Ашықтан-ашық сөйлесиў арқалы бизнести раўажландырыў

Мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыўға қаратылған заманагөй экономикалық сиясатты қәлиплестириўдиң әҳмийетли қуралына айланды. Бул ушырасыўлар мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы исенимди беккемлеп, әҳмийетли машқалаларды додалаў ҳәм олардың шешимин биргеликте табыў ушын туўрыдан-туўры имканият жаратады. Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша исбилерменлик жумысын әпиўайыластырыў, ҳәкимшилик тосқынлықларды қысқартыў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм бизнестиң финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў бойынша анық илажлар көрилмекте.

Тек ғана тәртиплерди оптималластырыў ҳәм ашық-айдынлықты арттырыў емес, ал исбилерменлердиң социаллық жуўапкершилигин раўажландырыў, инновацияларды хошаметлеў ҳәм экспортқа бағдарланған жойбарларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бундай комплексли сиясат киши бизнестиң тек ғана мәмлекет ишинде емес, ал халықаралық базарларға жедел кирип барыўы ушын да шараят жаратады.

Кейинги жылларда бул қатнас сезилерли нәтийжелерди берди - киши бизнес жалпы ишки өнимниң ярымынан көбирегин, экспорттың үштен бирин ҳәм санаат өндирисиниң үлкен үлесин тәмийинлемекте. 2025-жылы оның үлеси жалпы ишки өнимде 52,2 процентти, экспортта 36,6 процентти, санаат өнимлерин ислеп шығарыўда 28,5 процентти қураған.

Бул көрсеткишлердиң избе-из раўажланып атырғаны исбилерменлик секторы экономиканы диверсификациялаўдың әҳмийетли драйверине айланып атырғанын, Өзбекстанның сыртқы экономикалық байланысларын кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашып атырғанын тастыйықлайды.

Исбилерменлердиң 2025-жылдағы жумысына нәзер

Өткен жыл Өзбекстан экономикасында киши бизнестиң әҳмийетли орын ийелейтуғынын тастыйықлады. 2025-жылы оның жалпы ишки өнимдеги үлеси 52,2 процентти, экспортта 36,6 процентти, санаатта 28,5 процентти қураған. Киши бизнестиң саўда - 83%, қурылыс - 75,6% ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы үлеси 47,2% ти қурады.

Бул көрсеткишлер исбилерменлик белсендилиги экономикалық өсиў ҳәм экономиканы диверсификациялаўдың әҳмийетли факторларынан бири екенин көрсетеди.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жыл даўамында елимизде 82,4 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилип, жумыс алып барып атырған кәрханалардың улыўма саны 493 мыңға жеткен.

Жаңадан шөлкемлестирилген бизнес субъектлери саны бойынша саўда жетекшилик етип, 30,2 мың кәрхана пайда болған.

Аўыл хожалығында 9,9 мың, санаатта 9,5 мың, жасаў ҳәм аўқатланыў тараўында 7,2 мың кәрхана дизимнен өткен.

Қурылыста - 4,5 мың, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында - 3,1 мың, тасыў ҳәм сақлаўда - 2,6 мың, денсаўлықты сақлаўда - 1,8 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилди.

Басқа жумыс түрлери бойынша 13,3 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилген.

Аймақлық динамика да сезилерли жанланыўды көрсетпекте. Ең көп жаңа кәрханалар Ташкент қаласында - 18,4 мың, Ташкент ўәлаятында - 8,5 мың, Хорезм ўәлаятында - 7,2 мың, Самарқанд ўәлаятында - 6,5 мың ҳәм Ферғана ўәлаятында - 6,4 мың. Қашқадәрья, Сурхандәрья, Әндижан, Бухара, Наманган ўәлаятларында 4,2 мыңнан 4,8 мыңға шекем жаңа кәрхана дизимге алынған.

Салыстырмалы түрде төменирек болған аймақлар - Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Наўайы ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында унамлы динамика сақланып қалмақта. Бундай тенденция исбилерменлик белсендилигиниң улыўма көриниске ийе болып атырғанынан дәрек береди.

Аймақлар кесиминде жумыс алып барып атырған кәрханалардың улыўма санын есапқа алсақ, олардың ең көп муғдары Ташкент қаласына туўра келеди - 96,5 мың ямаса елимиздеги барлық кәрханалардың дерлик бестен бир бөлеги. Буннан кейин Ташкент ўәлаяты - 46,6 мың, Самарқанд ўәлаяты - 45,4 мың, Ферғана ўәлаяты - 41,8 мың ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты - 37,8 мың.

Бул мағлыўматлар Өзбекстанда киши ҳәм орта бизнес тек ғана экономиканың тийкарғы драйверлеринен бири болып қалмастан, ал барған сайын турақлы түрге енип атырғанын тастыйықлайды. Кәрханалар санының өсиўи, олардың тармақлар ҳәм аймақлар бойынша диверсификацияланыўы, экспортта белсене қатнасыўы әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм исбилерменлик орталығын либералластырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжеси болып есапланады.

Жуўмақ

Президентимиздиң исбилерменлер менен 2026-жылы өткерилетуғын Алтыншы ашықтан-ашық сөйлесиўи бизнес тараўындағы әҳмийетли машқалаларды додалаў ҳәм жаңа басламаларды ислеп шығыў ушын майдан болады.

Исбилерменлердиң сыртқы экономикалық жумыс, салық, инфраструктура, қаржылай қоллап-қуўатлаў, бизнес ҳуқықларын қорғаў ҳәм жаңа базарлар табыў бойынша усыныслары дыққат орайында болады.

Илаж исбилерменлик орталығын буннан былай да жетилистириў, бәсекиге шыдамлы ҳәм турақлы экономиканы қәлиплестириўде гезектеги қәдем болыўы керек.