Мәмлекетлик басқарыў уйымларындағы көп жыллық жемисли мийнети, елимизде илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, халқымыздың мәдений, көркем ҳәм интеллектуаллық потенциалын арттырыў, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды үгит-нәсиятлаў бағдарындағы үлкен хызметлери, жоқары маман кадрлар таярлаў, жасларды қоллап-қуўатлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы ибратлы жумысы, жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырғаны ҳәм туўылған күниниң 90 жыллығы мүнәсибети менен "Меҳир ҳәм мүриўбет" жәмийетлик фондының баслығы Тўраев Азиз Оппоқович "Меҳнат шуҳрати" ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев.