниясы азық-аўқат, аўыл хожалығы, қурылыс, тоқымашылық, зергерлик,
гилемшилик ҳәм миллий өнерментшилик өнимлери менен қатнасты. Еки мәмлекет
исбилерменлери арасында бизнес ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер, презентациялар
өткерилди. Павильонлар менен танысқан мийманлар аўған ислеп шығарыўшыларының экспорт
потенциалын жоқары баҳалады.
Бул ҳәр еки мәмлекет арасында саўда
байланысларын арттырыў имканиятлары жоқары екенинен дәрек береди. Бул
имканиятлардан пайдаланыўға болған умтылыс барлық тараўларда айқын көзге
тасланбақта. Атап айтқанда, күни кеше Өзбекстан Аўғанстан менен фармацевтика
тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтип, еки тәреплеме саўда көлемин 500 миллион
долларға жеткериўди режелестирип атырғаны мәлим етилди. Еки тәреп жуўапкерлери
арасында рәсмий ушырасыў өткерилип, соған келисилген. Оған ерисиў ушын
биргеликтеги оператив жумысшы топар шөлкемлестирилип, ири дистрибьюторлар менен
тиккелей бирге ислесиў жолға қойылады.
Бүгинги күнде Өзбекстанда аўған
капиталының қатнасыўындағы 500 ден аслам компания жумыс алып бармақта. Олардың
көпшилиги кейинги жылларда жумыс баслаған. Яғный аўғанлар да Өзбекстанға
исенимли ҳәм перспективалы базар сыпатында қарамақта. Өз инвестицияларын
киргизип, бизнеслерин жолға қоймақта. Жаңадан шөлкемлестирилген Өзбекстан -
Аўғанстан исбилерменлер кеңеси еки мәмлекет арасындағы мине усындай бирге
ислесиў қатнасықлары, саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да
раўажландырыўға қаратылған.
- Бул платформа өзбек-аўған исбилерменлери арасындағы
бирге ислесиўди пүткиллей жаңа басқышқа алып шығады, - дейди Аўғанстан Саўда ҳәм инвестиция палатасының баслығы Муҳаммад Карим Ҳошимий. -
Бул тек ғана саўда-экономикалық емес, ал өз-ара дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етеди. Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетте аўған исбилерменлери ушын барлық имканиятлар менен шараятларды жаратып атырғаны бизди қуўандырады. Қысқа ўақытта еки мәмлекет арасындағы товар айланысын 5 миллиард долларға жеткериў мақсет етилгени де
ҳәрекетлердиң анық ҳәм исенимли екенин көрсетеди. Биз өзбекстанлы
кәсиплеслеримиз бенен биргеликте ислеп, бул мақсетке әлбетте ерисемиз. Кеңестиң
дәслепки мәжилисинде көплеген әҳмийетли мәселелерди додалап алдық. Ҳәзирги
ўақытта Өзбекстаннан Аўғанстанға экспорт оғада жақсы жүрип атыр. Бирақ
Аўғанстаннан Өзбекстанға экспорт көрсеткиши биз күткен дәрежеде емес.
Процесслерде усындай тәреплерге итибар қаратылып, еки мәмлекет арасындағы саўда
байланысларын бирдей жедел раўажландырыў нәзерде тутылған. Ҳәр шеректе
көргизбелер өткериўди де келисип алдық.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги
Ўзбекистон" хабаршысы