Экономика тармақлары ушын заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелер
таярлаў, пуқараларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге үйретиў
халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыўда әҳмийетли фактор
болмақта.
Соның ушын кейинги жылларда профессионал билимлендириў системасын
реформалаў, оқыў бағдарламаларын жумыс бериўшилердиң талабына бейимлестириў,
жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Презентацияда профессионал билимлендириў хызметлерин көрсетиўде жеке
меншик сектордың имканиятларын кеңейтиў бойынша жаңа илажлар додаланды.
Атап
өтилгениндей, келеси үш жылда жеке меншик сектордың үлесин кеңейтиў есабынан
халықаралық стандартлар тийкарында ашылған оқыў-баҳалаў орайларының санын
ҳәзирги 50 ден 200 ге жеткериў, жылына 500 мың халықты жеке меншик кәсип-өнер
билимлендириўи менен қамтып алыўды тәмийинлеў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта
бул көрсеткиш 45 мың адамды қурамақта.
Буның ушын 300
ден аслам оқыў бағдарламалары қайта көрип шығылып, халықаралық талапларға
бейимлестириледи. 1 мыңнан аслам оқытыўшы ҳәм устазлар қәнигелигин арттырады.
Бул бағдарламаларды қаржыландырыў ушын Бәнтлик қорынан 500 миллиард сум
қаратылады.
Презентацияда
исбилерменлер менен ушырасыўларда билдирилген усыныслар ҳәм машқалалар да көрип
шығылды. Сөйлесиўлер даўамында исбилерменлер тәрепинен жеке меншик кәсип-өнер
билимлендириў орайларына бажыхана бажылары ҳәм социаллық салық бойынша
жеңилликлер бериў, жеңиллетилген кредитлер, айырым қәрежетлерди қаплаў, жаңа
имаратлардың сыртқы инфраструктурасын бюджет есабынан қурыў, бос турған имарат
ҳәм майданлар ушын жер участкаларының баҳасын проценциз бөлип-бөлип төлеў
имканиятын жаратыў мәселелери көтерилди.
Соның ушын жеке
меншик профессионал билимлендириў шөлкемлерин зәрүр үскене ҳәм инвентарьларды
алып кириў ушын бажыхана бажысынан азат етиў, сырт елли оқытыўшы, қәниге ҳәм
усталар ушын социаллық салық ставкасын 1 процент етип белгилеў усынысы
билдирилди.
Сондай-ақ, 2
жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекем кредит бериледи. Имаратлар қурыў
ҳәм оңлаў, зәрүр үскенелер сатып алыў ушын алынған кредитлер ставкасының 7
процентин қаплап бериў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, сырт
елли қәнигелер ҳәм маман оқытыўшыларды тартыў қәрежетлериниң 50 проценти
мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Кәсиплик көнликпелерди баҳалаў ушын
әсбап-үскенелер ҳәм программалық тәмийнат қәрежетлериниң 30 проценти, миллий
ҳәм сырт елде тән алынған кәсиплик маманлық сертификатларын алыў қәрежетлериниң
50 проценти қаплап бериледи.
Соның менен
бирге, бундай жеңиллик ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларынан пайдаланған
исбилерменлер қурылған ямаса ижараға алынған имаратлардың кеминде 60
процентинде кәсипке оқытыў ҳәм әмелий сабақлар өткериўи керек болады.
Исбилерменлерге
алынған жер участкалары ушын төлемди 5 жылға шекем проценциз бөлип-бөлип төлеў,
бос турған мәмлекетлик объектлерди кеминде 5 жыл мүддетке ижараға алыў,
техникумлардағы бос орынлардан бийпул пайдаланыў имканияты бериледи.
Жеке меншик
профессионал билимлендириў шөлкемлерин раўажландырыў ушын жылдың ақырына шекем
оларды үскенелеў бағдарламасына 100 миллион доллар тартылады. Питкериўшилердиң
жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 5 миллион долларлық “Венчур қоры”
шөлкемлестириледи. Усы жылдан баслап, "Кәсип ваучер" бағдарламасына
ҳәр жылы 20 миллиард сум ажыратылады.
Презентацияда
Жеке меншик профессионал билимлендириў шөлкемлери ассоциациясын шөлкемлестириў
ҳәм оның жумысын қаржыландырыў, "Көнликпелер парки" экосистемасын
қәлиплестириў режелери де көрип шығылды. Тараўдағы машқалаларды жедел шешиў
ушын мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте турақлы ислейтуғын санлы бирге
ислесиў платформасын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз бул
илажларды мақуллап, жеке меншик профессионал билимлендириўди раўажландырыў,
оқыў бағдарламаларын халықаралық стандартларға бейимлестириў, халықты талап
жоқары болған кәсиплерге оқытыў, исбилерменлерге жаратылған имканиятлардан
нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.