Бүгинги күнде бул баслама тек ғана жойбар емес, ал системалы жумыстың бир бөлегине айланды: пилот басқышта жойбар республиканың 28 аймағында (районында) сынақтан өткерилди. Оның шеңберинде 440 волонтёр тәрепинен халыққа жәми 2000 сааттан аслам жәрдем көрсетилди, бул болса социаллық волонтёрлықты раўажландырыўдың әҳмийетлилиги ҳәм нәтийжелилигин тастыйықлады.

Оқыў процесслери 250 волонтярды қамтып алып, әмелий жәрдем көрсетиў, халық пенен ислесиў ҳәм жетекшилик көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған.

"Мен исенемен, мине усындай инсанлар арқалы жәмийетте жаңа ғамхорлық мәденияты қәлиплеспекте. Соның ушын биз волонтёрлар жәмийетшилигин социаллық қорғаў системасының әҳмийетли бөлеги сыпатында раўажландырмақтамыз", - деп атап өтти Агентлик директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёева.

"Инсан" волонтёрлары реформалар ҳәм халықтың турмысы арасында байланыстырыўшы көпирге айланбақта. Бул социаллық қорғаў системасын ҳәр бир инсан ушын және де жақынластырыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болып есапланады.