Бул өзгерислер глобал рейтинглерде де өз көринисин тапты. Атап айтқанда, Жәҳән банки өзиниң "Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам" есабатында Өзбекстанды гендер реформаларын әмелге асырыў пәти бойынша ең жақсы 5 мәмлекет қатарына рәсмий киргизди.

Билимлендириў тараўындағы жетискенлик: финанслық тосықларды сапластырыў

Сапалы жоқары билим алыў имканияты қызлар ушын тийкарғы "социаллық лифт"ке айланды. Бул бағдарда мәмлекетимиз тәлимди узақ мүддетли субсидиялаўдың мисли көрилмеген механизмлерин енгизди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы "Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм 2022-жыл 18-июльдеги "Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде ҳаял-қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарары менен енгизилген процентсиз тәлим кредитлери ҳақыйқый имканиятлар есиги болды. Оған бола, жоқары билимлендириў мәкемелери, техникумлар ҳәм колледжлердиң (мәмлекетке тийисли, жеке меншик ҳәм сырт ел филиалларын қамтып алған ҳалда) абсолют барлық студент қызларға ноль процент ставкада узақ мүддетли кредитлер алыў ҳуқықы берилди. Онда коммерциялық банклердиң процент ставкасын Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры қаплайды. Кредиттиң өзин болса питкериўши тек ғана оқыўды рәсмий жуўмақлағаннан кейин ярым жыл өткеннен кейин қайтара баслайды.

Негизинде бул мыңлаған қызларымызды жаңа турмыс дәрежесине алып шыққан мисли көрилмеген имканият болды. Себеби бурын жоқары оқыў орнында контракт пулын төлеў, әсиресе, бир неше перзентин оқытып атырған шаңарақлардың бюджетине аўыр жүк болып түсер еди. Әпиўайы коммерциялық кредит жоқары процентлер себепли қыйыншылыққа айланатуғын еди. Нол ставка қызға билим алыў, оның шаңарағына болса қарызлардан сақланыў имканиятын береди. Қалаберди, бул механизм экономикалық ғәрезсизликти тәрбиялайды. Қыз кредитти өзи рәсмийлестиреди, оны қайтарыўды болса (тек ғана қарыздың тийкарғы бөлеги, проценциз) оқыўды тамамлағаннан кейин 6 ай өткеннен кейин баслайды. Бул ўақытта ол жумыс табыўға үлгереди. Менталитетте әҳмийетли ақылый өзгерис жүз береди: қыз ата-анасына яки ерине ғәрезли болмастан, өз келешегине өзи инвестиция киргизеди.

Буннан тысқары, көбинесе қызлар имтиханларды табыслы тапсырып, шәртнама тийкарында оқыўға кирген, бирақ шаңарақтағы күтилмеген финанслық қыйыншылықлар (ата-анасының жумыстан кетиўи, кеселлик ҳәм басқалар) себепли 2-3-курста оқыўды таслаўға мәжбүр болған. Усы мәниде, процентсиз кредит "қәўипсизлик көпшиги"не айланды. Бул болса студент қыздың оқыўды жуўмағына жеткериўи ҳәм диплом алыўын кепиллейди.

Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 15-августтағы "Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышында билим алып атырған ҳаял-қызлардың төлемли-контракт қаржыларын төлеп бериў илажлары ҳаққында"ғы қарарына бола, мәмлекет барлық ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасында төлемли-контракт тийкарында оқыў қәрежетин жүз процент қаплап бериў миннетлемесин алды. Қаржылар бюджеттен қайтарылмайтуғын тийкарда, кейин ала мәжбүрий ислеп бериў талап етилмей ажыратылады.

Жоқары билимлендириўди раўажландырыўда аймақлық жақтан тең салмақлылықты тәмийинлеў - реформалардың дыққат орайында болған әҳмийетли мәселе. Себеби, шетки район ҳәм аўылларда кем тәмийинленген шаңарақлардың бюджети шекленгени себепли дәстүрий түрде ул перзентлердиң билим алыўына үлкен итибар қаратылып, қызлар бәрибир басқа шаңараққа кетеди, деп оқытылмаған. Президентимиздиң 2020-жыл 12-июньдеги қарары менен белгиленген квота бундай шаңарақлардың қызларына бийпул кәсип-өнер ийелеў имканиятын берди.

Бир қыздың жоқары мағлыўматлы болыўы оның келешектеги шаңарағын мүтәжлер категориясынан пүткиллей алып шығыўы мүмкин. Жоқары билимлендириўдеги 4 процентли аймақлық мақсетли квоталар усы жағынан билимлендириў реформаларында стратегиялық әҳмийетке ийе болды: енди жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәм мәҳәлле дизиминдеги қызлар ушын ҳәр жылы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында қосымша грант орынлары ажыратылмақта. Бул квота көлеми режели түрде артып барды ҳәм ҳәр жылы 4000 орынды қурады. Улыўма, бул илаж мәҳәлледеги менталитетти өзгертеди. Әпиўайы, кәмбағал шаңарақтан шыққан қыздың мәмлекет жәрдеми менен абырайлы жоқары оқыў орнына оқыўға кирип, жақсы оқып, маман қәниге болып, дәрамат пенен қайтқанын көрген қоңсылар қызларының оқыўына мүнәсибетин өзгертеди. Бул билимлендириўди ғалаба ен жайдырыўдың шынжырлы реакциясын иске қосады.

Мийнет стажы себепли жеңиллетилген оқыўға кириў - ҳаял-қызлардың жоқары билим алыўы ушын және бир имканият. Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-июньдеги қарары менен орта арнаўлы ямаса кәсип-өнер билимлендириўи ҳәм қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл рәсмий мийнет стажына ийе ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң усынысына бола ажыратылатуғын квота (500 орын) шеңберинде айрықша таңлаў тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ҳуқықына ийе болды.

Ҳаял-қызлар билимлендириўине бағдарланған бундай инвестициялар мәмлекетке ең жоқары дәрамат келтиреди. Саўатлы, билимли ҳаял тек ғана ислемейди, ал шаңарақ бюджетин нәтийжели бөлистиреди, перзентлериниң денсаўлығы ҳәм раўажланыўына көбирек инвестиция киргизеди. Сондай-ақ, жергиликли бизнесте белсене қатнасып, өз аймағының экономикасын хошаметлейди.

Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў

Кейинги он жыллықтағы экономикалық реформалар ҳаялды пассив напақа алыўшыдан базар экономикасының актив субъектине айландырыўға қаратылды. Онда киши бизнести институционаллық қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

Оған Президентимиздиң 2024-жыл 7-марттағы қарары менен енгизилген “Hamroh” бағдарламасы айқын мысал бола алады. Оған бола, ҳаял-қызлар стартапларын қаржыландырыў ушын толық инфраструктура иске қосылды. Ҳаял-қызлар тәрепинен басқарылатуғын (ямаса олардың устав капиталындағы үлеси 50 проценттен артық болған) исбилерменлик субъектлери таза кредит тарийхына ийе болған жағдайда, 100 миллион сумға шекем гиреўсиз қарыз алыў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, Исбилерменликти раўажландырыў қоры тәрепинен бундай жойбарлар ушын кредит суммасының 70 процентине шекем мәмлекет кепиллиги усыныс етиледи.

Бул ҳүжжет пенен белгиленген өзгерислердиң мәнисине тоқталатуғын болсақ, бул бир мәртелик қайырқомлықлардан исбилермен ҳаялды идеядан баслап ири бизнеске шекемги барлық басқышта системалы түрде бақлап баратуғын турақлы мәмлекетлик система (институт) ны қурыўға өтиў болып табылады. Бул ҳаялларга не береди? Жумысын енди жолға қойып атырған исбилермен ушын, ол еркек болсын, ҳаял болсын, тийкарғы тосқынлық - қарыз алыў ушын гиреў (көшпес мүлк ямаса автомобиль) диң жоқ екенлиги.

Бул институционаллық қоллап-қуўатлаў болса 70 процентке шекем мәмлекетлик кепилликлер ҳәм гиреўсиз қарызларды усынады. Бул әжайып идеясы бар, бирақ басланғыш қаржысы жоқ ҳаял-қызларға бизнес есиклерин ашады. Қалаберди, бизнес-инкубация шеңберинде ҳаял-қызларға тек ғана пул берилмейди, олар оқытылады. Мәмлекетлик институтлар ҳәм менторлық бағдарламалары бизнес реже дүзиў, маркетингти сазлаў ҳәм бухгалтерияны автоматластырыўға жәрдем береди. Бул механизм жаңа исбилермен ҳаял-қызларды әдеттеги қәтелерден қорғайды.

Президентимиздиң 2023-жыл 21-декабрьдеги тийисли қарары да реформалар жолындағы гезектеги қәдем болды. Оған бола, өзин-өзи бәнт етиўди раўажландырыў ҳәм "Дәраматлы ҳаял" бағдарламасы жумысты үйге алып ислеў, өнерментшилик, тоқымашылық ҳәм қыйтақ жер хожалығында бәнт болған жүз мыңлаған ҳаял-қызлардың дәраматын нызамластырыў ҳәм хошаметлеў имканиятын берди. Мәмлекет өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызлар ушын үскенелер сатып алыўға субсидиялар ажыратып, салық жеңилликлерин бермекте. Бул жүдә әҳмийетли. Себеби субсидия ҳәм жеңилликлер ҳаял-қызларды өз микрофирмасын рәсмий дизимнен өткериўге ийтермелейди. Бул оларға ҳуқықый қорғаў, мәмлекетлик буйыртпалар ҳәм нызамлы мийнет стажына ийе болыў ҳуқықын береди.

Ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеў бағдарындағы бундай реформалар мәмлекетке де пайда келтиреди. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар бизнеси жоқары социаллық жуўапкершиликке ийе. Ҳаял адам тигиўшилик цехы, кондитерлик дүканы, жеке меншик бақша ямаса IТ студиясын ашса, биринши гезекте өз мәҳәллесиндеги басқа ҳаял-қызларды жумысқа алады.

Қалаберди, бул тәреп экономиканы диверсификациялаўға жол ашады: исбилермен ҳаял-қызлар көбинесе хызмет көрсетиў, социаллық исбилерменлик, мектепке шекемги билимлендириў, медицина ҳәм өнерментшилик тараўларында бос жумыс орынларын толтырмақта. Бул ишки базарды және де бейимлесиўшең ҳәм кризислерге шыдамлы етеди.

Сондай-ақ, салық түсимлери артады: өзин-өзи бәнт еткен жумысты бөлип алып ислеўшилердиң турақлы киши бизнес субъектлерине айланыўы узақ мүддетли келешекте мәмлекеттиң салық салынатуғын базасын кеңейтеди.

Ҳуқықый статус, қәўипсизлик ҳәм сиясий салмақ

Мийнет ҳуқықларын теңлестириў ҳәм ҳаял-қызлардың еркинлиги және денсаўлығына қәўип туўдырғаны ушын қатаң нызамшылық санкцияларын енгизиў кейинги он жыллықтың ең әҳмийетли қәдеми болды. Атап айтқанда, Өзбекстан Орайлық Азияда шаңарақтағы (турмыслық) зорлықты толық жынайый жуўапкершиликке тартқан биринши мәмлекет болды. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 11-апрельдеги нызамы менен нызамшылыққа биринши мәрте сталкинг (қастан қуўдалаў), жумыс орнында ямаса жәмийетлик орынларда жынысый зорлық етиў сыяқлы түсиниклер ҳәм жынайый жуўапкершилик киргизилди.

Сиясий институтларда гендер теңликке айрықша әҳмийет берилди. Сайлаў кодексине бола, сайлаў системасын модернизациялаў шеңберинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслерге сайлаўларда сиясий партиялардан ҳаял-қызлар талабанларын мәжбүрий көрсетиўдиң нызамшылық шегарасы 30 проценттен 40 процентке арттырылды. Бул мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында ҳаял-қызлардың ўәкиллигин кескин арттырыў имканиятын берди.

Ҳаял-қызлардың кәсиплик жумыста өз умтылысы ҳәм қәбилетин толық жүзеге шығарыўы ушын барлық имканиятты жумсаў - реформалардың және бир әҳмийетли бағдары. 2019-жыл 2-сентябрьдеги "Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятлар кепилликлери ҳаққында"ғы нызам бул реформаның ҳуқықый тийкарын қәлиплестирди. Усы мақсетте кәсиплерди ийелеўдеги тосқынлықлар толық сапластырылды ҳәм бурын 44 қәнигеликти қамтып алған "Ҳаял-қызлар ушын қадаған етилген кәсиплер" деп аталған дизимлер бийкар етилди. Енди ҳаял-қызлар экономиканың ҳәр қандай тараўында ислеў ҳуқықына ийе.

Өзбекстанның ҳуқықый көриниси кейинги 10 жылда түп-тийкарынан өзгерди. Бүгин мәмлекет кепилликлери ҳаял-қыз турмысының барлық басқышларын қамтып алған: бийпул жоқары билим алыўдан баслап, бизнести қорғаў ҳәм жеке қәўипсизликке шекем. Усы ўақытта қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер республика ҳаял-қызларының экономикалық жақтан еркин ҳәм социаллық қорғалған болыўына имкан беретуғын беккем тийкар жаратты.

Улыўма, бул реформалар мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў тек ғана социаллық қайырқомлық мәселеси емес екенлигин айқын дәлилледи. Бүгин бул процесс республика раўажланыўының стратегиялық драйвери болып есапланады.

Мәмлекет әсирлер даўамында мәмлекет халқының ярымын шеклеп келген тосқынлықларды избе-из ҳәм системалы түрде сапластырмақта. Процентсиз кредитлер ҳәм квоталар қызлар ушын илим ҳәм жоқары технологиялар дүньясына жол ашты. Бизнести институционаллық қоллап-қуўатлаў жумысты үйге алып ислеўши ҳаял-қызларды исенимли жумыс бериўшилерге айландырды. Усы тәризде Өзбекстанның жәмийетлик-сиясий ландшафты пүткиллей өзгерди: заманагөй өзбек ҳаялы енди пассив бақлаўшы емес, ал өз келешегин беккем нызамшылық тийкары үстинде исеним менен қурып атырған жаңа Өзбекстанның белсенди архитекторлары болып есапланады.

Малика ҚОДИРХОНОВА,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы