Қаратерең көлиниң ени бес ярым-алты, узынлығы 26 километрге шекем созылған. Үлкен ғана көл. Бөршитаўдың төбесинен қарағанда түби қап-қара, терең болып көрингени ушын усылай аталған. Рәўиятларда келтирилиўинше, көлдиң орнында бир халық жасаған. Тасқын себепли халқы суў астында қалып кеткен. Және бир рәўиятта айтылыўынша, жергиликли байдың қызы қол астындағы жарлының баласына ашық болады ҳәм екеўи бирге елден қашып кетиўди мақсет етеди. Қашып баратырып, изинен байдың адамлары қуўып жете алмаўы ушын дәряның бөгетин жығып кетеди. Нәтийжеде аўыл суў астында қалады...

Мәмлекетимиз басшысының қарары тийкарында көл әтирапындағы 70 гектар майданда "Қаратерең балықлары" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен туристлик комплекс шөлкемлестирилиўи режелестирилген еди. Бул жойбардың улыўма баҳасы 15 миллиард сум, соннан банк кредити 6 миллиард сум болып, жылына 10 мың туристти қабыл етиў ҳәм 40 қа шамалас жаңа жумыс орнын жаратыў мақсет етилген.

Ҳәзир бул жер әжайып дем алыў орнына айланды. Бөршитаў төбесинде жаңа заманагөй қара үйлер тигилип, ҳәр жылы халықаралық этно-мәдений фестиваль өткерилип келинбекте.

- Бүгин Қаратерең көли бойындағы уқсасы жоқ миллий колориттеги этно-туристлик комплекс көпшиликтиң дыққатын тартады. Комплекстеги 277 текшеден шығып, Бөршитаў таўына қарасаңыз, пүткил гөззаллық алақаныңызға сыйғандай болып турады, - дейди тахтакөпирли Муҳаббат Изимбетова.

Тахтакөпир районы Арал теңизине жақын жайласқанлығы себепли экологиялық туризм ушын үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, шөл ҳәм дала ландшафтлары туристлер, атап айтқанда, экотуризм ҳәм сафари туризми ушын тартымлы аймақлардан бири. Әсиресе, Қаратерең көли тәбийғый сулыўлығы, бийбаҳа экологиялық системасы ҳәм ҳайўанат, өсимликлер дүньясы менен ажыралып турады.

- Усы көл бойында кәрханамыз тәрепинен улыўма баҳасы 2 миллион 360 мың долларлық экотуризм комплекси шөлкемлестирилмекте. Комплексимиз пляж, амфитеатр, улыўма аўқатланыў, мийманхана хызметлери, қара үйлер ҳәм бир қатар кеўилашар орынларды өз ишине алған, - дейди "Қаратерең балықлары" кәрханасының басшысы Шаҳзодбек Бердибаев. - Көл акваториясында сейил етиў орны, пиядалар жоллары қурылған. Туристлер ушын 4 квадроцикл, 1 яхта, сейил етиў ушын түйе ҳәм атлар алып келинген. Туризм комплексимизде 100 ден аслам жаңа жумыс орны ашылмақта.

Қаратерең негизинде бийбаҳа тарийхқа ийе болып, түрли дәўирлерде халықты бағып келген несийбе ошағы болып есапланады. Бул жердеги көринис өтмиш ҳәм келешек кесилиспесин еслетип, келген ҳәр бир мийманды таң қалдырады.

Көл әтирапы ҳәм жақын аўыллар көп жыллардан берли қараўсыз қалып, социаллық объектлер, турақ жай, инфраструктура объектлери жарамсыз ҳалға келип қалған, жумыссызлық адамларды қыйнап атырған ең үлкен машқалалардан бирине айланған еди. Бүгин әтираптағы аўыллар абат етилип, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў жумыслары даўам еттирилмекте.

- Райондағы шетки аймақларда суўсызлық ақыбетинде көпшилик өз мәканын, туўылған жерин таслап кетиўге мәжбүр болған. Мине, соңғы жыллары үлкен абаданластырыў жумыслары орынланды, - дейди нураный ата Дарибай Исмаилов. - Бул өзгерислерди еситкен ҳәм көрген ўатанласларымыз және өз мәканына көшип келе баслады.

"Елиў жылда - ел жаңа" дегениндей, районның келбети жыл сайын өзгерип, көркемлесип бармақта. Жаңа исбилерменлик тараўлары халықтың жумыс пенен тәмийинлениўине тәсир көрсететуғыны анық. 2021-жылы "Қарақалпақстан агрокластер" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен пахта тазалаў заводы иске түсирилип, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Нөкис районлары фермерлери жетистирген өнимлерди қабыл етпекте.

Баҳасы 38 миллиард сум болған пахта заводында 325 жумыс орны жаратылған. 30 мың тонна пахта шийки заты, 9,6 тонна пахта талшығы, 15,9 тонна шигит, 0,75 тонна линт өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бүгинги күнде оған қосымша "Даўқара" аўыл пуқаралар жыйынында "Тахтакөпир голд текстиль өнимлери" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ири тоқымашылық жойбары әмелге асырылмақта.

- Районда жеңиллетилген кредит есабынан 32 миллиард сумлық шарўашылықты раўажландырыў ҳәм сүтти қайта ислеў жойбары әмелге асырылмақта. Сырт елден 120 бас нәсилли қарамал алып келинип, жойбар тийкарында баҳасы 500 миллион сумлық сүтти қайта ислеў кәрханасын иске қостық. Ҳәзирги күнде бул жерде Германия, Дания ҳәм Украинадан алып келинген 170 бастан аслам нәсилли қарамал бағылмақта. Олардан алынған сүттен қадақланған қатық, сметана, йогурт, торақ ҳәм сүзбе сыяқлы өнимлер таярлап, ишки базарға жеткерип берип атырмыз, - дейди "Каусар тегирмон" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Аллаяр Мадреймов. - Сондай-ақ, жәмийетимизге райондағы Даўқара аўылының аймағынан 100 гектар жер ажыратылып, 10 миллиард 300 миллион сумлық интенсив мийўели бағ жаратылды. Буннан тысқары, жүн ҳәм дәнди қайта ислеў жойбарлары да басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Жақында Түркия технологиясы тийкарында суткасына 45 тонна дәнди қайта ислеў қуўатлылығына ийе заманагөй ун заводы қурылды. Күнделикли турмыста зәрүр азық-аўқат өнимлери, тутыныў буйымлары сыяқлылар өзимизде ислеп шығарылып атыр. Сол арқалы базарымыз арзанласып, көплеген жумыс орынлары жаратылмақта.

Өткен жылға режелестирилген бағдарлама тийкарында "Каусар тегирмон" ҳәм "Тахтакөпир темир бетон" жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде 176 жаңа жумыс орны ашылды. Район орайында күни-түни ислейтуғын гастрономиялық көше иске қосылды.

Жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке тартыў бағдарында да кең имканиятлар жаратылмақта. Бул имканиятлардан үнемли пайдаланып атырған жаслардың қатары болса күн сайын артып бармақта.

- Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген бийпул оқыў курсында шаштәрезлик кәсибин үйренип, жеңиллетилген кредит тийкарында жумыс басладым, - дейди Тахтакөпир районы "Атакөл" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Бердияр Есбергенов. - Бурын мәҳәлле халқы ҳәттеки шаш алдырыў ушын да район орайына барыўға мәжбүр еди. Енди өзим усы аймақта хызмет көрсетип киятырман.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапары даўамында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тахтакөпир районының орайында заманагөй көринистеги жаслар орайы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Орайда “Book kafe”, “Zakovat” клубы, шахмат-шашка, шет тиллери ҳәм математика пәнлерин оқытыў жолға қойылып, жаслар ушын барлық шараятлар жаратылған.

Тахтакөпирдиң келешеги жарқын, тарийхы, тәбияты ҳәм бүгинги жетискенликлери үйлескен районды мийнеткеш халық жаңа раўажланыў басқышына алып шықпақта.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы