Қутлықлаўда Си Цзиньпин Қытай Халық Республикасы ҳәм Қытай Коммунистлик партиясының белгили сиясий ғайраткери сыпатында Ўатанға ҳәм өз халқына шексиз муҳаббаты, жоқары жуўапкершилик сезими ҳәм узақты көре алыўға тийкарланған стратегиялық пикирлеўи менен мәмлекетти жаңа шеклерге жетеклеп атырғаны атап өтилген.
"Сизиң дана басшылығыңызда Қытайды модернизациялаў избе-из даўам етпекте, уллы тиклениў ҳәм миллеттиң раўажланыўына қаратылған сиясатыңыз болса мәмлекетиңиз тарийхына жарқын бет болып жазылмақта", - делинеди хатта.
Өзбекстан менен Қытай арасындағы қатнасықлардың жедел пәтине айрықша итибар қаратылды. Кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳәр қыйлы шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары жылдан-жылға беккемленип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
"Жаңа Өзбекстанда әмелге асырып атырған кең көлемли реформаларымызда Қытай Халық Республикасы ҳәм жеке өзиңиздиң турақлы жәрдемиңизди ҳәм қоллап-қуўатлаўыңызды терең сеземиз", делинеди хатта.
Өткен жыллар даўамында барлық әҳмийетли тараўларда өз-ара пайдалы ҳәм көп дәрежели бирге ислесиў механизмлери қәлиплестирилгени, "Бир мәкан, бир жол" басламасы шеңберинде салмақлы әмелий нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев улыўма ҳәрекетлер ҳәм жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген барлық келисимлердиң толық әмелге асырылыўы нәтийжесинде Өзбекстан - Қытай бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилетуғынына исеним билдирди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Си Цзиньпинге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар, дос Қытай халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.