Жойбарға бола, 16 жасқа толмаған пайдаланыўшылар социаллық тармақлардағы
контентке өз бетинше жазыўлар, пикирлер қалдырыў ҳәм мүнәсибет билдириў
имканиятына ийе болмайды. Аккаунтты дизимнен өткериў ушын баланың интернеттеги
жумысын қадағалаўға жуўапкер болған ата-анасы ямаса нызамлы ўәкиллериниң
мағлыўматларын, соның ишинде, жәрияланатуғын контент ҳәм тармақта өткерилген
ўақытты усыныў керек болады, деп жазбақта Reuters.
Буннан тысқары, социаллық платформалар пайдаланыўшылардың жасын тексериў
механизмлерин енгизиў ҳәм жас өспиримлердиң жасына сәйкес келмейтуғын
материаллардан пайдаланыўын шеклеўге мәжбүрлейди.
Басламаны ислеп
шығыўшылардың атап өтиўинше, гәп балалардың социаллық тармақлардан пайдаланыўын
пүткиллей қадаған етиў ҳаққында болып атырған жоқ. Усыныс етилип атырған
өзгерислерден тийкарғы мақсет зыянлы контент тарқалыўы менен байланыслы
қәўип-қәтерлерди азайтыўдан ибарат. Атап айтқанда, платформалар зорлық-зомбылық
көринислери, нәшебентлик затларды үгит-нәсиятлаў, қумар ойынлары, порнография,
өзине зыян жеткериўге байланыслы материалларды блоклаўы керек болады.
Въетнам жас
өспиримлердиң социаллық тармақлардан пайдаланыўы үстинен қадағалаўды күшейтип
атырған бирден-бир мәмлекет емес. Францияда парламент 15 жасқа толмаған
балаларға социаллық тармақлардан пайдаланыўды қадаған ететуғын нызамды мақуллап
болды. Ҳүжжетте пайдаланыўшылардың жасын мәжбүрий түрде тексериў ҳәм
белгиленген жасқа жетпеген балалардың бар аккаунтларын жабыў нәзерде тутылған.
Нызам жаңа оқыў жылы басланыўына шекем күшке кириўи күтилмекте.
Бундай илажлар
басқа мәмлекетлерде де әмелге асырылмақта. Австралияда 16 жасқа толмаған
балалардың социаллық тармақлардан пайдаланыўы қадаған етилген, бир қатар Европа
мәмлекетлери болса усындай жас шеклеўлерин енгизиў ямаса пайдаланыўшылардың
жасын мәжбүрий тексериў имканиятын көрип шықпақта. Бирлескен Араб
Әмирликлеринде социаллық платформалардан пайдаланыў ушын ең кем жас 15 жас етип
белгиленген.
Экспертлердиң
пикиринше, бундай басламалардың көбейиўи санлы мәканда жас өспиримлерди
қорғаўдың глобал тенденциясы күшейип атырғанынан дәрек береди. Соның менен
бирге, балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың ҳуқықларына әмел етиў ҳәм
заманагөй санлы технологиялардан пайдаланыў имканиятын сақлап қалыў арасындағы
тең салмақлылықты табыў әҳмийетли мәселелерден бири болып қалмақта.