Жасалма интеллект турмысымызға барған сайын жақынласып, оннан пайдаланыў әпиўайы жағдайға айланып бара береди. Усы мәнисте, мәмлекетимизде бул бағдардағы жумысларға үлкен итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Жақында Президентимиз жасалма интеллект ҳәм санластырыў бағдарындағы реформалар және келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша презентация менен танысыў ўақтында да буған айрықша тоқтап өтти.

"Бир миллион өзбек программистлери" жойбарының логикалық даўамы сыпатында "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасының жолға қойылыўы жаслардың бул бағдардағы имканиятын және де кеңейтти. Атап айтқанда, 2023-2025-жыллар даўамында "Бир миллион өзбек программистлери" жойбарында 1 миллионнан аслам жас Coursera платформасында билим алып, халықаралық сертификатларға ийе болды. 15 мыңнан асламы профессионал дәрежедеги сертификатларды қолға киргизди, 30 мың жас болса халықаралық мийнет базарында бәсекиге шыдамлы қәнигеге айланды. Бундай нәтийжелер Өзбекстанның глобал көлемдеги абырайын сезилерли дәрежеде арттырды. Global Skills есабатына бола, мәмлекетимиз билимлендириўге ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекет сыпатында 1-орынды ийелеп, Coursera платформасында пайдаланыўшылар саны бойынша Орайлық Азияда жетекшисине айланды.

Елимизде тараў жедел раўажланып атырғанын IТ хызметлеримиздиң экспорты 1 миллиард АҚШ долларына жеткени, программистлеримиздиң саны 10 еседен, GitHubтағы программистлеримиз 300 мыңнан артқанында да айқын көринеди.

Жасларымызды жасалма интеллект тараўында жетекшиге айландырыў ушын айрықша итибар ҳәм үлкен қаржы қаратылды. 2030-жылға шекем мәлимлеме технологиялары хызметлериниң экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, миллионлаған жаслар ушын жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўды мақсет еткенбиз. Президентимиз 2025-жыл 28-ноябрь күни пайтахтымызда өткерилген жасалма интеллект бойынша халықаралық форумда да, Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында да бир қатар басламаларды алға қойған еди. Усындай сийрек ушырасатуғын жойбарлардан бири "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери". Бағдарлама шеңберинде 2030-жылға шекем 4 миллион 750 мың оқыўшы ҳәм студент, 150 мың оқытыўшы, 100 мың мәмлекетлик хызметкерди оқытыў нәзерде тутылған. Халық ҳәм жаслардың жасалма интеллект бойынша билим ҳәм көнликпелерин турақлы арттырып барыў ушын aileaders.uz платформасы иске қосылды. Бағдарлама шеңберинде миллий таңлаў өткериў, онда бир қатар бағдарлар бойынша муғаллимлер, оқыўшылар ҳәм билимлендириў шөлкемлерин хошаметлеў белгиленген еди. Соған муўапық өткерилген дәслепки таңлаў келешекте экономикамыздың драйверине айланыўы, жедел раўажланыўымызға хызмет етиўи күтилип атырған жойбардың дәслепки нәтийжелерин көрсетти. "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген миллий таңлаў жеңимпазлары мүнәсип хошаметленди.

Информатика муғаллимлери өз ара бәсекиге киристи

650 мыңға шамалас қатнасыўшыны қамтып алған миллий таңлаўда "Ең белсенди информатика пәни муғаллими" бағдарында 107 жеңимпаз анықланды. Олардың 97 ине 1000 доллар муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, 10 ына болса сырт елге сапар жолламасы тапсырылды. Бул, әлбетте, информатика пәни муғаллимлериниң дослық бәсеки орталығында ислеўи, өз кәсибине меҳири және де артыўына хызмет етеди.

1992-жылдан берли Наманган ўәлаяты Янгиқорған районындағы 7-улыўма билим бериў мектебинде информатика пәнинен сабақ берип киятырған Акбарали Юсупов та сырт елге саяхат жолламасын алды. Қуўанышлы тәрепи, үлкен жастағы устаз да жаслар қатарында заманагөй билимлерди ийелеп, оқыўшыларға илесип жүрмекте.

- Биринши қарлығашларым - 15 оқыўшым себепли үлкен табысқа ерисип атырман, - дейди ол. - Усы ўақытқа шекем бундай имканият болмаған, қыйыншылық пенен сабақ өтип келдик. Мектепте компьютер жоқ, бирақ теманы түсиндириўимиз керек болганда компьютерди көз алдымызға келтирип сабақ өткен ўақытларымыз болды. 2020-жылы мектебимизге заманагөй компьютерлер берилди. Таңлаўға оқыўшыларды усылар жәрдеминде таярладым. Оқыўшыларым ноутбук, өзиме болса сырт елге саяхат жолламасы несип етти. Пайтахтқа атланғанымызда, мектептеги кәсиплеслерим де ҳәўес етип қалды. Бул дәрежеге жетиўде олардың табыслары бар. Бул таңлаў пүткил республикамыздағы информатика пәни муғаллимлерин ҳәрекетке келтирди. Ҳәзир оқыўшыларымның саны артып, еки топарда шынығыў өткерип атырман. Несип етсе, кейинги сапар табысларымыз да соған жараса болады.

Әпиўайы мектепке қашан автомашина берилген?

Таңлаўдың бас сыйлығы, Президент саўғасы - электромобиль Хорезм ўәлаяты Бағат районындағы қәнигелестирилген мектеп ҳәм Наўайы ўәлаяты Зарафшан қаласындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебине несип етти.

"Бизге жасалма интеллект бойынша миллий таңлаўда қатнасыўымыз, оқыўшыларымыз жасалма интеллект жетекшиси болыўы ушын аймақлық ҳәкимликлер, басқармалар тәрепинен керекли шараятлар жаратып берилди, - дейди 13-улыўма билим бериў мектебиниң директоры Зилола Ҳотамова. - Он жыл алдын бир ғана компьютер ханамыз бар еди. Бүгин болса мектебимиз барлық қолайлықларға ийе. Төрт компьютер класымыз заманагөй үскенеленген, интернет тармағына жалғанған.

Ўәлаятымыз бойынша таңлаўға 50 мыңға шамалас оқыўшы дизимнен өткен еди. Соннан 1800 ге шамаласы бизиң оқыўшыларымыз. Бул бағдардағы жетискенликлеримизде қызлардың үлеси көбирек болып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим. Себеби бүгин қызларымыз да тараўға қызығып атыр. Ҳәттеки өзимде де қызығыўшылық артып, Coursera системасында оқыдым, еки мәрте сертификат алдым. Сыйлықлаў илажы биз ушын жүдә толқынландырыўшы болды. Муғаллимлеримиз айрықша сыйлықланыўы мүмкин, деген пикир бар еди, бирақ бундай дәрежедеги тән алыўды күтпеген едик. Автомашина аламыз деп ойламаған едик. Өзиңиз ойлаң, ақыры әпиўайы мектепке қашан автомобиль берилген? Бул ҳүрмет ҳәм итибарға жуўап ретинде буннан кейин де келешек дөретиўшилериниң жасалма интеллект бойынша билимлерин арттырыўға жәмәәтимиз бенен шын кеўилден хызмет етемиз. 12 информатика муғаллимимизге бул бойынша жумысларды бөлистирип бергенбиз. Сегизи әйне жасалма интеллект пенен ислейди. Несип етсе, оқыўшыларымыз арасынан көплеген келешек кәсиплериниң ийелери жетисип шығады".

Сапалы кадрлар таярлаў системасы жетилистириледи

Жаңа жойбардан кейин жоқары билимлендириў мәкемелери арасында да бәсеки күшейди. Бул сапалы кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жақсылаўға хызмет етеди.

"Ең белсенди жоқары билимлендириў мәкемеси" номинациясы шеңберинде Бухара мәмлекетлик университети 3-орын (25 миллион сум), Бухара мәмлекетлик техника университети 2-орын (50 миллион сум), Ташкент мәлимлеме технологиялары университети 1-орын (100 миллион сум) ды қолға киргизди.

- Жасларымыз жасалма интеллект дөретиўшилери болыўы керек, деген идея тийкарында енгизилген "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" биз ушын қолланба болды, - дейди Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң ректоры Бахтиёр Маҳкамов. - Сондай-ақ, ол санаат, тармақ, жоқары оқыў орны шынжырын үйлестиретуғын системаға айланды. Себеби мийнет базарына қандай кадрлар керек, келешектеги кәсиплер қандай болады, оларды қалай оқытыў керек деген сыяқлы сораўларымызға мине усы бағдарлама арқалы шешим табылды. Қысқа ўақыт ишинде университетимиз тәрепинен 60 тан аслам стартап жойбар жаратылды. Соннан 7 миллиард сум муғдарында стартап жойбарлар венчур фондларға усынылды. Олар бизиң материаллық және техникалық базамызды жақсылаўға, өз үстимизде еле де көбирек ислеўге ийтермелемекте.

Өзбекстан санлы трансформация жолында исенимли қәдем тасламақта. Инновация, заманагөй мәлимлеме технологиялары менен үнлес болыўға умтылып атырған мәмлекетимиз дүнья көлеминде тән алынбақта. Бул бағдарда "Бир миллион өзбек программистлери", "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" сыяқлы көп тәреплеме пайдалы бағдарламалар қайсыдур мәниде өзин ақлап атырған екен, олардың санын және де кеңейтиўимиз, қоллап-қуўатлаўымыз керек.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы