Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳәм Әзербайжан қатнасықлары мазмуны жағынан да, көлеми жағынан да сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Тарийхый-мәдений жақынлық, түркий қәдириятлардың уқсаслығы, халықлар арасындағы шын жүректен қатнасықлар сиясий исеним ҳәм әмелий бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратпақта.

Өзбекстан - Әзербайжан қатнасықлары 2017-жылдан кейин жедел раўажланып, избе-из беккемленип, стратегиялық шерикликтен аўқамласлық қатнасықларына өтип бармақта. Бүгин еки мәмлекеттиң бирге ислесиўи тек ғана еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў емес, ал Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасындағы регионлараралық өз-ара байланыслылықты беккемлеў көзқарасынан да үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында дипломатиялық қатнасықлар 1995-жыл 2-октябрьде орнатылған. 1996-жылы Бакуде еки тәреплеме қатнасықлардың ҳуқықый тийкарын жаратқан Дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды. Кейинги жылларда бул шәртнамалық-ҳуқықый база избе-из кеңейип, стратегиялық шерикликти беккемлеўге қаратылған жаңа келисимлер менен толықтырылды.

Қатнасықларды бүгинги жоқары дәрежеге алып шығыўда еки мәмлекет басшылары арасындағы исенимли ҳәм турақлы сөйлесиў шешиўши әҳмийетке ийе болды. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилериниң стратегиялық әҳмийетке ийе ушырасыўлары еки мәмлекеттиң сиясий өз-ара түсинисиў ҳәм позицияларының муўапықласыўын беккемлеўге хызмет етпекте.

2022-жыл июнь айында Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўына жаңа пәт бағышлады. Сапар етиў жуўмағында Стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққындағы декларация қабыл етилди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2023-жыл август айында Әзербайжанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме байланысларды институционаллық жақтан беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды. Сапар шеңберинде Жоқары мәмлекетлераралық кеңести шөлкемлестириўге келисип алынды. Бул механизм мәмлекет басшылары дәрежесиндеги стратегиялық сөйлесиўге қосымша пәт бағышлады.

Бир неше жыл бурын Президент Шавкат Мирзиёев Қарабағ аймағының Әзербайжанға қайтарылыўы ҳаққында сөз етип, буны тарийхый әдилликтиң тиклениўи, деп атап өткен еди ҳәм Өзбекстан бул жерде жайласқан әййемги естеликлер, мәдений-ағартыўшылық объектлерди тиклеўге жәрдем бериўге таяр екенин атап өткен еди.

2023-жылы Әзербайжанның Физулий қаласында Өзбекстан Президентиниң басламасы менен қурылған, 960 оқыўшыға мөлшерленген Мырза Улығбек атындағы улыўма билим бериў мектебиниң ашылыўы бул ийгиликли нийетлердиң әмелий көриниси болды. Мәмлекетлик сапар шеңберинде еки мәмлекет жетекшилериниң қатнасыўында салтанатлы ашылыў мәресими болды.

Бүгин жаңа билимлендириў мәкемеси тек ғана заманагөй билимлендириў майданы емес, ал Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықларын және де жақынластырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли руўхый-ағартыўшылық орайға айланды. Сондай-ақ, мектеп әзербайжанлы жасларды Өзбекстанның бай тарийхы ҳәм мәденияты, уллы ата-бабаларымыздың илимий-ағартыўшылық мийрасы менен таныстырыўға қаратылған.

2025-жыл 16-ноябрь күни Ташкентте болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында Әзербайжан бул форматқа толық ҳуқықлы қатнасыўшы сыпатында қосылды. Бул қарар Әзербайжанның бул форматтағы қатнасыўын избе-из қоллап-қуўатлап киятырған Өзбекстан жетекшисиниң басшылығында қабыл етилди. Саммитте Президент Шавкат Мирзиёев Әзербайжанның қосылыўы Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында беккем көпир қурыў, бирден-бир бирге ислесиў мәканын қәлиплестириў ушын жаңа имканиятлар ашатуғынын атап өтти.

Өзбекстан - Әзербайжан қатнасықларының әҳмийетли бағдарларынан бири экономикалық бирге ислесиў болып есапланады. Кейинги жылларда өз-ара саўда көлеми бир неше есеге артып, еки мәмлекеттиң экономикалық потенциалын және де жақыннан байланыстырыў ушын жаңа имканиятлар ашылды.

2017-жылы товар алмасыў көлеми 32 миллион долларды қураған болса, 2025-жылы 300 миллион доллардан асты. Тәреплер жақын жылларда өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлемин 1 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткен.

Экономикалық бирге ислесиўдиң мазмуны да сезилерли дәрежеде өзгермекте. Бурын тийкарғы итибар саўда операцияларына қаратылған болса, бүгинги күнде инвестициялық бирге ислесиў, санаат кооперациясы ҳәм қоспа өндирис жойбарларын әмелге асырыў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. 2023-жылы устав капиталы 500 миллион доллар болған биргеликтеги инвестициялық фондты шөлкемлестириў бойынша ерисилген келисим ири жойбарларды қаржыландырыўда әҳмийетли механизм болды.

Бүгинги күнде Өзбекстанда Әзербайжан капиталының қатнасыўында 470 тен аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Олар санаат, энергетика, қурылыс, азық-аўқат ҳәм жеңил санаат, қаржы ҳәм хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларда жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, Өзбекстан компанияларының Әзербайжан базарындағы жумысы да кеңеймекте.

Машина қурылысы, энергетика, химия санааты, таў-кән санааты, тоқымашылық, аўыл хожалығы, қала қурылысы ҳәм қурылыс сыяқлы тараўларда әмелге асырылып атырған жойбарлар еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиўди барған сайын анық әмелий мазмун менен байытпақта. Бизнес-форумлар шеңберинде қәлиплесип атырған ири жойбарлар портфели бул процессте жеке меншик сектордың орны артып атырғанынан дәрек береди.

Энергетика тараўындағы бирге ислесиў де перспективалы бағдарлардан бирине айланбақта. 2025-жыл июль айында Әзербайжанның “SOCAR” мәмлекетлик нефть компаниясы ҳәм "Өзбекнефтгаз" АЖ арасында Үстирт нефть-газ регионының инвестициялық блокларында геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм кейин ала углеводородларды қазып алыўды нәзерде тутатуғын өнимди бөлистириў ҳаққындағы келисимге қол қойылған еди. Бул келисим энергетика шериклигин жаңа басқышқа алып шығып, углеводород ресурсларын излеў ҳәм өзлестириў тараўында узақ мүддетли бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратты.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжанның географиялық жайласыўы транспорт тараўындағы бирге ислесиўге айрықша стратегиялық әҳмийет береди. Еки мәмлекеттиң мәплери кесилисетуғын тийкарғы бағдарлардан бири Орайлық Азияны Каспий теңизи арқалы Қубла Кавказ ҳәм Европа базарлары менен байланыстыратуғын Транскаспий халықаралық транспорт жолы - Орта коридор болып есапланады.

2022-жылы Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Түркия арасында сыртқы ислер, экономика ҳәм транспорт министрлери дәрежесинде үш тәреплеме сөйлесиў форматының жолға қойылғаны да бул мақсетке хызмет етти. Кейин ала бул формат транспорт ҳәм логистика бирге ислесиўин, сондай-ақ, регионаллық экономикалық өз-ара байланыслылықты беккемлеў қуралларынан бирине айланды.

Өзбекстан ушын Әзербайжан арқалы Каспий теңизи ҳәм Европа базарларына шығыў экспорт географиясын кеңейтиў, жеткерип бериў бағдарларын диверсификациялаў ҳәм сыртқы саўданың турақлылығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Әзербайжан ушын болса Орайлық Азияның ири базарлары ҳәм өндирислик потенциалы менен жақынласыў жаңа экономикалық имканиятларды ашады.

Электрон рухсатнамалардың енгизилиўи, жүк тасыў көлеминиң артыўы ҳәм авиақатнаўлардың кеңейиўи транспорт тараўындағы бирге ислесиў сиясий келисимлер менен шекленип қалмай, барған сайын анық экономикалық мазмунға ийе болып атырғанынан дәрек береди.

Еки тәреплеме қатнасықлардың және бир әҳмийетли өзгешелиги бирге ислесиўди регионаллық дәрежеде кеңейтиў, бизнес, билимлендириў мәкемелери ҳәм жәмийетшиликти жедел тартыў болып есапланады.

Ташкент, Губа ҳәм Баку қалаларында болып өткен Өзбекстан - Әзербайжан аймақлараралық форумларында бир қатар келисимлерге қол қойылды. Самарқанд ҳәм Ганжа, Хийўа ҳәм Шуша, Бухара ҳәм Ленкоран, Қоқанд ҳәм Шеки сыяқлы қалалар арасындағы шериклик байланыслары тек ғана саўда ҳәм инвестицияны раўажландырыў емес, ал туризм, мәдений бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын да жаңа имканиятлар жаратпақта.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар еки халықты бирлестиретуғын ең беккем факторлардан бири болып есапланады. Уллы ойшыллар Әлийшер Наўайы ҳәм Низамий Ганжаўий мийрасы, улыўма түркий мәдений мәканға тийислилик, музыка, әдебият ҳәм көркем өнер сыяқлы тараўлардағы жақынлық халықларымыздың руўхый жақынлығын және де беккемлеўге хызмет етпекте.

Ташкенттеги Низамий Ганжавий ҳәм Гайдар Алиев комплекслери, Бакудеги Әлийшер Наўайы естелиги сыяқлы символикалық басламалар халықларымыз арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм дослықтың айқын көриниси болып есапланады. Мәденият күнлери, кинофестивальлар, театрлардың гастрольлары, илимий конференциялар, ҳәр қыйлы көркем илажлардың турақлы өткерилип атырғаны бул руўхый туўысқанлыққа анық әмелий мазмун бағышламақта.

Билимлендириў тараўында ректорлар форумларының өткерилиўи, жоқары билимлендириў мәкемелери арасында жаңа келисимлердиң қол қойылыўы улыўма билимлендириў ҳәм илим мәканының қәлиплескенин көрсетеди. Жаслар алмасыўлары, туризм ҳәм гуманитарлық байланысларды кеңейтиў узақ мүддетли келешекте аўқамласлық қатнасықларының социаллық тийкарын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы аўқамласлық қатнасықлары тек ғана еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў процеси емес. Олар Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказды жақынластырыўдың әҳмийетли факторына айланбақта.

Еки мәмлекет Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да көп тәреплеме платформалар шеңберинде жедел бирге ислесип, бир қатар регионаллық ҳәм глобаллық мәселелер бойынша өз позицияларын муўапықластырмақта.

Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан қатнасықлары беккем институционаллық тийкары, бай экономикалық мазмуны ҳәм пуқаралық жәмийети дәрежесиндеги бирге ислесиўдиң кеңейиўи менен ажыралып туратуғын аўқамласлықтың толық моделине айланбақта. Бул басқыштағы тийкарғы ўазыйпа ерисилген сиясий келисимлерди анық экономикалық, технологиялық ҳәм гуманитарлық нәтийжелерге айландырыўдан ибарат.

Усы мүнәсибет пенен өз-ара саўда көлемин 1 миллиард долларға жеткериў, биргеликтеги инвестициялық механизмлерден нәтийжели пайдаланыў, санаат кооперациясын кеңейтиў, Орта коридор потенциалын толық жүзеге шығарыў, "жасыл" энергетика жойбарларын алға қойыў, санлы технологиялар ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалар болып қалады. Аймақлараралық байланысларды, билимлендириў, илим, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў еки мәмлекет халықлары ушын аўқамласлықтың әмелий нәтийжесин арттырыў имканиятын береди.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы заманагөй қатнасықлар қысқа ўақыт ишинде жедел эволюциядан өтип, дипломатиялық байланысларды орнатыўдан дослық ҳәм стратегиялық шерикликке, кейин болса институтционал беккемленген аўқамласлық қатнасықларына айланғанын атап өтиў мүмкин. Бул процесстиң тийкарында сиясий исеним, өз-ара мәпдарлық, тарийхый-мәдений жақынлық ҳәм келешектеги раўажланыў перспективаларын улыўма көриў жатады.

 

«Дунё» МА.