Соның менен бирге, бүгинги нәтийжелер Өзбекстан санлы төлемлерди енгизиў басқышынан әллеқашан өтип болғанын айқын көрсетеди. Ҳәзир саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында нақ пулсыз төлемлердиң үлеси 66 процентке жетти. Келешекте бул көрсеткишти 75 процентке жеткериў режелестирилгени мәмлекетлик сиясаттың избе-из ҳәм анық мақсетке бағдарланғанын тастыйықлайды.
Ең әҳмийетли тәреплерден және бири
системаның техникалық ҳәм институционаллық жақтан толық таяр екени болып
есапланады. 2026-жыл 1-март жағдайына бола, мәмлекет бойынша 433,3 мың ПОС
терминал, 42,3 мың банкомат ҳәм инфокиоск, 7061 нақ пул қабыл етиўши қурылма
ҳәм 70,5 миллионнан аслам банк картасы бар. Бул көрсеткишлер тек ғана ири
қалаларда емес, ал аймақларда да санлы төлемлер ушын зәрүр инфраструктура толық
қәлиплескенлигин көрсетеди.
Соның менен бирге, банк системасы тек ғана
техникалық жақтан емес, ал операциялық ҳәм хызмет көрсетиў көзқарасынан да жаңа
талаплар дәрежесине бейимлести. Реал ўақыт режиминдеги төлемлер системасы,
мобил банк хызметлериниң тийкарғы каналға айланыўы ҳәм финтех шешимлериниң
кеңнен енгизилиўи банк секторының санлы платформаға айланғанын көрсетеди. Бүгин
финанслық хызметлер тек ғана банк имараты менен шекленип қалмастан,
пуқаралардың күнделикли турмысына да терең кирип барған.
Статистикалық көрсеткишлер бул процесстиң
әмелий нәтийжелерин тастыйықлайды. 2025-жылдың жуўмақларына бола, төлем
терминаллары арқалы әмелге асырылған операциялардың көлеми 460,3 триллион сумды
қурап, өткен жылға салыстырғанда 1,4 есеге артты. Банк карталарының саны болса
68,2 миллионға жетип, жыл даўамында 10 процентке өсти. Бул болса халықтың санлы
төлем қуралларына исеними барған сайын артып атырғанын аңлатады.
Тек ғана Ташкент қаласында жәмийетлик
транспортта нақ пул арқалы есап-санақлардың бийкар етилиўи қысқа мүддетте үлкен
нәтийже берди. 2025-жылы транспорт системасы арқалы 692 миллион транзакция
әмелге асырылған. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 36 процентке көп.
Жолаўшылар саны 206 миллионға жетип, 31 процентке өсти. Түсим болса 644
миллиард сумды қурап, 16 процентке көбейген. Бул санлар санлы төлемлерге өтиў
халықтың тәбийғый ҳәм тез бейимлесиўи менен өтип атырғанын көрсетеди.
Коммуналлық хызметлер тараўында да
сезилерли унамлы нәтийжелерге ерисилди. 2025-жылы газ ҳәм электр энергиясы ушын
түсимлер 23,5 триллион сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда 42,7 процентке
өсти. Бул болса санлы төлемлер системасы есап-санақлардың толықлығын ҳәм финанслық
тәртипти тәмийинлеп атырғанын айқын көрсетеди.
Финанслық қәўипсизликтиң жаңа стандарты
Президентимиздиң "Нақ пулсыз
есап-санақларды ғалаба ен жайдырыў ҳәм жасырын экономика үлесин қысқартыўға
қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына тийкарланып быйыл
1-апрельден мәмлекетлик хызметлер, коммуналлық төлемлер, жанылғы, айырым товар
ҳәм хызметлер және ири баҳадағы келисимлер бойынша есап-санақлар нақ пулсыз
формаға өткерилди. Бул жоқарыда атап өткенимиз - санластырыўдың логикалық
даўамы болып есапланады. Бул пәрманның орынланыўы арқалы тек ғана экономикалық
процесслердиң ашық-айдынлығы артып қоймастан, ал пуқаралардың мәпи және де
исенимли қорғалады.
Әсиресе, көшпес мүлк ҳәм транспорт
қуралларын алды-сатты етиўде енгизилип атырған эскроу системасы финанслық
қәўипсизликтиң жаңа стандартын белгилейди. Бул механизм арқалы қаржылар банкте
сақланады ҳәм келисим тек ғана ҳуқықый жақтан тастыйықланғаннан кейин
жуўмақланады. Бул болса алдаўшылық жағдайларын азайтыў, тәреплер арасында
исенимди беккемлеў ҳәм экономикалық қатнасықларды тәртипке салыўға хызмет
етеди.
Халықаралық тәжирийбе де әйне усы жолдың
дурыс екенлигин тастыйықлайды. Раўажланған мәмлекетлерде нақ пулсыз төлемлер
үстин ҳәм көплеген мәмлекетлерде ири төлемлер тек ғана санлы түрде әмелге
асырылады. Изертлеўлер бундай система жасырын экономиканы сезилерли дәрежеде
қысқартатуғынын ҳәм экономикалық турақлылықты беккемлейтуғынын көрсетеди.
Бүгин Өзбекстан бул бағдарда глобал
тенденциялар менен үнлес ҳәрекет етиў менен бирге регионда алдынғы тәжирийбе
үлгисин де қәлиплестирмекте. Ең әҳмийетлиси, жаратылып атырған система орайында
инсан мәплери тур. Пуқараға қолайлы, оператив ҳәм қәўипсиз хызмет көрсетиў
барлық реформалардың тийкарғы мақсети болып есапланады.
Халықаралық тәжирийбе
Европаның сегиз мәмлекетиниң мағлыўматлары
тийкарында "Жасырын экономиканы санлы төлемлер арқалы қысқартыў"
темасында таярланған изертлеў нәтийжелерине бола, нақ пулсыз төлемлерди
мәжбүрий енгизиў жасырын экономиканы ЖИӨге салыстырғанда улыўма есапта 3,5-8
процент аралығында қысқартыў имканиятын береди.
Мәмлекетлер бойынша алғанда, нақ пулсыз
төлемлердиң үлеси Норвегияда 98, Уллы Британияда 91, Швеция, Дания ҳәм
Финляндияда 90, Австралияда 87 ҳәм Қубла Кореяда 84 процентти қурайды.
Сырт мәмлекетлерде де жасырын экономиканы
қысқартыў мақсетинде товар ҳәм хызметлер ушын төлемлерди нақ пулсыз түрде
әмелге асырыў бойынша көплеген тәжирийбелер бар. Мәселен, пуқаралар тәрепинен
Испания ҳәм Францияда 1000 евродан ҳәм Грецияда 500 евродан артық баҳадағы
төлемлер тек ғана нақ пулсыз түрде әмелге асырылыўы белгиленген.
Жаңа талаплар халық ҳәм бизнес ушын не береди?
Мәмлекетимизде финанслық қатнасықлардың нақ
пулсыз түрине өтиў, биринши гезекте, пуқаралар ушын төлемди тезирек, түсиникли
ҳәм қәўипсиз әмелге асырыў имканиятын береди. Санлы төлемлерде ҳәр бир операция
жазып алынады. Бул болса төлем тарийхын қәлиплестириў, пуқаралар ҳәм бизнес
ушын тартыслы жағдайларда дәлиллер базасын жаратыўға хызмет етеди.
Әҳмийетли тәрепи болса, пуқараға "жаңа
талап" емес, ал қолайлы хызмет жетип барыўы, яғный төлеў аңсат болыўы,
тастыйықлаў тез болыўы, банк ҳәм төлем инфраструктурасы болса үзликсиз ислеўи
болып есапланады.
Мақсет сонда, банк инфраструктурасы таяр
жағдайға келтирилиўи керек. Жанылғы қуйыў шақапшасына келген пуқара төлем усылы
себепли хызметтен пайдалана алмай қалмаўы ушын. Пуқара бензин алыў ушын келди
ме, бензинин қуйдырып кетиўи керек. Онда пластик карта бар-жоқлығы машқала
болмаўы керек.
Айырым түсиниклерде "Орайлық банк
банклер ямаса төлем шөлкемлерин мәжбүрлеп атыр" деген көзқараслар
ушыраспақта. Бирақ Орайлық банктиң тийкарғы ўазыйпасы нақ пулсыз есап-санақ
формасына өтиў процесин муўапықластырыў ҳәм система дәрежесинде банк
инфраструктурасының таярлығын тәмийинлеўден ибарат. Яғный Орайлық банк
төлемлерди қалай әмелге асырыў бойынша коммерциялық қарарларды белгилемейди.
Банклер ҳәм төлем шөлкемлери болса, өз
гезегинде, тутыныўшылар - қарыйдарлар ҳәм пуқаралар ушын барлық зәрүр шараятты
жаратыўы керек. Бул, бәринен бурын, төлем инфраструктурасы - банкоматлар,
терминаллар, нақ пулды қабыл етиў ҳәм есап-санақ механизмлери, сондай-ақ,
қолайлы санлы төлем шешимлери толық ислеўи дегени.
Яғный тийкарғы көзқарас мынадай: пуқара
хызметтен пайдаланыўда қыйыншылық көрмеўи керек. Буның ушын барлық
инфраструктура элементлери алдыннан таяр ҳәм үзликсиз ислейтуғын жағдайда
болыўы шәрт.
Нақ пулсыз төлемлерге өтиў бүгин басланған
процесс емес. Ол соңғы 5-6 жыл даўамында басқышпа-басқыш енгизилип келинбекте.
Бүгин мәмлекетлик хызметлер, электр энергиясы ҳәм газ төлемлери, сондай-ақ,
биллинг системасы арқалы көплеген төлемлер әллеқашан нақ пулсыз түрге өткен.
Халық әмелге асырып атырған төлемлердиң үлкен бөлеги санлы каналлар арқалы
өткерилмекте ҳәм бул көрсеткиш жылдан-жылға турақлы өсип бармақта. Бул жағдай
жәмийетте нақ пулсыз есап-санақларға исеним ҳәм әдет қәлиплесип атырғанын
көрсетеди.
"Неге миллий валютадағы нақ пул қабыл етилмей атыр,
бул мениң ҳуқықым емес пе?
Социаллық тармақларда усы мазмундағы сораў
ең көп берилмекте. Пул - бул форма емес, қун. Ол нақ пул яки санлы болыўы
мүмкин, бирақ екеўи де бирдей миллий валюта. Ең баслысы: пулыңыз - өзиңиздики.
Ол картада бола ма ямаса нақ көринисте - парқы жоқ. Мәселен, егер қаржыңыз
пластик картада болса, оны қәлеген ўақытта банкомат арқалы нақластырыў мүмкин.
Яғный цифрлы пул - бул "басқа пул" емес, ал тап усы миллий валютаның
заманагөй формасы.
Бирақ бул жерде тийкарғы мәселе пулдың
формасында емес, оның айланыў механизми ҳәм заманагөй финанс технологияларында.
Бүгин пул формасы раўажланып бармақта ҳәм санлы формат арқалы есап-санақ етиў
тезлик, қәўипсизлик ҳәм қолайлылықты тәмийинлейди.
Коммуналлық төлемлер бойынша да халық ушын
бир қатар әмелий қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, электр энергиясы, газ
ямаса суў ушын төлемлерди инфокиосклар, барлық төлем шөлкемлери ҳәм банклердиң
мобил қосымшалары арқалы әмелге асырыў мүмкин. Бунда пластик карта бар болса,
оны толтырыў арқалы, карта болмаған жағдайларда болса инфокиосктиң өзи арқалы
тез ҳәм қолайлы төлемди әмелге асырыў имканияты бар. Бул болса төлемлерди тек
ғана банк бөлимине барып емес, ал күнделикли турмысқа жақын ҳәм қолайлы
инфраструктура арқалы әмелге асырыў имканиятын береди.
Алдынғы әмелиятта айырым жағдайларда
коммуналлық төлемлерди нақ пул түринде қабыл етиў ушын жуўапкер хызметкерлер
үйме-үй жүрип төлемлерди жыйнаған болса, енди бундай әмелиятқа зәрүрлик
болмайды. Бул, бир тәрептен, квартира ийелерин артықша тынышсызландырыўдың
алдын алса, екинши тәрептен, нақ пулды жыйнаўға байланыслы шөлкемлестириў ҳәм
финанслық қәрежетлер азаяды.
Мәселен, халықтың газ ҳәм электрден
пайдаланыўы ушын түсимлер 2025-жылы 23,5 триллион сумды қурап, 2024-жылдағы
(16,5 триллион сум) ға салыстырғанда 42,7 процентке артыўына ерисилген. Бул
болса коммуналлық хызмет ушын нақ пулсыз төлемлердиң енгизилиўи түсимлердиң
толықлығын тәмийинлеўге имканият жаратып атырғанын көрсетеди.
Соның менен бирге, мәмлекетте санлы
төлемлер инфраструктурасының раўажланыўы ири санлы экосистемалар мысалында да
көзге тасланбақта. Соның ишинде, маркетплейс мобил қосымшалары және санлы
банклер ҳәм мобил қосымшалар шеңберинде онлайн саўда, төлемлер, пул
өткермелери, коммуналлық есап-санақлар, бөлип төлеў ҳәм бизнес ушын аралықтан
финанслық хызметлер өз-ара үйлесип бармақта. Нәтийжеде халық ҳәм исбилерменлик
субъектлери ушын финанслық хызметлерден пайдаланыў процеси әпиўайыласып, нақ
пулсыз есап-санақларды әмелге асырыўдың тезлиги, қолайлығы ҳәм ғалабалығы
артпақта.
Дәстүрийликтен заманагөйликке
Орайлық банк бул процессте тек ғана
тәртипке салыўшы емес, ал әмелий инфраструктура жаратыўшы ҳәм муўапықластырыўшы
сыпатында қатнаспақта. Кейинги жылларда банк секторы дәстүрий финанслық
институт моделинен басқышпа-басқыш санлы платформа ҳәм экосистема моделине
өтпекте. Бул болса финанслық хызметлердиң тек ғана банк имараты шеңберинде
емес, ал пуқаралардың күнделикли турмысына терең интеграцияланып атырғанын
аңлатады.
Ҳәзирги ўақытта көшпес мүлк ҳәм автомобилди
сатыў бойынша әмелий операциялық модель - эскроу есабы системасы да избе-из
жолға қойылмақта. Эскроу есап бети системасы көшпес мүлк ҳәм автотранспорт
қуралларын алды-сатты етиўде төлемлердиң қәўипсиз ҳәм ашық-айдын әмелге
асырылыўын тәмийинлейтуғын әҳмийетли механизм болып есапланады. Бул тәртипке
муўапық, қарыйдар банкке мүрәжат етип, эскроу есабын ашады ҳәм қаржыны нақ
ямаса нақ емес түрде усы есапқа киргизеди. Нотариус питимди тастыйықлағаннан
соң банк қаржыны сатыўшыға өткереди. Егер келисим дүзилмесе ямаса бийкар
етилсе, пул қарыйдарға қайтарылады.
Бул система тәреплердиң мәпин қорғайды,
есап-санақларда исенимди арттырады ҳәм келисимлердиң ҳуқықый анықлығын
беккемлейди. Соның менен бирге, хызмет ҳақы пуқаралар ушын шекленген муғдарда
белгиленген. Көшпес мүлк ушын базалық есаплаў муғдарының 50 процентинен (әмелде
206 мың сум), автотранспорт қураллары ушын базалық есаплаў муғдарының 25 процентинен
(әмелде 103 мың сум) аспайды. Келисим бийкар етилгенде болса қаржыны қайтарыў
ушын комиссия өндирилмейди.
Әмелиятта бул системаны қолайлы енгизиў
мақсетинде 1130 ға шамалас нотариус банк системасына бириктирилди. Банк
хызметкерлерин оқытыў, автомобиль базарлары жанында банк хызметлерин кеңейтиў
ҳәм дем алыс күнлери де хызмет көрсетиў бойынша илажлар көрилди.
Ҳәр қандай реформаның табысы тек ғана
техникалық ҳәм ҳуқықый таярлыққа емес, ал халықтың хабардарлығы ҳәм жаңа
системадан пайдаланыў дәрежесине де тиккелей байланыслы. Сол себепли, Орайлық
банк тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлық структуралар және коммерциялық
банклер менен биргеликте кең көлемли түсиник ҳәм үгит-нәсиятлаўлар өткермекте.
Орынларда халық, исбилерменлер, мәҳәлле ўәкиллери, социаллық тараў
хызметкерлери ҳәм басқа да мақсетли аудиториялар менен ушырасыўлар
шөлкемлестирилмекте. Сораўларға жуўап берилмекте, жаңа тәртиптиң мәниси
әпиўайы, түсиникли түрде түсиндирилип атыр.
Юнус БУРОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы