Бирақ теңгениң екинши тәрепи болғаны сыяқлы, бул жедел процесс инсаният алдында бурын бақланбаған жаңа қәўип-қәтерлерди де көлденең қоймақта. Бүгин ең үлкен қәўип үйимиз дәрўазаларынан емес, ал қолымыздағы кишкене гаджетлер экраны - виртуал әлем арқалы кирип киятырғаны ашшы ҳақыйқат. Түсингениңиздей, гәп глобаллық машқалаға айланып үлгерген кибержынаятшылық ҳәм санлы алдаўшылық ҳаққында бармақта.

Виртуал әлемдеги ҳақықый қәўип

Кейинги жылларда мәмлекетимизде жедел санластырыў реформалары әмелге асырылды. Банк-қаржы, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў, салық ҳәм бажыхана системалары толық санлы релслерге өткерилди. Бүгин ўатанласларымыз үйинен шықпай турып, жүзлеген түрдеги мәмлекетлик хызметлерден пайдаланбақта, секундлар ишинде финанслық операцияларды орынламақта. Бул, әлбетте, инсан факторын азайтыў ҳәм қәдирин улығлаў, халықтың ўақты ҳәм қаржысын үнемлеў жолындағы шексиз қолайлық болып есапланады. Бирақ глобал раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологияларының бундай раўажланыўы өз изинен үлкен трансформацияларды да баслап берди. Ең ашынарлысы, жынаятшылық дүньясы бул қолайлықлардан ғәрезли мақсетлери жолында пайдаланыўға урынбақта. Бүгин дәстүрий урлық, тонаўшылық ямаса жүзбе-жүз исленетуғын алдаўшылық орнын виртуал мәкандағы, геосиясий шегараларды тән алмайтуғын "көринбес ҳүжимлер" ийелемекте. Енди жынаятшылар қурал ямаса күш пенен емес, ал алгоритмлер, жалған силтемелер ҳәм руўхый басым усыллары менен қуралланған.

Мине усы фактор себепли БМШтың Жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынайый әдил судлаў комиссиясының жақында Вена қаласында болып өткен 35-сессиясында кибержынаятшылық ҳәм санлы қәўип-қәтерлер шегара билмес глобал бәле сыпатында айрықша тилге алынды. Дүньяның ең раўажланған мәмлекетлери де бул "санлы оба"ға қарсы жекпе-жек гүресиўге әззилик етип атырғанын усы әнжуманда тән алды.

Мәмлекетимиз усы жылы биринши мәрте бул абырайлы структураға толық ағза болып кирди. Өзбекстан делегациясы халықаралық минберден турып бул трансмиллий қәўипке қарсы ашық сөйлесиў, глобаллық тәжирийбе алмасыў ҳәм жедел бирге ислесиўге шақырыўды алға қойды.

Неге алдаўшылар дузағына түсип атырмыз?

Хош, не ушын кибер алдаўшылық географиясы ҳәм көлеми буншелли кеңейип бармақта?

Бириншиден, халықтың, әсиресе, санлы әлемге енди қәдем қойып атырған жаслар ҳәм заманагөй технологиялардан бираз узақ болған кексе әўлад ўәкиллериниң санлы саўатлылығы, яғный "санлы гигиена" қағыйдаларын жетерли дәрежеде билмейтуғыны болып есапланады. Бүгинги күнде көпшилик виртуал әлемди тек ғана социаллық тармақлар ҳәм "кеўил ашар орын" сыпатында көреди, бирақ ол жердеги қәўип-қәтерлерди аңлап жетпейди. Ең әпиўайы, бирақ турмыслық қәўипсизлик қағыйдасы - банк картасының сырлы мағлыўматларын, ПИН-кодты ямаса мобил телефонға СМС хабарнама арқалы келген бир мәртелик тастыйықлаў кодларын ҳеш кимге, ҳәттеки өзин банк хызметкери деп таныстырған шахсларға да айтпаў керек екенлигин аңламаў аянышлы ақыбетлерге алып келмекте. Жынаятшылар адамлардың садалығы, исениўшеңлиги ямаса жағдайды дурыс баҳалай алмаўынан шеберлик пенен пайдаланып, жыллар даўамында маңлай тер менен жыйнаған шаңарақлық қорларын секундлар ишинде қолға киргизбекте. Екиншиден, виртуал дүньядағы алдаўшылар қолланып атырған "социаллық инженерлик" усыллары күн сайын қурамаласып, инсан психологиясына терең кирип бармақта. Бүгинги күндеги жынаятшылар тек ғана техникалық бағдарламаларды емес, ал инсанның сезимлерин де шеберлик пенен "чипке түсириўши" өзине тән манипуляторларға айланды. Олар өзин "банк қәўипсизлик хызметиниң хызметкери", "ҳуқық-қорғаў уйымының ўәкили" ямаса "мәмлекетлик уйымның жуўапкери" сыпатында таныстырып, пуқта ойланған сценарийлер тийкарында жумыс алып бармақта. Жынаятшылар пуқаралардың ең нәзик сезимлерин - тосаттан пайда болған қорқыныш ҳәм ҳаўлығыўды, мәселен, "есап бетиңизден пул урланбақта", "жақыныңыз нызамбузыўшылық пенен усланды" сыяқлы жалған қорқынышлар арқалы ямаса, керисинше, аңсат дәрамат табыўға болған умтылысты, яғный жалған онлайн утыс ойынлары, мәмлекет атынан берилетуғын жалған компенсация ямаса субсидия ўәделери арқалы шеберлик пенен басқармақта. Бундай психологиялық басым астында қалған инсан өзи сезбеген ҳалда логикалық пикирлеў қәбилетин жоғалтады ҳәм өз қолы менен бар-жоғын алдаўшыларға тапсырады. Бул болса кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде тек ғана техникалық тосқынлықлар емес, ал халық арасында күшли психологиялық сергеклик ҳәм қырағылықты қәлиплестириў қаншелли зәрүр екенлигин көрсетеди.

Үшиншиден, жедел раўажланып атырған жасалма интеллект (ЖИ) имканиятларынан ғәрезли ҳәм жынайый мақсетлерде пайдаланыў көлеми кеңеймекте. Технологиялық революция жемиси болған бул система бүгин алдаўшылардың қолында инсаниятқа қарсы қәўипли қуралға айланбақта. Атап айтқанда, дипфэйк (Deepfake) технологиялары жәрдеминде инсанлардың санлы келбети, жүз ҳәрекетлери ҳәм даўысын жоқары анықлықта қәлбекилестириў имканияты пайда болды. Енди алдаўшылар интернет ҳәм социаллық тармақларға жайластырылған бир неше секундлық әпиўайы аудио ямаса видеоматериал арқалы қәлеген инсанның даўысын толық көширип алмақта. Бүгин перзентиңиз, ата-анаңыз ямаса жақын достыңыздың көринисинде ҳәм оның даўысы менен қоңыраў етип, "аўыр жағдайға түсип қалғанын" айтып, пул сораў жағдайлары узақ келешектеги болжаў емес, күнделикли турмысымызда ушырасып атырған ашшы ҳәм қорқынышлы ўақыяға айланып үлгерди. Жасалма интеллект арқалы әмелге асырылып атырған бундай виртуал жынаятлар инсанларды тек ғана материаллық жақтан бүлдирип қоймастан, ал адамлар арасындағы ең жоқары сезим - бир-бирине исеним ҳәм жақынлық қатнасықларына да зыян жеткермекте. Бул болса санлы мәканда ҳәр қандай мәлимлеме ҳәм визуал дәлилди бир неше мәрте тексериў, техникалық ҳәм ҳуқықый "санлы қалқан" системасын жаратыў дәўирдиң ең кешиктирип болмайтуғын талабы екенинен дәрек береди.

Социаллық ҳәм экономикалық ақыбетлер

Кибержынаятшылық тек ғана қайсыдур пуқара ямаса исбилерменниң белгили бир муғдардағы қаржының жоғалыўы менен шекленетуғын әпиўайы ҳуқықбузарлық емес. Оның жәмийет, мәмлекет ҳәм миллет келешегине келтирип атырған зыяны системалы характерге ийе болып, ақыбетлери оғада терең ҳәм қәўипли. Соның ишинде, санлы алдаўшылар тәрепинен өзлестирилип атырған миллиардлап, триллионлап қаржылар рәсмий пул айланысынан шығып, жасырын экономиканың раўажланыўына хызмет етпекте. Ең ашынарлысы, бул қаржының үлкен бөлеги ҳәр қыйлы криптоактивлер ҳәм виртуал қалталар арқалы сырт елге, трансмиллий жынайый топарлардың қолына шығып кетеди. Бул болса финанслық турақлылыққа зыян жеткерип, ишки базардағы пул-кредит сиясатына, инвестициялық орталыққа унамсыз тәсир көрсетеди. Мәмлекет ҳәм халық байлығының бундай қадағалаўсыз шығып кетиўи миллий қәўипсизлик дәрежесиндеги машқала болып табылады.

Сондай-ақ, киберҳүжимлер күшейген сайын жәмийетте өзине тән "исеним кризиси" жүзеге келмекте. Пуқараларда банк ҳәм заманагөй санлы хызметлерге, электрон төлем қуралларына ҳәм ҳәттеки мәмлекеттиң қорғаў системаларына исенимсизлик кейпияты пайда болмақта. Адамлардың технологиялардан қорқа баслаўы мәмлекеттиң санлы келешегин, "санлы экономика" стратегиясын төменлетиўши ең үлкен тосқынлық. Себеби санлы мәкан қәўипсиз болмаса, ол жерде ҳеш қашан турақлы экономикалық өсиў болмайды.

Машқаланың ең аўыр ҳәм қорқынышлы ноқаты тири инсанлар тәғдири болып есапланады. Алдаўшылардың дузағына түсип, бар-мүлкинен айырылған, олардың алдаўы менен өз атына үлкен муғдарда онлайн кредитлер рәсмийлестирип қойылған әпиўайы пуқаралар бүгин аўыр финанслық ҳәм руўхый басым астында қалмақта. Буның ақыбетинде жәмийетте терең руўхый түскинлик, шаңарақлық келиспеўшиликлер, беккем шаңарақлардың бузылыўы ҳәм ажырасыўлар саны артпақта. Ҳәттеки илажсызлықтан, қарызлар жүгин көтере алмай өз жанына қастыянлық етиў жағдайына шекем барып атырғаны бул қәўипке қарсы пүткил жәмийет болып, жар салып гүресиў пурсаты әлле қашан келгенинен дәрек береди.

Алдын алыў механизмлери: "санлы иммунитет" шәрт

Өзбекстанда нызам үстинлиги ҳәм инсан қәдирин улығлаў бас мақсет екен, бул глобал қәўипке қарсы системалы, шынжырлы бирге ислесиў механизмин жаратыўымыз шәрт. Бул бағдарда төмендеги илажларды жеделлестириў лазым:

мектепке шекемги билимлендириўден баслап, мектеп, жоқары оқыў орынлары ҳәм "мәҳәлле кесиминде" системаға шекем социаллық профилактика субъектлериниң қатнасыўында "медиасаўатлылық ҳәм киберқәўипсизлик" саатларын мәжбүрий енгизиў зәрүр. Инсан виртуал силтемеге (линк) басыўдан алдын онда гүман сезими ояныўы керек.

банклер жасалма интеллект жәрдеминде гүманлы ҳәм типик емес транзакцияларды автомат тәризде блоклаў системасын және де жетилистириўи зәрүр. Әсиресе, бир неше минут ишинде онлайн кредит алып, оны басқа есапқа өткериў әмелиятларына қатаң тосқынлықлар қойылыўы зәрүр.

жынаятшылар шегара билмегени себепли, Орайлық Азия ҳәм жәҳән жәмийетшилиги көлеминде оператив мәлимлеме алмасыў, кибержынаятшыларды экстрадациялаў ҳәм санлы дәлиллерди тән алыў бойынша халықаралық ҳуқықый базаны күшейтиў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, тынышлық ҳәм қәўипсизлик - турақлы раўажланыўдың баслы гиреўи. Бүгин "қәўипсизлик" түсиниги тек ғана шегараларымыздың қол қатылмаслығы менен өлшенбейди. Ҳәр бир пуқараның санлы дүньядағы қәўипсизлиги миллий қәўипсизлигимиздиң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Солай екен, виртуал дүньяда сергеклик ҳәм жуўапкершиликти жоғалтпаў, заманагөй технологиялардан дурыс ҳәм қәўипсиз пайдаланыў мәдениятын арттырыў тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал ҳәр бир инсанның ҳүждан ҳәм пуқаралық миннетине айланыўы шәрт.

Бахтияр БЕРДИАЛИЕВ,

Криминология изертлеў институты баслығы,

юридикалық илимлер бойынша философия докторы