Изертлеўлер Яҳё Ғуломов атындағы Самарқанд археология институтының 2026-жылғы дала изертлеўлери режесине муўапық, усы жылдың октябрь айында институт илимий хызметкерлери А.Холматов ҳәм Т.Рўзибоев тәрепинен алып барылмақта.
Дала изертлеўлери даўамында Ақшобсай мәкан пуқаралар жыйынына қараслы Эгрижарсай, Хўжасай (Бадимин), Галажинсай ҳәм Сумбулсай аймақларындағы тас әйўанлардың дийўал ҳәм төбелеринде тәбийғый охра бояўы менен сызылған жартас сүўретлери анықланды. Дәслепки болжаўларга қарағанда, бул сүўретлер мезолит ҳәм неолит дәўирлерине тийисли болыўы мүмкин.