Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 3 мың 132,6 мың
жумысшы жәмленген. Бәнт болғанлардың салмақлы үлеси басқа хызмет түрлерине де
туўра келеди - 2 661,8 мың адам.
Қайта ислеў санаатында 1 699,6 мың, көтере ҳәм усақлап сатыў
саўдасы, соның ишинде, автотранспорт қураллары ҳәм мотоцикллерди оңлаў
тараўында 1 507,9 мың, қурылыста 1 450,5 мың адам жумыс пенен тәмийинленген.
Билимлендириў системасында 1 367,6 мың, денсаўлықты сақлаў
ҳәм социаллық тараўда 719,4 мың, мәмлекетлик басқарыў, қорғаныў ҳәм мәжбүрий
социаллық тәмийнат системасында 637,0 мың адам мийнет етпекте.
Тасыў ҳәм сақлаў тараўында 584,6 мың, жасаў ҳәм аўқатланыў
хызметлеринде 389,5 мың адам мийнет етпекте.
Кәсиплик, илимий ҳәм техникалық жумысқа 152,6 мың,
ҳәкимшилик ҳәм жәрдемши хызметлерге 114,2 мың, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўына
108,8 мың адам тартылған.
Финанслық ҳәм қамсызландырыў жумысында 82,9 мың, электр, газ
ҳәм ыссылық тәмийнаты тараўында 70,7 мың, көшпес мүлк пенен байланыслы
операцияларда 67,8 мың адам мийнет етпекте.
Көркем өнер, кеўилашар ҳәм дем алыў тараўында 66,9 мың,
таў-кән санаатында 66,7 мың, суў тәмийнаты, канализация ҳәм шығындыларды
утилизациялаў тараўында 52,8 мың халық бәнт.