Сөйлесиўде Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы стратегиялық шерикликке тийкарланған еки тәреплеме қатнасықлар барлық бағдарларда избе-из раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Тәреплер болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысты.