Фестиваль шеңберинде белгили актёр таңлаў бағдарламасының халықаралық
төрешилер қурамына да кирди.
Абырайлы сыйлық Рустам Сагдуллаевтың көп жыллық жемисли дөретиўшилик
жумысы, миллий кино көркем өнеримизди раўажландырыў ҳәм өзбек
кинематографиясының халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге қосқан үлкен
үлесиниң тән алыныўы болды.