Атап өтилгениндей, жол-патруль ҳәм патруль-пост хызметлери және қорғаў
хызметлери хызметкерлери хызмет бағдары ҳәм бириктирилген аймағына қарамастан пуқаралардың
мүрәжатларына оператив түрде мүнәсибет билдириўи принципиал әҳмийетке ийе. Ең
нәтийжели профилактика - ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўине себеп болып атырған
факторларды алдыннан анықлаў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, қәўип топарына киретуғын
шахслар менен мәнзилли ислесиў болып есапланады.
Соның менен бирге, жынаятшылықты, тийкарынан, сан ҳәм көрсеткишлерди
салыстырыў арқалы баҳалаў әмелиятынан толық ўаз кешип болмай атырғаны көрсетип
өтилди. Криминоген
жағдайға баҳа бериўде тек ғана статистикаға сүйенип қалмаў керек екенлиги атап
өтилди. Онда халықтың исеним дәрежеси, ҳуқықбузарлықлардың тәкирарланыўы, қәўип
топарлары менен ислесиў нәтийжелилиги тийкарғы өлшем болыўы керек.
Презентацияда жәмийетлик
қәўипсизлик бөлимлери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нормаларын "халыққа
хызмет ететуғын система" принципи тийкарында белгилеў усыныс етилди.
Тийкарғы мақсет - пуқаралардың жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша
көрилип атырған илажларды мақуллаўы ҳәм оларға исеними.
Оның ушын жол-патруль,
патруль-пост ҳәм қорғаў хызметлериниң жумысын интеграциялаў, олардың
пуқаралардың мүрәжатларына оператив мүнәсибет билдириў, халық пенен
ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм қәўип топарына киретуғын шахслар менен мәнзилли
ислесиў бойынша ўазыйпаларын бирден-бир системаға бирлестириў нәзерде
тутылмақта.
Атап айтқанда,
жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы айырым функция ҳәм
ўәкилликлерди патруль-пост хызмети ҳәм қорғаў бөлимлерине өткериў усыныс
етилмекте. Өз гезегинде, жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў бойынша айырым
ўәкилликлер жол-патруль хызметине жүкленеди.
Ҳәзирги ўақытта
елимиздеги 9 мыңға шамалас мәҳәлледе 10 мыңнан аслам профилактика инспекторы
хызмет етпекте. Бул үлкен күш екенин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы жынаятшылыққа
қарсы нәтийжели гүресиў ушын, бәринен бурын, профилактика инспекторларының
жумысын дурыс шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Атап
өтилгениндей, әмелиятта профилактика инспекторларына олардың тиккелей
ўазыйпасына кирмейтуғын 50 ге шамалас қосымша ўазыйпалар жүкленген. Айырым
жағдайларда олар жынаятшылықтың алдын алыў, халықтың машқалаларын тиккелей
мәҳәллелерде шешиў орнына басқа жумыслар менен шуғылланыўға мәжбүр болмақта.
Усы мүнәсибет
пенен ислеп шығылған "Ишки ислер уйымлары профилактика инспекторының
статусы ҳаққында"ғы нызам жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди. Онда профилактика
инспекторының ҳуқықый статусы, ўазыйпалары, ҳуқық ҳәм миннетлемелери, кәсиплик
жумысының кепилликлери, социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў илажлары, хошаметлеў ҳәм
жуўапкершиликке тартыў тәртиби анық белгилениўи нәзерде тутылмақта.
Нызам жойбарына
бола, профилактика инспекторы жумысының тийкарғы мақсети өзине бириктирилген
аймақта халықтың жоқары дәрежедеги исенимин қәлиплестириў ҳәм жынаятшылықты
нәтийжели сапластырыўдан ибарат болады. Профилактика инспекторы өзине
бириктирилген аймақта тергеўге шекемги тексериў ҳәм профилактикалық жумысты
әмелге асырыў ўәкиллигине ийе болған лаўазымлы шахс есапланады.
Профилактика
инспекторына тек ғана нызамда нәзерде тутылған ўазыйпалар жүкленеди. Оның
ҳуқықлары, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исбилерменлик абырайы мәмлекет қорғаўында
болады. Профилактика инспекторы статусы "кәсиплик миннетине садықлық
ҳаққында ант берилген" ўақыттан баслап берилген деп есапланады.
Нызам жойбары
менен профилактика инспекторының кәсиплик жумысына араласыў, оның ўәкиллигине
кирмейтуғын тапсырмалар ҳәм ўазыйпаларды жүклеў қадаған етилмекте. Профилактика
инспекторының сораўына мәмлекетлик уйымлар он күнлик мүддетте жазба жуўап
бериўи, ол киргизген усыныслар болса бир ай мүддетте жазба жуўап жиберилген
ҳалда дәрҳал көрип шығылыўы нәзерде тутылмақта.
Профилактика
инспекторы мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системаларынан бийпул пайдаланыў
ҳуқықына ийе болады. Ол ҳуқықбузарлықлар профилактикасының түрлерин еркин
белгилейди, орынланыўы мәжбүрий болған профилактикалық көрсетпелерди шығарады,
усыныслар киргизеди ҳәм олардың орынланыўын талап етеди, профилактикалық
илажларды өткериў бойынша өз методикаларын ислеп шығады, өз ўәкилликлери
шеңберинде тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестиреди.
Соның менен бирге,
профилактика инспекторларына ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик
мәденият ҳәм хызмет тәртиби кодексине қатаң әмел етиў, пуқаралардың ҳәр қандай
түрдеги ҳуқықбузарлықлар бойынша мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм оларға оператив
мүнәсибет билдириў, ҳуқықбузарлық жүз берген орынға тез жетип барыў ҳәм
тексериў өткериў, сондай-ақ, жәбирленгенлерге биринши медициналық ҳәм басқа да
зәрүр жәрдем көрсетиў ўазыйпалары жүкленеди.
Нызам жойбарында
профилактика инспекторларын социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан қорғаўды күшейтиў де
нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, ҳәкимликлерге инспекторларды хызмет имараты
ҳәм турақ жай менен тәмийинлеў миннетлемесин жүклеў, олардың нызамлы жумысына
тосқынлық еткенлик ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў, узақ жыллық мийнет
стажына ийе хызметкерлерге пенсия тәмийнаты бойынша қосымша кепилликлер бериў
нәзерде тутылмақта.
Профилактика
инспекторларының ўәкилликлерин де кеңейтиў мөлшерленбекте. Атап айтқанда,
ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың айырым түрлери бойынша ҳәкимшилик жаза шараларын
қолланыў бойынша олардың ўәкилликлери кеңейтиледи, сондай-ақ, 18 статья бойынша
ҳәкимшилик ескертиў шығарыў ҳуқықы бериледи.
Профилактика
инспекторының халық алдындағы есап бериўи де күшейеди. Ол өзине бириктирилген
аймақта қәўипсиз орталықты қәлиплестириў жумыслары бойынша ҳәр шеректе есап
берип барады. Егер пуқаралардың 50 проценттен асламы оның жумысына исенимсизлик
билдирсе, инспектор аттестацияға жибериледи ҳәм оның лаўазымға ылайықлығы
мәселеси көрип шығылады.
Презентацияда жәмийетлик
қәўипсизликти тәмийинлеў ушын заманагөй, ўатансүйгиш ҳәм ҳәр тәреплеме жетик
кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Мәҳәлле ҳәм район
дәрежесинде жумыс алып барып атырған хызметкерлер ҳәр қандай жағдайда дурыс
қарар қабыл етиў имканиятын беретуғын билимге, кәсиплик таярлыққа ҳәм әмелий
көнликпеге ийе болыўы керек.
Усы мақсетте Жәмийетлик
қәўипсизлик университетин трансформациялап, күндизги билимлендириўге қабыллаў
квотасын 600 ге, аралықтан оқыўға болса 300 ге жеткериў усынысы билдирилди.
Университетте
ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, жәмийетлик
тәртипти сақлаў ҳәм қорғаў жумысы бағдарлары бойынша кадрлар таярланады.
"Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жумысы" бағдары ҳәм кафедрасы
ашылып, бул жерде ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм жас өспиримлер менен ислесиў бойынша,
сондай-ақ, базар ҳәм саўда комплекслеринде профилактика инспекторлары
таярланады.
Билимлендириў
процесине қәўип-қәтерлер анализи, геомәлимлеме системалары, ушыўшысыз ушыў
аппаратлары технологиялары ҳәм робототехника, профайлинг, конфликтология,
машқалалы социология, ашық дереклер тийкарында санлы таллаў, шаңарақ
медиаторлығы сыяқлы жаңа инновациялық пәнлерди енгизиў режелестирилген.
Ишки ислер
уйымлары ушын кадрлар таярлайтуғын билимлендириў кластери қәлиплестириледи.
Атап айтқанда, ишки ислер уйымларының қәнигелестирилген мектеп-интернаты,
академиялық лицей ҳәм техникумларынан баслап, Ишки ислер министрлиги академиясы
ҳәм Қәнигелик арттырыў институтына шекемги барлық дәрежедеги таярлаўды қамтып
алған үзликсиз система жолға қойылады.
Профессионал
билимлендириў системасын енгизиў шеңберинде Наманган ҳәм Самарқандтағы
техникумларда орта арнаўлы мағлыўматлы офицер ҳәм сержантлар таярлаў жолға
қойылады. Оқыў процесинде ҳуқықый ҳәм техникалық таярлық, физикалық шыдамлылық,
жаўынгерлик таярлық, кәсиплик таярлық, санлы технологиялар, ушыўшысыз ушыў
аппаратлары ҳәм IT платформалар менен ислесиў көнликпелерин қәлиплестириў,
биринши медициналық жәрдем көрсетиўге айрықша итибар қаратылады. Дуал
билимлендириў тийкарында теория ҳәм әмелият бирлестириледи.
Сондай-ақ, Ишки
ислер министрлиги академиясын трансформациялаў усынысы билдирилди. Академияның
жумысы жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, оператив-излеў жумысы, кибержынаятшылыққа
қарсы гүресиў, экспертлик-криминалистика жумысы ҳәм социаллық реабилитация
бағдарлары бойынша қәнигелестирилген мектеплерди қәлиплестирген ҳалда
"билимлендириў - изертлеў - әмелият" цикли тийкарында қайта
шөлкемлестириледи.
Жаңа дуал
билимлендириў матрицасы тийкарында курсантларды таярлаў "үйрениў - әмелият
- жумыс ислеў" принципи тийкарында шөлкемлестириледи. Биринши курста
тийкарғы итибар теориялық билимлерге, физикалық ҳәм жаўынгерлик таярлыққа,
танысыў әмелиятына қаратылады. Екинши басқышта - ситуациялық-имитациялық
сабақларда ҳәм қәнигелескен хызметлердиң жумысын өзлестириў бойынша әмелиятта.
Үшинши курста таярлық психологиялық турақлылықты, кризисли жағдайларда қарар
қабыл етиў көнликпелерин ҳәм стажёр-хызметкер сыпатында әмелий жумысты
раўажландырыўға қаратылады.
Басшы кадрлар
таярлаў системасы да қайта көрип шығылады. Басқарыў мектебинде биринши ҳәм
екинши басқарыў дәрежелери, қәнигелик ҳәм илимий-педагогикалық қәнигеликлер
бойынша магистратура бағдарлары шөлкемлестириледи. Басшы кадрларды баҳалаў ҳәм
маманлығын арттырыў офиси жумыс баслайды.
Президентимиз
профилактика инспекторларын өзине тән болмаған ўазыйпалардан азат етиў, олардың
ҳуқықый статусын ҳәм социаллық қорғалыўын күшейтиў, жәмийетлик қәўипсизликти
тәмийинлеў системасын санластырыў, кадрлар таярлаўды заман талаплары тийкарында
шөлкемлестириў бойынша усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тапсырмалар берди.